ЖӘҲӘНГЕ ТАРАЛҒАН ЖАНЛЫ ПИКИРЛЕР
Ҳүрметли Президентимиздиң усы жылдың 23-сентябрь сәнесинде Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблеясының 75-сессиясында онлайн-байланыс арқалы шығып сөйлеген сөзи тек ўатанласларымыз арасында ғана емес, ал, пүткил дүнья сиясатшыларының нәзерин өзине қаратқан терең мәнили, кең қамтыўлы, сиясий әҳмийети жоқары баянат сыпатында үйренилмекте.
Мәмлекетимиз басшысының оғада абырайлы шөлкемниң гезектеги сессиясында билдирген пикир ҳәм усыныслары бүгин жаңа Өзбекстанда әмелге асырылып атырған реформалардың нәтийжелери, Орайлық Азия ҳәм басқа мәмлекетлер менен елимизде жүргизилип атырған дослық қатнасықлары ҳаққындағы мағлыўматлар менен қатар мәмлекетимиз ҳәм дүнья еллери халықларының келешеги менен байланыслы болды.
Әсиресе, Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң басшылығында Пандемиялар дәўиринде мәмлекетлердиң миннетлемелери ҳаққындағы халықаралық кодексти ислеп шығыўды усыныс етиўи ҳәм бул ҳүжжетте ҳәр бир мәмлекеттиң өз пуқаралары ҳәм халықаралық шериклери алдындағы миннетлемелериниң көрсетилиўи зәрүрлигин атап өткенлиги, өз-ара бирге ислесиў ҳәм түсинисиў арқалы үлкен нәтийжелерге ерисиў мақсетлерин өзинде жәмлегенлиги менен әҳмийетли.
Сессия қатнасыўшыларын елимизде ҳаял-қызлар ҳәм жаслардың мәмлекетлик басқарыў ҳәм жәмийетлик турмыстағы белсендилигин арттырыў жолында әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалардан хабардар етип, және бир мәрте Жаслар ҳуқықлары ҳаққындағы Бирлескен Миллетлер Шөлкеми конвенциясын қабыл етиў бойынша Өзбекстан басламасын қоллап-қуўатлаўға шақырғанлығы Президентимиздиң бир сөзли, узақты гөзлеп ҳәрекет ететуғын, терең пикирли жанкүйер, жәҳәнде өз абырайына ийе мәмлекет басшысы екенлигинен дәрек береди, қәлбимизде мақтаныш сезимлерин оятады.
Сондай-ақ, Турақлы раўажланыў мақсетлерине ерисиў ҳәм инсан ҳуқықларын тәмийинлеўде парламентлердиң ролин арттырыў ҳаққындағы Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблеясының арнаўлы резолюциясын қабыл етиў бойынша усынысы, бүгинги күнде елимизде ҳуқықый демократиялық мәмлекет, еркин пуқаралық жәмийетин қурыў жолындағы мәмлекетлик сиясат пенен үнлес екенлигин атап өтиўимиз тийис.
Мәмлекет турмысында парламент ролиниң артыўы пуқаралық жәмийетиниң раўажланыўының тийкарғы механизмлериниң бири есапланады. Демократиялық усылда, сайлаўлар нәтийжесинде қәлиплескен парламент — бул халық даўысы.
Соны да айрықша келтирип өтиў орынлы, мәмлекетимиз басшысы 2017-жыл сентябрь айында болып өткен БМШ Бас Ассамблеясының 72-сессиясында бир қатар әҳмийетли усыныслары қатарында Аралбойы регионы ушын инсан қәўипсизлиги бойынша көп шериклик тийкарындағы траст фондын дүзиў басламасын билдирди ҳәм бул баслама толық қоллап-қуўатланды.
Мәмлекетимиз басшысы бул сессияда да Аралбойы регионын экологиялық инновация ҳәм технологиялар аймағы, деп жәриялаў ҳаққында Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблеясының арнаўлы резолюциясын қабыл етиўди усыныс етиў менен бирге, бул әҳмийетли ҳүжжеттиң тастыйықланған сәнесин Халықаралық экологиялық системаларды қорғаў ҳәм тиклеў күни сыпатында белгилеў мақсетке муўапық болатуғынлығын келтирип өткени, Арал регионында жасаўшы көп мың санлы халықлардың келешегине болған үлкен итибар ҳәм ғамқорлықтың айқын көриниси деп қабыл етиўимиз керек.
Улыўмаластырып айтқанда, мәмлекетимиз басшысы тәрепинен билдирилген ҳәр бир усыныстың тийкарғы идеясы — инсан ҳуқықлары ҳәм еркинликлерин тәмийинлеўге қаратылғанлығы менен терең әҳмийетке ийе.
Ҳақыйқатында да, жәҳәнге таралған бул жанлы пикирлер келешекте мәмлекетимиздиң дүнья жәмийетшилигинде абырай-дәрежесиниң артыўына хызмет ететуғынлығы анық.
Раўаж ОТАРБАЕВ,
Өзбекстан «Адолат» СДП Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси баслығының орынбасары,
халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиниң депутаты.