Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 07:51:40, 25.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЕСАПЛАЎ ҮСКЕНЕЛЕРИН ОРНАТПАҚШЫ БОЛСАҢЫЗ

Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлигинде 2018-жыл 4-май сәнесинде 3005-сан менен дизимге алын­ған «Энергия ресурсларын есапқа алыўдың автоматластырылған системасын енгизиў шеңберинде электр энергиясы ҳәм тәбийғый газди есапқа алыўдың заманагөй әсбапларын орнатыў ҳаққында»ғы устав пенен бул бағдардағы тийкарғы талаплар белгилеп алынған.

Мәселен, усы уставтың 7-бәнтинде энергия ресурсларын қабыл етиў, бөлистириў ҳәм тутыныўшыларға шәртнама тийкарында жеткерип бериўди тәмийинлейтуғын аймақлық электр тармақлары кәрханалары ямаса газ тәмийнаты шөлкемлери энергия ресурсларын есапқа алыўдың автоматластырылған системасын енгизиў шеңберинде орнатылатуғын энергия ресурсларын есапқа алыў приборларын орнатыў жумыслары басланыўынан кем дегенде 10 күн алдын орынлардағы пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары арқалы тутыныўшыларды бул ҳаққында хабардар етиўи шәрт, деп көрсетилген.

Сондай-ақ, бул процессте, яғный, есапқа алыў үскенелерин алмастыр­ғанда, тәмийнатшының ўәкилликли хызметкери ҳәм тутыныўшының өзи ямаса оның ўәкили қатнасыўы шәрт. Тәмийнатшының ўәкилликли хызметкери энергия ресурсларын есапқа алыў үскенесин шешиў ҳәм орнатыў жумысларын азанғы саат 8.00 ден кешки саат 20.00 ге шекем әмелге асырыўы керек.

Тутыныўшыларымыздың билиўи керек болған және бир әҳмийетли нәрсе, тәмийнатшының ўәкилликли хызметкери энергия ресурсларын есаплаўшы үскенени шешип алғанда тутыныўшының қатнасыўында оның пломбаларының пүтинлигин тексериўи ҳәм еки нусқада акт дүзиўи, жаңадан орнатылған үскене ушын болса, мәмлекетлик стандарттан өткерилгенлиги ҳаққындағы сертификатты бериўи тийис.

Умытпаң, жеткерип бериўшилер өз жумысларын тутыныўшылар ушын шәртнамада белгиленген мүддетте, көлемде ҳәм сапада орынлаўы шәрт. Олар тутыныўшылардан қосымша ҳақы алыў ушын шәртнамада көрсетилмеген хызметлерден пайдаланыўға тутыныўшыларды мәжбүрлеўге ҳақылы емес. Бундай жағдайда тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерин бузғаны ушын жуўапкершиликке тартылыўы мүмкин.

А.ТАЖИБАЕВ,

Қарақалпақстан Республикасы Монополияға

қарсы гүресиў комитетиниң бөлим баслығы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF