Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 06:53:02, 25.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЭКСПОРТ — ЭКОНОМИКАМЫЗДЫ РАЎАЖЛАНДЫРЫЎДЫҢ ТИЙКАРҒЫ ФАКТОРЫ

Өзбекстан Республикасының Президенти Шавкат Мирзиёев усы жыл 21-сентябрь күни өсимликлер карантини тараўындағы реформалардың нәтийжелилигине бағышланып өткерилген мәжилисте өсимликлерди қорғаў тараўында әмелге асырылып атыр­ған реформалар, соның ишинде, экспортқа көмеклесиў, сырт еллер менен келисимлер дүзиў, өсимликлер клиникасы ҳәм биолабораториялар шөлкемлестириў бағдарындағы кең көлемли жумыслар менен бир қатарда алда турған әҳмийетли ўазыйпа­ларға тоқтап өткен еди.

Ҳақыйқатында да, елимизде сапалы аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў ҳәм оларды экспортқа шығарыў бүгинги күнниң ўазыйпаларының бири болып табылады. Бунда өнимлерди жәҳән базары талапларына  бейимлестириў, оның фитосанитария тазалығын тәмийинлеў айрықша әҳмийетке ийе. Бул бағдарда Өсимликлер карантини тараўы хызметкерлерине айрықша ўазыйпалар жүкленген.

— Қала ҳәм районлар, шегара аймақларында, сондай-ақ, сыртқы экономикалық байланыслар бажыхана постларына бекитилген қәнигелеримиз тәрепинен зыянлы организмлердиң кирип келиўи ҳәм оның тар­қалыўының алдын алыў илажлары нәтийжели алып барылмақта,-дейди Қарақалпақстан Республикасы Өсимликлер карантини аймақлық инспекциясының баслығы Мардон Джуманиязов. — Өзбекстан Республикасы Президентиниң  2018-жыл 28-марттағы «Өсимликлердиң карантини бо­йынша мәмлекетлик хызмет жумысының нәтийжелилигин арттырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарары тийкарында қала ҳәм районларда 15 «Өсимликлер клиникасы» шөлкемлестирилди. Ҳәзирги ўақытта бул клиникалар фермерлер, дийқанлар ҳәм қыйтақ жер ийелерине өсимликлердиң зыянкеслери, кеселликлер ҳәм жабайы шөплерге қарсы гүресиў бо­йынша өзлериниң жәрдемин берип келмекте. Келешекте бул клиникалардың санын еки есеге шекем көбейтиў илажлары көрилмекте.

Экспортшылар менен импортшыларға шараят жаратыў, экспортқа жиберилетуғын, импорттан алып келинетуғын карантин артындағы өнимлерди тезлик пенен карантин зыянкеслери, өсимликлер кеселликлери ҳәм жабайы шөплер тасыўшы болыўы мүмкин болған карантин астындағы өнимлерди тексериў ҳәм экспертизадан өткериў мақсетинде аймақлық инспекция көшпели лаборатория менен тәмийинленди. Тараўды раўажландырыў ушын алып барылып атырған бундай илажлардың нәтийжесинде республикамызда жетистирилген өнимлердиң экспорт көрсеткишлери  де артып бармақта. Мәселен, быйылғы жылдың өткен дәўиринде  сырт еллерге 42700 тоннадан зыят овощ ҳәм палыз, гүнжи, мәш, лобия, ийирилген жип, техникалық өнимлер, боян тамыр, пахта талшығы дүнья стандартлары талабына жуўап беретуғын фитосертификатлар менен тәмийинленген ҳалда экспортқа шығарылды.

Бул көрсеткишлердиң санын арттырыўда елимиздиң өнимлерин жаңа экспорт базарларына алып шығыў айрықша әҳмийетке ийе болып табылады. Президентимиз жоқарыда атап өтилген  мәжилисте  тараў қәнигелерине ўазыйпаларды белгилеп берген ҳалда, өнимлерди ҳәзирги баҳасынан 3-4 есе қымбатлаў сатыў, товарларды халық­аралық фитосанитария талабы тийкарында таярлаў ушын өним жетистиретуғын,  комп­лектлеўши ҳәм экспорт етиўши ҳәр бир кәрханаға  карантин инспекторларын бириктириў, «атыздан  экспортқа шекем» принципи бойынша толық ислесиўди тәми­йинлеў зәрүрлигин атап өтти.

Белгиленген әҳмийетли ўазыйпалар ҳәр биримизден өзлеримизге жүкленген тапсырмаларды орынлаўға жуўапкершилик пенен қатнас жасаўды талап етеди.  Себеби, жәҳән базарларына шығарылатуғын өнимлердиң сапасын тәмийинлеў, олардың зыянланыўының алдын алыў аймақлық инспекция агроном-инспекторларының тийкарғы мақсети болып табылады.  Солай екен, аўыл хожалығы өнимлериниң экспорты мәмлекетимиз экономикасының беккемлениўине, елимиздиң буннан былай да раўажланыўына ҳәм халқымыздың абадан турмысын тәмийинлеўге хызмет етеди.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

М.ҲӘБИЙБУЛЛАЕВтың түсирген сүўрети.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF