ТИЙКАРҒЫ МАҚСЕТ БЮРОКРАТЛЫҚТЫҢ АЛДЫН АЛЫЎ
Бүгинги күнде Мәмлекетлик хызметлер орайлары тәрепинен көрсетилип атырған хызметлер пуқаралардың узағын жақын, аўырын жеңил етпекте.
Әсиресе, олардың артықша ўақыт ҳәм қәрежет жумсаўына шек қойылмақта. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2020-жыл 17-февраль күнги «Аффинаж хызметин лицензиялаўды тәртипке салыў илажлары ҳаққында»ғы қарары қабыл етилген еди.
Қарарға муўапық, 2020-жыл 15-март сәнесинен баслап аффинаж хызмети Қаржы министрлиги жанындағы Мәмлекетлик түп-тийкарлық дәрежесин белгилеў палатасы беретуғын лицензия тийкарында юридикалық шахслар (шаңарақ кәрханасынан тысқары) тәрепинен әмелге асырылады.
Аффинаж хызметин әмелге асырыў ҳуқықын бериўши лицензия тек Мәмлекетлик хызметлер орайлары (МХО) ямаса Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы (БИМХП) тәрепинен бериледи. Буннан тысқары, аффинаж хызметин әмелге асырыў ҳуқықы ушын лицензия 10 жыл мүддетке соңынан узайтыў имканияты менен бериледи.
Аффинаж хызметин әмелге асырыў хуқықын бериўши лицензия тек хызмети лицензияда көрсетилген орында әмелге асырылғанда ғана ҳақыйқый деп есапланады.
Тағы бир жағдай, аффинаж хызметин әмелге асырыў ушын мүлк хуқықы яки басқа да дәлилли ҳуқық тийкарында тийисли болған жасаўға мөлшерленбеген объект ҳәм имаратларда (турақ жайлардан ҳәм социаллық-мәдений объектлерден кеминде 150 метрден узақлықта жайласқан), өндирис майданлары ҳәм нызам қағыйдаларына, талапларына туўра келетуғын шараятлары болыўы, арнаўлы үскене ҳәм басқа да техникалық әсбаплары болыўы шәртлиги лицензия талапларына киреди.
Аффинаж хызметине лицензия алыў ушын талапкер МХОларға өзи барып яки БИМХП арқалы белгиленген формадағы лицензия бериў ҳаққындағы арзаны усынады.
Лицензиялаўшы уйым усыныў усылына қарамастан арза қабыл етилген сәнеден аспайтуғын төмендеги мүддетлерде лицензия бериў яки бериўди бийкар етиў ҳаққында қарар қабыл етеди:
лицензия бериў ушын — 5 жумыс күни;
лицензияның әмел етиў мүддетин узайтыў, оны қайта рәсмийлестириў ушын — 2 жумыс күни;
хызметти өз ықтыяры менен тоқтатыў ушын — 8 жумыс сааты.
Арзаны көрип шығыў ушын базалық есаплаў муғдарының 5 есеси (1 115 000 сум) муғдарында жыйым ҳәм сонша муғдарда мәмлекетлик бажы өндириледи (арза БИМХП арқалы жиберилгенде жыйым ҳәм мәмлекетлик бажы белгиленген сумманың 90 проценти (1 003 500 сум) муғдарында өндириледи). Ал, лицензияны қайта рәсмийлестириўде базалық есаплаў муғдарының 2 есеси муғдарында жыйым өндириледи. Бирақ, лицензияның әмел етиў мүддетин узайтыў ушын арза лицензияның әмел етиў мүддети жуўмақланыўынан бурын, яғный, 10 күн алдын берилиўи шәрт.
И.ЖЕҢИСБАЕВ,
Қараөзек районы мәмлекетлик хызметлер орайының бас қәнигеси.