АРХИВ МАҒЛЫЎМАТЛАРЫ ЭЛЕКТРОНЛАСТЫРЫЛМАҚТА
Инсан туўылғанынан баслап өмири даўамында бир неше рет Пуқаралық ҳалатлары актлерин жазыў бөлимине мүрәжат етеди. Атап айтқанда, перзент дүньяға келгенде, неке дүзилгенде ямаса некени бийкар еткенде, жақынларының бири қайтыс болғанда яки қандай да бир зәрүр ҳүжжетлерди алыўда усы тараў хызметинен пайдаланады. Яғный, инсан өмири менен байланыслы болған ең әҳмийетли мәселелер ПҲАЖ бөлиминде дизимге алынады.
Бәршемизге белгили, бүгинги күнде елимизде мәмлекетлик мәкеме ҳәм шөлкемлерден мағлыўматларды алыў имканияты кеңейип, барлық тараўларда электронластырыў процесслери әмелге асырылмақта. Яғный, бул жумыслар Мәмлекетлик хызметлер агентлиги тәрепинен алып барылады.
Президентимиз тәрепинен усы жылдың 4-август сәнесинде «Халыққа мәмлекетлик социаллық хызметлер ҳәм жәрдем көрсетиў тәртип-қағыйдаларын автоматластырыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарар қабыл етилди. Бул қарарда Мәмлекетлик хызметлер орайы, соның ишинде Пуқаралық ҳалатлары актлерин жазыў бөлимлериниң жумысларын заман талабына сай шөлкемлестириў бойынша ўазыйпалар белгилеп берилген еди.
Атап айтқанда, усы қарарға муўапық, 2021-жылдың 1-январына шекем «ПҲАЖ дың бирден-бир электрон архиви» мәлимлеме системасында пуқаралық ҳалатлары актлерин жазыў уйымларының архивлеринде қағаз тасыўшыларда сақланып атырған ҳүжжетлердиң электрон базаларын шөлкемлестириў бойынша әмелий жумыслар алып барылмақта. Архив мағлыўматлары санлы көринисте болса, халқымыз ушын бираз қолайлылық туўдырады. Себеби, бурын архив мағлыўматларын алыў ушын бир күннен үш күнге шекем ўақыт кететуғын болса, егер барлық мағлыўматлар электронластырылса, бир неше минутларда алыў имканияты жаратылады.
Бүгинги күнде Нөкис қаласы ПҲАЖ бөлими тәрепинен бул бағдарда да нәтийжели жумыслар алып барылмақта. Усы жылдың өткен айлары даўамында бөлимимиз тәрепинен 936 неке дизимге алынды. Туўылғанлық ҳаққында 4969 бала дизимге алынған болса, соннан 915 ине аталық белгиленген.
Бүгинги пандемия шараятында Нөкис қалалық ПҲАЖ бөлими тәрепинен пуқаралардан некеден өтиў ушын арзалар электрон тәризде қабыл етилмекте. Бунда MY GOV интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы арқалы некеден өтиў ҳаққындағы арзаны шахсын тастыйықлаўшы ҳүжжетлери тийкарында толтырып, ПҲАЖ бөлимине жибериўи мүмкин. ПҲАЖ бөлими арзаны үйренип шығып, тийисли тәртипте жергиликли поликлиникаға жоллама береди.
Улыўмаластырып айтқанда, ПҲАЖ бөлимлери тәрепинен исленип атырған жумыслар халқымызға ҳәр тәреплеме қолайлылықлар жаратып, жумыс нәтийжелилигин арттырмақта деп исеним менен айта аламыз.
Анора НЫЗАНОВА,
Нөкис қаласы ПҲАЖ бөлими инспекторы.