Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 06:24:07, 25.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

1-ОКТЯБРЬ — «МУҒАЛЛИМЛЕР ҲӘМ УСТАЗЛАР КҮНИ» УЛЫЎМАХАЛЫҚЛЫҚ БАЙРАМЫ МҮНӘСИБЕТИ МЕНЕН ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ЖОҚАРҒЫ КЕҢЕСИ ҲӘМ МИНИСТРЛЕР КЕҢЕСИНИҢ ҚУТЛЫҚЛАЎЫ

Қәдирли муғаллимлер ҳәм устазлар!

Тараў пидайылары ҳәм ҳүрметли нураныйлар!

 Ең дәслеп, өз өмирин елимизде өсип киятырған жас әўлад тәрбиясы ҳәм оның камалына бағышлаған ҳәм бул жолда аянбай мийнет етип атырған Сизлерди «1-октябрь — Муғаллимлер ҳәм устазлар күни» улыўмахалықлық байрамы менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Минис­трлер Кеңеси атынан қызғын қутлықлаймыз!

Халқымыз устаз дегенде ең дәслеп терең билимге ийе, жоқары инсаныйлық пазыйлетлерин өзинде жәмлеген саўаплы кәсип ийелерин түсинеди. Сонлықтан да, әзелден перзент тәрбиясына айрықша жуўапкершилик пенен қарап, муғаллим деген уллы кәсип ийелерине өзгеше ҳүрмет ҳәм итибар көрсетип, олардың мийнетин жоқары баҳалап келген. Себеби, ҳәр биримиз ушын теңсиз байлық саналған ул-қызларымызға билим ҳәм тәрбия, келешекке анық бағдар бериў жолындағы уллы ҳәм қайырлы исте сизлердиң мийнетлериңиз салмақлы екенин терең аңлаймыз.

Ҳүрметли Президентимиздиң байрам мүнәсибети менен елимиз оқытыўшылары ҳәм зыялыларына жоллаған мүрәжатында «Биз ҳәр биримиз өмирде қандай табыс ҳәм нәтийжелерге ерискен болсақ, бул табысларда сизлердиң үлкен үлесиңиз бар екенлигин бәрқулла миннетдаршылық пенен атап өтемиз»,  деген пикирлери Сизлердиң мийнетлериңизге берилген жоқары баҳа болып табылады.

Ҳақыйқатында да инсан тәр­биясында, оның камалға келиўинде устаздың орны ҳәм хызметлери уллы. Быйылғы дүнья жүзинде кең тарқалған коронавирус пандемиясы дәўиринде де оқытыўшыларымыз заманагөй технологиялардан пайдаланған ҳалда жас әўладқа билим бериўди тоқтатпай, өз кәсибине садықлық ҳәм жуўапкершилик пенен қарап, өз жумысларын нәтийжели даўам еттирмекте.

Сонлықтан да, елимиздиң тәғдири ҳәм келешеги ушын жуўапкершиликти өз мойнына алатуғын жаңа әўладты тәрбиялаўда, реформаларды нәтийжели әмелге асырыўда, әлбетте, Сиз, муғаллим ҳәм устазлардың, тараў пидайыларының билим ҳәм маманлығыңызға сүйенемиз ҳәм бул бағдарда алып барып атырған жумысларыңызды жоқары баҳалаймыз.

Ҳүрметли муғаллимлер ҳәм устазлар!

Өзлериңизге белгили, ҳәзирги ўақытта билимлендириў тараўының материаллық-техникалық базасын және де беккемлеў, педагог кадрларды таярлаў ҳәм қайта таярлаўдың ең алдынғы усылларынан кеңнен пайдаланыў, тараўға заманагөй технологияларды енгизиў, муғаллим ҳәм устазлардың мийнетин ҳәр тәреплеме хошаметлеў менен байланыслы ўазыйпалар жаңа басқышларға көтерилмекте.

Әсиресе, елимизде ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында бүгинги күнде билимлендириў системасын жаңаша раўажландырыў, муғаллимлердиң жәмийеттеги абырайын арттырыў, оларды руўхый ҳәм материаллық қоллап-қуўатлаў бойынша алып барылып атырған ийгиликли ислер, булардың барлығы халқымыздың ал­ғысына, үлкен жаңаланыўларға тийкар болмақта.

Елимиз тәғдирин терең сезинетуғын, оның буннан былай да гүллеп-раўажланыўына үлес қосатуғын жаңа әўладты тәрбиялаў сыяқлы ийгиликли истиң басында турғаныңызды айрықша мақтаныш етемиз ҳәм елимизде тынышлық ҳәм татыўлықты, өз-ара ҳүрмет-иззетти, мийрим-шәпәәтти қәстерлеп-сақлаўда сизлердиң билим ҳәм тәжирийбеңизге сүйенемиз.

Сизлерди және бир мәрте кәсиплик байрамыңыз бенен қызғын қутлықлап, бәршеңизге беккем денсаўлық, шаңарақларыңызға аманлық, халқымыз турмысы ҳәм елимиз келешеги менен байланыслы барлық ийгиликли ислериңизде тасқын табыслар тилеймиз!

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF