Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 07:27:11, 25.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ДҮНЬЯҒА ЖАР САЛҒАН НАЎАЙЫ ТИЛИ

Қудайға мың қәтле шүкир, ғәрезсизликтиң шарапаты менен муқаддес динимиз, жанажан тарийхымыз, мәмлекетлик тилимиз өзимизге қайтты. Усы қәдириятлар арқалы ғәрезсизлигимиз мәңги турып, халқымыздың өзлиги беккемленип, мәмлекетимиз байрағы бәлент минберлерде желбирей береди.

Сонлықтан, биз бул байлықларымызды көздиң қарашығындай сақлап, келешек әўладларға сап ҳалында мийрас етип қалдырсақ, олар да бизден разы болады, усы қәдириятларды сақлаўға тәрбияланады. Егер бул сүтинлерден биреўи тайғандай болса, миллеттиң тәғдири қәўип астында қалады. Мәселен, динимизди жоғалтсақ кеўлимиз жент болады, тарийхымыздан айырылсақ есимизди жойтамыз, бәринен де жаманы, тилимизди жоғалтсақ барлығымыздан айырыламыз.

Бүгинги күнде мәмлекетимизде миллий қәдириятлар ҳәм үрп-әдет, дәстүрлеримизди сақлаў, оларды дүнья шеңберинде жаңғыртыў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. Президентимиздиң 2019-жыл 21-октябрьдеги «Өзбек тилиниң мәмлекетлик тил сыпатындағы орны ҳәм дәрежесин түп-тийкарынан арттырыў илажлары ҳаққында»ғы тарийхый Пәрманы, Министрлер Кабинети жанында мәмлекетлик тилди раўажландырыў департаментиниң дүзилиўи, мәмлекетлик тилде сөзликлердиң жаратылыўы, аймақлардағы сыртқы жазыўлардың «Мәмлекетлик тил ҳаққында»ғы Нызам талапларына сай рәўиште тәртипке салыныўы бағдарында исленип атырған жумыслар, географиялық объект атамаларының қайтадан хатлаўдан өткерилип, «Географиялық объектлер атамалары ҳаққында»ғы Нызамға қайшы келетуғын атлардың өзгертилип, орнына халқымыздың мың жыллық тарийхый дәстүрлерине ҳәм тилимиздеги қоңыраўдай сыңғырлап, гөззал сес таратып, қулағымызға жағымлы болып еситилетуғын атамалардың қойыла баслаўы, булардың бәри өзлигимизди, миллийлигимизди сақлаў жолында қойылып атырған исенимли қәдемлер.

Тарийхта есте қалғандай ўақыялар көп болады. Бирақ, олардың көпшилиги инсан ядынан көтерилип, үстин әсирлер шаңы басып кетиўи мүмкин. Бирақ, сондай ҳәдийселер жүз береди, олар адамның есинде мәңги мөрленип қалады.

2020-жылы 23-сентябрь. БМШ тың 75-сессиясы. Дүньяда 200 ден аслам мәмлекет бар. Олардың ҳәммеси де усы минберден өз елиниң атақ-абырайының пүткил дүнья жүзи бойлап таралыўының тәрепдары. Лекин, буған ҳәмме де бирдей ерисе бермеўи мүмкин. Бизиң ҳүрметли журтбасшымыз Ш.Мирзиёев усы абырайлы әнжуманда Өзбекстан тарийхында биринши мәрте өзбек тилинде, ҳәзирети Наўайының тилинде шығып сөйлеўи — бул ўатанласларымыз ушын үлкен жаңалық ҳәм мақтаныш болып қалмастан, пүткил дүнья халықлары ушын да умытылмас ўақыялардың бири болды.

Президентимиз мәмлекетлик тилде жәҳән бойлап төмендеги халықаралық әҳмийетке ийе болған усынысларды ортаға таслады:

Ҳәзирги ўақытта пүткил адамзат пандемия дәўириниң аўыр күнлерин басынан кеширмекте. Мине, усындай сынақлы демлерде ҳәмме бир болып, бул бәле-апатқа қарсы гүреспесе, бул кеселлик елеберин шегинбейди, оның аўыр ақыбетлери өзиниң темир пәнжелерин батырыўды тоқтатпайды. Сонлықтан, Президентимиз БМШ ғамқорлығында Пандемиялар дәўиринде мәмлекетлердиң миннетлемелери ҳаққындағы халықаралық кодексти ислеп шығыўды усыныс етти.

Буннан үш жыл бурын болып өткен сессияда Журт­басшымыздың дүньяда жаслардың ҳуқықларын қорғаў бойынша БМШ конвен­циясын қабыл етиў ҳаққындағы усынысы елеге шекем басы ашық мәселе сыпатында қалмақта. Буны БМШ Бас хаткери Антониу Гутерриш мырзаның өзи де тән алып айтып өтти. Президентимиз кешеги шығып сөйлеўинде усы мәселени және ортаға таслап, барлық еллердиң басшыларының дыққатын өзине қаратты. Себеби, жаслар мәселеси — тек бир мәмлекеттиң ғана машқаласы болып қоймай, ал, планетарлық глобал маш­қалалардың бирине айланыўы керек. Сонда ғана ҳәр бир мәмлекеттиң келешеги болған жаслардың үлкен өмир жолына адым атыўы бүгиннен басланады.

Биринши Президентимиз «Өзбек халқына тынышлық ҳәм аманлық керек», деген еди. Оның усы бағдарда алып барған халықаралық көлемде мойынланған сиясатын бүгинги күнде журтбасшымыз Ш.Мир­зиёев те даўам еттирип, кешеги баянатында БМШ тың жанында аўған халқының дәртин тыңлайтуғын, турақлы түрде жумыс алып баратуғын комитет шөлкемлестириў зәрүрлигин усыныс етти. Әлбетте, биз ойлаймыз, бул мәселе тек Өзбекстанның ғана емес, ал, жәҳән халықларын ойландыратуғын глобал мәселе. Себеби, «қоңсың тыныш болса, сен тыныш боласаң», деген халық даналығы бийкарға айтылмаған.

2017-жылы болған БМШ сессиясында ҳүрметли Президентимиз бәлент минберде турып, биринши мәрте Аралдың космостан түсирилген картасын пүткил дүньяға көрсетип, ҳәммениң дыққат-итибарын усы мәселеге аўдарыўға мәжбүр еткен еди. Сол күннен баслап Арал бойы халықларының социаллық турмысын жақсылаў, ол жерде экологиялық апатшылықты жумсартыў бойынша ири көлемли жумыслар исленди. Арал теңизиниң қурып қалған ултанының 2 миллионнан аслам гектар жерине сексеўил ҳәм басқа да дарақлар егилип атырғаны пикиримиздиң айқын дәлили. Президентимиз өз шығып сөйлеўинде Арал машқаласына тағы тоқтап өтти ҳәм Арал бойы аймағын экологиялық инновация ҳәм технологиялар аймағы, деп жәриялаў ҳаққында БМШ Бас Ассамблеясының арнаўлы резолюциясының қабыл етилиўин усыныс етип, сондай-ақ, усы әҳмийетли ҳүжжет тастыйықланған сәнени болса Халықаралық экологиялық системаларды қорғаў ҳәм тиклеў күни сыпатында белгилеў мақсетке муўапық келетуғынлығын айтқанда, расы, жеке өзимниң, ҳәм мен ойлайман, жүрегинде Ўатансүйиўшилик туйғысы бар ҳәр бир жерлесимиздиң қуўанышы артқан болса керек.

Ҳәзирги ўақытта дүньяда болып атырған тынышсызлықлар ҳәм түрли глобал машқалалар халықлар арасында кәмбағаллық қатламының артып барыўына алып келмекте. Сонлықтан, ҳәр бир басшы усы мәселени унамлы шешиўдиң үстинде бас қатырады. Президентимиз буны дурыс аңлап, кәмбағаллықты сапластырыў ҳәм кәмбағаллыққа қарсы гүресиўди БМШ Бас Ассамблеясы гезектеги сессиясының тий­карғы темаларының бири ретинде белгилеў ҳәм де усы мәселелерге бағышланған глобал саммитти өткериўди усыныс етти. Себеби, бул басқатырма жумбақты тек бир мәмлекет емес, ал, барлық еллер биригип ғана шешиўи мүмкин. Бул бағдарда ҳәзирги ўақытта бизиң мәмлекетимизде баслап жиберилген саўаплы ислер көзимизди қуўандырады.

Кеше биз қандай едик? Бүгин қандай мәмлекетке айландық? Ертеңги күнимиз қандай болады? Мине, усы мәселелерди дурыс жолға қойып алыўда бизге жақыннан жәрдем берип ҳәм кемшиликлеримизди жүзимизге айнадай етип тутатуғын бул ғалаба хабар қураллары. Сонлықтан, усы жолда нық адым атып баратырған бизиң мәмлекетимизде өткен жылы Парламентке өткерилген сайлаўлар халық ҳәм партиялардың сиясий белсендилиги, пуқаралық жәмийети институтларының роли, ғалаба хабар қуралларының тәсири артқанын көрсетти.

Жуўмақлап айтқанда, жоқарыда сөз етилген мәселелер басқа тилде айтыла бериўи мүмкин еди. Ал, бирақ, бул усыныслардың Наўайы тийкар салған өзбек тилинде жаңлап еситилиўи — Өзбекстан тарийхында және бир умытылмайтуғын әҳмийетли сәнениң пайда болғанлығын көрсетти.

Биз Президентимиздиң БМШ Бас Ассамблеясының 75-сессиясында өзбек тилинде сөйлеп атырғанын көрип, «Рахмет, Сизге ҳүрметли Президент!» деп алғыслап отырдық.

 

Пердеғалий ДАБЫЛОВ,

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының 

руўхый-ағартыўшылық жумыслары нәтийжелилигин арттырыў, мәмлекетлик

тил ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерине әмел етилиўин

тәмийинлеў мәселелери бойынша кеңесгөйи.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF