ПАЙДАЛАНЫЎҒА ТАПСЫРЫЛҒАН ЗАМАНАГӨЙ ИМАРАТЛАР
«Реверстрой» жуўапкершилиги шекленген жәмийети районда бир неше қурылыс объектлериниң бой тиклеўине, қайта оңланыўына узақ жыллардан бери үлес қосып киятыр.
Жумысларын сапалы ҳәм исенимли атқаратуғын бул жәмәәт қурылысшылары район орайындағы және бир имараттың — мәденият орайының заманагөй түске енип, район орайының және де көркемлениўине үлес қосты. Енди райондағы өткерилетуғын ең қуўанышлы күнлерде, байрамларда халыққа хызмет көрсететуғын дем алыс орайының мәденият хызметкерлери 370 орынлы бул көркем орында жумыс алып барады.
Тийкарғы ирге тасы 1986-жылы қаланған ири имаратқа «Реверстрой»шылар тәрепинен 4 миллиард 600 миллион сумлық реконструкция жумыслары жүргизилди. Қурылыс жумыслары питкен имаратта байрам қарсаңында қайта ашылыў салтанаты болып өтти. Онда шығып сөйлеген район ҳәкими Жамбул Адилов жыйналғанларды байрам менен қызғын қутлықлады. Қолы гүл қурылысшыларға миннетдаршылық хаты ҳәм арнаўлы саўғалар тапсырды.
Тахтакөпир районында қурылыс тараўында жақсы жаңалықлар болып атыр. Яғный, қурып питкерилген бир неше қурылыс объектлери байрам қарсаңында пайдаланыўға тапсырылды.
Мәмлекетлик хызметлер орайы Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 15-февраль күнги «Мәмлекетлик хызметлер көрсетиў миллий системасын және де комплексли раўажландырыў ис-илажлары ҳаққында»ғы 4193-санлы қарары тийкарында әмелге асырылды.
Қурылысты «Мемор Хужайли» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң қурылысшылары сметалық қуны 3,6 миллиард сумға қурып питкерди.
Орай имаратының ашылыў салтанаты болып, онда шығып сөйлеген район ҳәкими Ж.Адилов жыйналғанларды байрам менен қутлықлады, имараттың бой тиклеўинде үлеси бар қолы гүл қурылысшы азаматларға алғыс билдирди. Оларға байрам саўғаларын тапсырды ҳәм дәстүрий лента кесилди.
Мәмлекетлик хызметлер орайының жаңа имараты секторларға бөлинген болып, онда китапхана, балалар майданшасы, инвесторлар ханасы, электрон нәўбет, инфокиоск бийпул интернет ҳәм басқа да бир қатар қолайлықлар жаратылған.
Сондай-ақ, имаратта Өзбекстан Республикасы Президентиниң Халық қабыллаўханасы, Өзбекстан Республикасы Бас Министриниң исбилерменлер мүрәжатларын көрип шығыў қабыллаўханасы, районлық нотариус, әдиллик бөлимлери менен пуқаралық ҳалатлары актлерин жазыў бөлимлери жайластырылады.
Районда және бир қурылыс имараты ашылды. Районлық бәнтликке көмеклесиў орайы имаратының да ашылыў салтанаты болып, оған район ҳәкимлиги, қурылыс тараўы қәнигелери, аўыл нураныйлары қатнасты.
Сметалық қуны 1 миллиард 70 миллион сумлық имаратта халық бәнтлигине көмеклесиў орайының 21 қәнигеси жумыс алып барады. Орайда инфокиоск бийпул интернет (WI-FI) қолайлықларына ийе болып, орай күнине 100-200 пуқараларды қабыл етиў мүмкиншилигине ийе.
Демек, ендигиден былай бәнтликке көмеклесиў орайында пуқараларға жаңа имаратта хызмет көрсетиледи.
Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлигиниң 29 жыллық байрамы қарсаңында футбол стадионының ашылыўы болып өтти.
1000 орынлық орайлық футбол стадионы «Дәўқара» футбол командасы ушын үлкен саўға болды. Қарақалпақстан Республикасының XVII чемпионатында қатнасыў ушын командаға енди толық шараятлар жаратылды.
Орайлық футбол стадионының ашылыў салтанатында район ҳәкими Ж.Адилов қурылыста мийнет еткен қурылысшы азаматларға, атап айтқанда, сметалық қуны 6 миллиард 012 миллион сумлық қурылысты атқарған «Golden Star» жуўапкершилиги шекленген жәмийеттиң қурылысшы азаматларына халқымыздың атынан миннетдаршылық билдирди.
Гүлнара
ДӘЎЛЕТМУРАТОВА.