ШЕТКИ АЎЫЛДАҒЫ ЖОЛЛАР ЖАҚСЫЛАНБАҚТА
Қарақалпақстан Республикасы автомобиль жоллары аймақлық бас басқармасы Шоманай районлық жоллардан пайдаланыў унитар кәрханасы тәрепинен халқымыздың мүрәжатларын өз ўақтында қанаатландырыў мақсетинде бир қатар унамлы жумыслар исленди.
— Жақында райондағы «Моншақлы» МПЖ аймағындағы 1,2 км. лик ишки хожалық жолына ЩПС төселди,-дейди Шоманай районлық жоллардан пайдаланыў унитар кәрханасы жол бөлиминиң баслығы А.Оңғарбаев. — Бул жергиликли турғынлар ушын бир қанша қолайлылықлар жаратпақта. Унитар кәрхана қурамындағы жергиликли 4к17 «4р177 автожолы (50 км) — «Мамый» АПЖ — «Айбүйир» МПЖ орайы — «Ақжап» АПЖ Еңбекши бөлими — 4к5 автожолына (2,82 км)» жолдың ойылып ҳәм бузылып қалған жерлери, төмен дәрежедеги 600 м. бөлиминде күнделикли оңлаў жумыслары алып барылды.
Бул бағдардағы жумыслар даўам етпекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.