ТЕРГЕЎ БАСҚЫШЫНДА НЫЗАМШЫЛЫҚТАҒЫ ӨЗГЕРИСЛЕР
Өзбекстан Республикасының 2020-жыл 14-май күнги ӨРН-617-санлы Нызамы менен Жынаят-процессуал кодексине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилди.
Оларға көре, гүман етилиўши, айыпланыўшы яки судланыўшы ис жүргизиўдиң қәлеген басқышында қорғаўшыдан бас тартыўға ҳақылы болып, бундай бас тартыўға тек гүман етилиўшиниң, айыпланыўшының яки судланыўшының басламасы менен ҳәм қорғаўшының исте қатнасыўға сорастырыўшы, тергеўши яки суд тәрепинен адвокат мирәт етиў арқалы тәмийинленетуғын имканияты бар болғанда ғана жол қойылады. Бунда адвокат өз қорғаўы астындағы шахс пенен жалғыз ушырасқаннан кейин қорғаўдан бас тартқанлығын тастыйықлайды. Усы қорғаўшыдан бас тартыў процеси видеожазыў арқалы жазып алыныўы шәрт болып, қорғаўшыдан бас тартқанлық ҳаққында гүман етилиўши, айыпланыўшы, судланыўшы, сондай-ақ, адвокат, сорастырыўшы яки тергеўши тәрепинен қол қойылатуғын баянлама дүзиледи ямаса суд мәжилиси баянламасына жазып қойылады. Видеожазыў материаллары баянламаға қосымша етилип, бирақ, қорғаўшының қорғаў астындағы шахс пенен жеке, жалғыз ушырасыўы видеожазыў арқалы жазып алынбайды.
Сондай-ақ, буннан былай төмендеги 7 тергеў ҳәрекетин өткериў дәўиринде видеокамераға жазып алыў шәртлиги белгилеп қойылды, булар төмендегилерF аса аўыр жынаятлар бойынша ўақыя болған орынды көзден өткериў, тинтиў, көрсетпелерди ўақыя орнында тексериў, тергеў эксперименти, шахсты иркиў, қорғаўшыдан бас тартыў, шахсты иркиў ўақтында өткерилетуғын жеке тинтиў ҳәм алып қойыў.
Сорастырыўшы, тергеўши, прокурор гүман етилиўшиге, айыпланыўшыға қарата иркиў тәризиндеги, суд болса қамаққа алыў, үй қамағы яки экспертиза өткериў ушын шахсты медициналық мәкемеге орналастырыў тәризиндеги процессуал мәжбүрлеў шарасын қолланғанында шахсқа қарата қолланылған процессуал мәжбүрлеў шарасы ҳәм де оның иркип турылған орны ҳаққында дәрҳал шаңарақ ағзаларының бирине, олар болмаған жағдайда болса басқа туўысқанларына яки жақын адамларына хабар бериўи, сондай-ақ, бул ҳаққында жумыс ямаса оқыў орнына хабар бериўи шәртлиги белгилеп қойылды.
Егер де иркилген, қамаққа алынған, үй қамағына яки медициналық мәкемеге орналастырылған шахс басқа мәмлекеттиң пуқарасы болса, бул ҳаққында дәрҳал Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлигине хабар берилиўи шәрт ҳәм де хабарнаманың көширмеси иске тигип қойылады.
Шахсты қорғаў процеси видеокамераға жазып алынбаған жағдайда ишки ислер уйымлары хызметкери яки басқа ўәкилликли шахс иркип турылған шахс жақын жердеги ишки ислер уйымына яки басқа ҳуқық қорғаў уйымына алып келингеннен соң видеокамерадан пайдаланған ҳалда оның процессуал ҳуқықларын түсиндириўи шәртлиги, услап турылған шахсқа болса видеожазыў қойып бериў арқалы таныстырылады. Шахсты жалаңаш ҳалында жеке тинтиў өткериўди видеокамераға жазып алыў қадаған етиледи.
Бул нызам рәсмий жәрия етилген күннен баслап өз күшине кирди.
А.САРЫЕВ,
Хожели районы ИИБ жанындағы
Тергеў бөлиминиң баслығы, капитан.