Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 06:54:06, 25.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ҚОЛДА  БАРДЫҢ  ҚӘДИРИН  БИЛЕЙИК

«Мәжбүрий жазылыў»ға қарсымыз, деп  жазылыўдан пүткиллей ўаз кешип қойдық.

«Мине, интернет бар, социаллық тармақлар белсенди, енди газета-журналлар өледи» деген пикирлер болса бир пайытлардағы «Телевидение ойлап табылды, енди театрдың кереги жоқ» деген гәплерге уқсайды. Керисинше, бизге, жәмийетимизге баспасөз керек ҳәм оның раўажланыўы ушын, және қәддин тиклеўи ушын ҳүкиметлик шеңберде зәрүр илажларды көриўимиз керек».

(Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы жанындағы Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлигиниң Бас директоры Асаджон ХАДЖАЕВтиң 2020-жыл 11-сентябрьде бир топар баспасөз ўәкиллери менен болған ушырасыўдағы сөзинен).

 Ғәрезсиз елимизде жүргизилип атырған экономикалық реформаға тийкар мәмлекетимиздиң халық хожалығының барлық тараўларында бурын көрилмеген өзгерис ҳәм жаңаланыўлар жүзеге келип, ири санаат кәрханалары, мәдений турмыс объектлери қурылып иске түсирилди. Аўыллар менен қалалардың шырайына шырай қосылып, гөззал түске енбекте. Дүнья жәмийетшилиги қысқа тарийхый дәўир ишинде Өзбекстан мәмлекетиниң түрли тараўларда ерисип атырған табысларын мойынлады.

Усы сиясий ҳәм экономика тараўындағы қолға алынған ири дөретиўшилик жумыслардың барысы ҳәм әҳмийетин халыққа тез ҳәм тәсирли етип жеткериўде, исбилерменлер менен фермерлердиң жоқары ис нәтийжелери ҳәм тәжирийбелерин үгит-нәсиятлаўда республикамыз баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары жәмәәтлериниң пидайы хызметлерин жақсы билемиз.

Бирақ, ҳәр дәўирде жәмийеттиң өз талабы болғанындай, соңғы жыллар баспасөз ҳәм ғалаба хабар қуралларының қатарына электрон хабар қураллары, интернет журналистикасы, бийғәрез баспасөз қураллары кирип келип, турмысымыздан беккем орын ийеледи. Профессионал журналист қәнигелер өсип жетилисип, турмысқа жаңаша көзқарас, еркин пикирлеў, бәсекилик орталығы пайда болды.

Бул жағдай республикамыздағы орайлық басылымлар есапланған «Еркин Қарақалпақстан», «Вести Каракалпакстана», «Қарақалпақстан жаслары», «Қарақалпақстан таңы», «Жеткиншек», районлық, қалалық газеталар ҳәм бирден-бир әдебий-көркем «Әмиўдәрья» журналы және бас­қалардың жумысларында бир қатар машқалалар пайда етти. Буның баслы себеплери полиграфиялық техника және үскенелеримиздиң гөнериўи, газета шығарыўға зәрүрли қәрежетлердиң қымбатлаўы болса, екиншиден, соңғы 20-25 жыл даўамында пуқараларымыздың газета, китап, журналларды оқыўдан шығысып кетиўи ҳәм де заманагөй байланыс қураллары (әсиресе интернет) турмысқа кең араласып, баспасөздиң орнын ийеледи. Сондай-ақ, пуқараларымыз балаларды китап, газета-журналларды оқыўға әдетлендириў тәрбияның ажыралмас бир бөлеги екенин биле тура үйлерине газета-журналларға жазылыўға жетерли дыққат қаратпады. «Қус уяда не көрсе, ушқанда соны ислейди» дегениндей, өсип киятырған жас әўлад үлкенлерге еликлеп, адамзат ақыл-закаўатының дүрданалары есапланатуғын китап, газета-журналларды оқыўдан узақласты. Усындай кемшиликлердиң жыйынтығы бүгинги күнде газета-журналларға жазылыўды машқалаға айландырды. Оның үстине газета-журналларды ўақтында ийесине жеткериўде жаңа байланыс тармақлары ақсамақта.

Жақында «Еркин Қарақалпақстан» газетасында Өзбекстан Республикасына хызмет көрсеткен журналист Кеңесбай Реймовтың «Тамырға балта урылмайды, ямаса баспасөз тараўындағы машқалалр ҳаққында сөз» деген темадағы мақаласы ҳәм де усы мақалаға байланыслы белгили журналистлер Е.Байназаров, Б.Караматдинова, Д.Бекбаўлиевлердиң жазған пикир-усыныслары менен таныстым. Газеталардың билимлендириў, қарақалпақ тилин таза сақлаў ҳәм байытыў, илим тараўын раўажландырыў, әдебият пенен мәдениятты, көркем өнерди жаңа сапаға ҳәм жоқары басқышқа көтериў, жас әўладты ана-Ўатанға, миллий қәдириятларымызға садықлық руўхында тәрбиялаўдағы қосқан үлесин мақтаныш етсек арзыйды.  «Еркин Қарақалпақстан» сәл-кем 100 жылдан бери аға газетамыз, мәмлекетлик сиясатты жүргизиўде ҳәм нәсиятлаўда ҳүкиметтиң бас қуралы, исенимли таянышы, көрер көзи, еситер қулағы, жәмийетшиликтиң пикир ҳәм де усынысларын билдириўши трибунасы болып келди. Солай екен, республикамыздың орайлық басылымларының келешегине бийпәрўа қараўға ҳақылы емеспиз. Оған ҳәмме жәмлесип, қоллап-қуўатлап жәрдем етиў ­ ҳәр биримиз ушын парыз ҳәм қарыз. Мен кәсиплеслеримниң негизги басылымларды мәмлекет өз қәўендерлигине алыўы керек, деген пикирине қосыламан. Ал, республика пуқаралары бул ийгиликли исте жетекшиликти өз қолына алыўы зәрүр. Биз елеге шекем қолда бардың қәдирине жетиўди толық үйренбедик. Сол ушын да көплеген қус өсириў ҳәм шарўашылық комплекс­лерди, пахта тазалаў заводларын, турақ жай қурыў комбинатларын, қурылыс-монтаж шөлкемлерин еле келешекте керек болады деп консервация етиў орнына сапластырып, имаратларын да сақлап қала алмадық. Енди, мине нәўбет баспасөз мәкемелерине жақынлады ма, деген болжамлар пайда болмақта.

Бүгин республикалық газета ҳәм журналларға жазылыў туўралы сөз баслағаннан кейин оған қатнасы бар және бир мәселе ­ бирден-бир әдебий-көркем басылым «Әмиўдәрья» журналының жағдайы туўралы да қысқаша тоқтаўды мақул көрдик.

Халқымызда «Әдебият ­ халық турмысының айнасы», «Миллет жасаса әдебият жасайды», «Көркем өнер халықтики» деген терең мәнили сөзлер бар. Ондағы айтылажақ ой-пикирлердиң шығысы, түп мәниси ҳәм мақсетин ҳәр бир инсан жақсы биледи. Республикамызда қарақалпақ фольклорының 100 томлығының баспадан шығарылыўы буны айқын тас­тыйықлайды.

«Әмиўдәрья» журналы мине II жылдан берли қарақалпақ тили ҳәм әдебиятын, көркем өнерин байытыў  және раўажландырыўда ғәзийне мектеп сыпатында хызмет етпекте. Республикамызда жасайтуғын бирнеше жүз мыңлаған инсанлар әдебий шығармаларды оқыўды ең дәслеп усы «Әмиўдәрья» журналынан баслады, дүнья таныды, интеллектуаллық жақтан жетилискен саўатлы қәнигелер болып жетисти десек асыра айтқан болмаймыз. Олар экономикамыз бенен мәдениятын, халық хожалығының басқа да жетекши тараўларында мийнет етип келмекте. Журналда өзбек, қарақалпақ ҳәм басқа да туўыс­қан халықлардың ең жақсы дөретпелери менен бир қатарда сырт еллердиң атақлы жазыўшы-шайырларының классикалық шығармаларының аўдармаларына да жийи-жийи берилип атырғанын айтыў орынлы.

Сондай-ақ, журнал жәмәәти материалларда миллий тилимизди таза сақлаў, сөйлеў мәдениятын жетилистириў мәселелерине де избе-излик пенен итибар қаратпақта. Себеби, ана тилимиз — миллетимиздиң көрки, келешеги. Миллий тилимизге итибарсыз қараў, бул миллетимиздиң келешегине итибарсызлық болып табылады. Өйткени, кексе тарийх талай мәрте тил жоғалса миллет жоғалатуғынын көзи менен көрип гүўасы болған. Сонлықтан заманласларымыз өзлериниң ул-қызларын мәдениятлы, әдеп-икрамлы, ийбели етип тәрбиялаўға күш салып, олардың ана тилимизде емин-еркин мәнили ҳәм шырайлы сөйлеўди үйрениўине ерисиўин тилер едик. «Айтыў аңсат, орынлаў қыйын» дегениндей, биз сөз еткен үлкен-киши ўазыйпаларды әмелде қолланыў көп ўақытты, мийнетти ҳәм сабыр-тақатты талап етеди.

«Әмиўдәрья» журналына жазылып, оқыўшылардың қатарын көбейтиў жеңил-желпи мәселе емес. Ата-аналар өз перзентлерин әдебий шығармаларды оқыўға қызықтырыўға умтылыўы ҳәм өзлери де китап, газета-журнал оқыўға ўақыт ажыратыўды есте тутқанлары жөн. Усының менен бирге, ата-ана ҳәм де оқытыўшы-устазлар балаларға жазыўшы көркем шығарманы бир отырыста жазып таслай алмайтуғынын, шығарма оның турмыстан алған тәсирлери ҳәм жеке бақлаўларының жыйындысынан, ишки кеширмелериниң, жәмийетлик қубылысларға деген пикир ҳәм де усынысларының жыйындысының баяны екенин түсиндириўи зәрүр болады. Оқырманлар автордың ўақыялардың желисин сөз етиў менен образлар арқалы жақсы менен жаманды анық айыра билиўге шақырып турғанын жете түсинип жетсе ғана газета-журналларды, әдебий шығармаларды оқыўға ықласбентлер көбейеди. Бул өз нәўбетинде ул-қызларымыздың ақыл-парасатлы, әдеп-икрамлы азаматлар болып жетилисиўине жақсы тәсир жасайды.

Ҳәзир республикамыздың барлық аймақларында келеси 2021-жыл ушын газета-журналларға жазылыў мапазы басланды. «Көпирде арбаны ийеси гүпшеклейди» дегениндей, мапазды табыслы жуўмақлаў көп жағынан редакция және қәўендер шөлкем ҳәм мәкеме жәмәәтлериниң белсендилик көрсетиўине байланыслы. Солай да болса, улыўма мәптиң талабына сай ҳәкимиятлар, мәкеме, кәрхана ҳәм шөлкемлердиң, оқыў орынларының басшы хызметкерлери жәрдем қолларын созыўы тийис, деп есаплаймыз. Мийнет жәмәәтлери, ислери жөнлесип бир бапта жумыс ислеп турған жеке меншик кәрханалардың ийелери де өзлери ушын республикалық газета ҳәм журналларға жазылыўға қәрежет ажыратыўды тәмийинлесе нур үстине нур болар еди. Себеби, Президентимиз бенен ҳүкиметимиздиң қабыл еткен пәрман ҳәм қарарлары, нызам ҳүжжетлери усы орайлық газеталарымызда жарық көреди. Республикамыздың жәми­йетлик турмысындағы ўақыялар ҳәр тәреплеме сәўлелендириледи. Оларға итибарсыз қарап өзин бир шетке алыўды мақуллаўға болмайды.

Сөзимниң жуўмағында барлық кәсиплеслерим, китап, газета-журналлардың ықласбентлери, келешегимиз бол­ған нәўқыран жаслар аман болсын, Өзбекстанымыздың бахтына, халқымыздың парахат, абадан турмысына көз тиймесин, деймен.

 

Есенбай ЕРМАНОВ,

Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген журналист, нураный.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF