ӘҲМИЙЕТЛИ БАСЛАМАЛАР АЛҒА ҚОЙЫЛДЫ
Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң БМШ Бас Ассамблеясының 75-сессиясында сөйлеген сөзин үлкен итибар ҳәм дыққат пенен тыңладым.
Усындай тарийхый күнлерде жасап, Ўатанымыз жылнамаларына алтын ҳәриплер менен жазылып қалатуғын демлерге гүўа болып атырғанымнан кеўлимде мақтаныш сезимлери толып тасты. Неге дегенде, мәмлекетимиз басшысының бул уллы минберден жасаған баянатын дүнья халқы өзбек тилинде тыңлады.
Баянатта избе-излик пенен алға қойылған пандемия дәўиринде халықаралық бирге ислесиўди раўажландырыў, Жаслар сиясаты, Орайлық Азия мәмлекетлери менен шериклик, глобал ықлым өзгериси ҳәм Арал машқаласы, жәҳәнде кәмбағаллыққа қарсы гүресиў сыяқлы глобал мәселелер Ассамблея қатнасыўшылары тәрепинен көтериңкилик ҳәм үлкен итибар менен қабыл етилди.
Әсиресе, Президентимиздиң Аўғанстанда тынышлық ҳәм турақлылықты орнатыў мәселелери Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң удайы дыққат орайында болып қалыўы зәрүрлиги ҳаққындағы пикирлери үлкен әҳмийетке ийе.
— Бул бағдарда, - деди Президентимиз, — «Турақсыз ҳәм бүлинген жағдайдан — тынышлық ҳәм дөретиўшиликке қарай» принципи тийкарында жумыс алып барыў әҳмийетли болып есапланады. Сонлықтан Бирлескен Миллетлер Шөлкеми жанында Аўған халқының дәрт ҳәм тәшўишин тыңлайтуғын, турақлы жумыс ислейтуғын комитет шөлкемлестириў зәрүр. Бул комитеттиң тийкарғы ўазыйпасы Аўғанстанның экономикалық ҳәм социаллық раўажланыўына жәрдем бериўден ибарат болыўы керек».
Бул усыныс, әлбетте, халықаралық жәмийетшилик тәрепинен қоллап-қуўатланды. Неге дегенде, өз-ара бирге ислесиў, дослық, бирлик мәмлекетлер раўажланыўының тийкарғы өлшеми болып табылады.
Баянатты қайта-қайта оқып, танысар екенмен, 2017-жыл сентябрьде Нью-Йорк қаласында болып өткен БМШ Бас Ассамблеясының 72-сессиясында да мәмлекетимиз басшысы қатар әҳмийетли усыныс ҳәм басламаларды алға қойғаны ҳәм олардың дерлик барлығы бүгинги күнде әмелиятқа енгизилгени ҳәм енгизилип атырғаны ҳаққында ойладым. Сонда Президентимиз Арал теңизиниң картасы менен пүткил дүнья халқын таныстырған еди. Арал машқаласы Президентимиздиң БМШ Бас Ассамблеясының 75-сессиясындағы баянатында да кең орын алды.
Елимиз басшысы Аралбойы аймағы экологиялық апатшылық орайына айланғаны, оның ақыбетлерин сапластырыў ушын мәмлекетимиз ҳәм халықаралық жәмийетшилик тәрепинен әмелге асырылған жумыслар ҳаққында айтып өтти. Сондай-ақ, бул бағдардағы жумысларды және де күшейтиў мақсетинде Аралбойы регионын экологиялық инновация ҳәм технологиялар аймағы, деп жәриялаў ҳаққында Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблеясының арнаўлы резолюциясын қабыл етиўди ҳәм бул әҳмийетли ҳүжжет тастыйықланған сәнени болса Халықаралық экологиялық системаларды қорғаў ҳәм тиклеў күни сыпатында белгилеўди усыныс етти.
Президентимиз исеним менен айтып өткен бул әҳмийетли пикир ҳәм усыныслар ҳасла изсиз кетпейтуғынына исенемиз. Себеби, БМШтың 72-сессиясында ортаға тасланған барлық усыныслар, белгиленген ўазыйпалар бүгинги күнде избе-излик пенен әмелге асырылмақта.
Әсиресе, Арал теңизи кризислерин сапластырыў бойынша мәмлекетимиз басшысы белгилеп берген барлық ўазыйпалардың әмелге асырылып атырғаны ҳәм Арал теңизи аймағында 5,5 миллион гектардан аслам саҳраны «Саҳра гәўҳары»на айландырыў ушын алып барылып атырған әмелий жумыслар дыққатқа ылайық. Үстирт кеңисликлери, Аралқум орнында жаратылып атырған тоғайзарлықларға жейран ҳәм басқа да ҳайўанат дүньясының сийрек ушырасатуғын жәниўарлары, Үшсай, Судочье ҳәм басқа да көллер үстинде узақ үлкелерден қайтып келген шағала ҳәм басқа да қуслар экологиялық жағдайдың жақсыланып атырғанынан дәрек береди. Мойнақ районы болса жаңадан туўылды. Жаңаланған көше, жай, объектлер, кең ҳәм тегис жоллар, келешекте бул мәканның және де гүллеп-жаснаўынан дәрек бермекте.
Халықтың мүнәсип турмыс шараятын тәмийинлеўде айрықша әҳмийетке ийе болған суў тәмийнаты ҳәм канализация объектлери, социаллық тараў, мәденият ҳәм спорт комплекслери қурылды. Жол-транспорт объектлери ҳәм сервис хызметлери заман талаплары дәрежесинде ислемекте.
Әсиресе, геологиялық излеў жумыслары, халықтың социаллық турмысында айрықша әҳмийетке ийе болған денсаўлықты сақлаў, билимлендириў, мәденият, социаллық хызмет көрсетиў, мәлимлеме-коммуникация технологиялары ҳәм басқа да тараўлардағы қәнигелер бойынша маман қәнигелер жетистириў мәселелери де басқышпа-басқыш шешилмекте.
Булар ҳаққында жүдә көп мағлыўматлар келтириў мүмкин. Ең тийкарғысы, елимиз басшысының БМШ Бас Ассамблеясының 75-сессиясындағы баянатында және бир мәрте Арал кризиси ақыбетлерин толық сапластырыўға имканиятлар жаратылып атырғанының атап өтилиўи экологиялық машқалаларға дүнья халқының дыққат-итибары және де кеңирек тартылып атырғанының дәлили болып табылады.
Тегис транспорт жоллары, өз аэропорты, барлық социаллық имканиятлары менен Мойнақ дүнья туристлерин өз қушағына шақырып атыр.
Әлбетте, мәмлекетимиз басшысы БМШ минберинен глобал әҳмийетке ийе және бир қатар көплеген усыныс ҳәм басламаларды билдирди. Бул басламалардың тез арада әмелге асатуғынына исенимимиз мол. Неге дегенде, Өзбекстанның бүгинги күндеги статусы ҳәм де роли тек регионда ғана емес, ал, пүткил дүньяда артып бармақта ҳәм барған сайын глобал мәселелерди шешиўде белсене қатнаспақта.
Гүлистан АННАҚЛЫЧЕВА,
Олий Мажлис Сенаты ағзасы.