Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 06:29:16, 25.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ИТИБАРЛЫ БОЛАЙЫҚ

Соңғы пайытлары суд тәрепинен шығарылған ажырым ҳәм қарарларға нәзер салар екенбиз, төменде баян етилетуғын тақылеттеги ҳуқықбузарлықларға жол қойғанлардың дерлик барлығы жумыссыз жаслар екенлигин байқаймыз.

Дәрамат табыў мақсетинде Қазақстан, Россия сыяқлы мәмлекетлерге мийнет мигранты сыпатында жумыс ислеўге барып, айырымлары биле тура, ал, көпшилиги билип-билмей, итибарсызлық ақыбетинде нызамсыз ҳәрекетке жол қояды. Мине, усындай билип-билмей ҳуқықбузарлыққа жол қойғанлардың бири, 1987-жылы Беруний районында туўылған, ўақтынша жумыссыз, «Саркоп» аўыл пуқаралар жыйынында жасаўшы Қадиров Орифқа да суд уйымы тәрепинен жәрийма жазасы тайынланды.

Жәрийма себебине анықлық киргизер болсақ, Беруний районы Ишки ислер бөлими хызметкерлери тәрепинен тексериў илажы даўамында О.Қадировтың уялы байланыс қуралы көзден кеширилгенде, телефонның ядында ҳәр қыйлы диний мазмундағы видео файллар барлығы анықланып, қалыс гүўалардың қатнасында баянлама дүзилип, айғақлы зат ретинде алынады.

Ориф Қадировтың суд мәжилисинде берген көрсетпесине қарағанда, жумыссызлығы себепли дәрамат табыў мақсетинде еки-үш жылдан берли Россия Федерациясына баратуғынлығы, ақырғы мәртебе 2018-жыл 4-сентябрь күни иниси менен бирге Москва қаласына жумыс ислеўге барғанлығы, жумыстан бос ўақытлары «Однаклассники.ру» социаллық сайттағы өзиниң атына ашылған профили арқалы жаңалықларды тамаша етип, ондағы диний мазмундағы видео­ларға класс басқанлығы, булардың қадаған етилген екенлигин билмегенлигин айтып, айыбын толық тән алады.

Айыбың көрсетпе ҳәм дәлиллер менен тастыйықланып турса тән алмасқа илажың жоқ. Ал, сол ҳуқықбузарлық ҳәрекетлерге жол қоймаўдың мыңсан еки илажы барлығын неге түсин­беймиз? Жүдә итибарлы, сергек болайық, әзизлер!

Б.ҚУРБАНОВ.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF