ҚАРАҚАЛПАҚСТАН МИЛЛИЙ ЧЕМПИОНАТЫН ДҮЗИЎ — ДӘЎИР ТАЛАБЫ
«Футбол миллионлар ойыны» деген афоризм гөнерди. Оның орнына «Футбол миллиардлар ойыны» деген варианты пайда болды. Статистикалық мағлыўматларға қарағанда, футбол спорттың ең ғалабалық түри сыпатында тән алынған.
Ҳәр бир елдиң, ҳәр бир халықтың, ҳәр бир қаланың, ҳәтте, ҳәр бир посёлканың өзиниң жергиликли жақсы көрген футбол командасы бар. Олардың футбол клубларының ықласбентлери оғада көп. Және, миллий лига, чемпионатлары да бир неше дивизионларға, А, B, C сыяқлы серияларға бөлинеди. Мысалы, Англияда премьер-лига, чемпионшип, Италияда А, В, С сериялары, Испанияда ла-лига, сегундо ҳәм т.б. Мәмлекетлердиң қалалары, қалашалары, посёлкаларының футбол командалары өзлерине кийим формасын, эмблемасын (логотип) ислеп шыққан, ықласбентлери де баршылық.
Өзбекстан Республикасында болса супер-лига, про-лига А, про-лига В чемпионат дивизионлары енгизилди. Президентимиз Ш.Мирзиёевтиң басшылығында спорт, соның ишинде футболға кең дыққат аўдарылып, бул спорт түрин раўажландырыў бойынша бир қанша реформалар әмелге асырылып, ис-илажлар көрилип атыр. Жаслар миллий сайланды командасынан тартып, миллий сайланды командамызға шекем топ тебиўге ылайықлы қәбилет ийелерин топлаў, таярлаў, футболшыларды таңлаўда таныс-билисликти сапластырыў мәселеси ортаға қойылды. Миллий чемпионат ойынларын да супер-лига дәрежесине жеткериў мәселеси айтылып, басқышпа-басқыш жумыслар әмелге асырыла баслады. Буның ушын мәмлекетимиздиң барлық ўәлаятларындағы, Ташкент қаласы менен Қарақалпақстан Республикасындағы футбол командаларының материаллық-техникалық базасын жетилистириў, қәлиплестириў, қәўендерлерди топлаў, бирге ислесиўге шақырыў жумыслары алып барылыўы нәзерде тутылды.
Мәмлекетимиздиң про-лигасында ҳәрекет етип атырған Нөкистиң «Арал» футбол командасының ойынлары кеўилдегидей емес, төмен дәрежеде екенлиги ҳеш кимге сыр емес. Команданың материаллық-техникалық базасын мақтай алмаймыз. Футболшыларды материаллық ҳәм мораллық жақтан қоллап-қуўатлаў да айтарлықтай емес. Оларды Өзбекстанның барлық ўәлаятлары, Ташкент қаласына алып барып, алып қайтыў, мийманхана ҳәм азық-аўқатлар менен тәмийинлеў өз-өзинен болмайды. Буған қаншадан-қанша қаржы, ўақыт, мийнет талап етиледи. «Арал» командасының ойыны да, про-лигада, турнир кестесиндеги орны да оғада төменде, ашынарлы жағдайда. Буған себеплер жүдә көп. Бириншиден, футболшылар гә поезд бенен, гә автобус, гейде жеңил автомобильлерде узақ ўақыт жол басып, шаршап барады. Екиншиден, сол узақ жолды басып барған күни ойынға түсиўге мәжбүр болыў сыяқлы машқалалары, соның ақыбетинде жеңилиске ушырап атырғанлығы ҳәм тағы да басқа қаржыға барып тақалатуғын мәселелер шешилиўин күтип турғандай. Соның менен бирге, командамызды қоллап-қуўатлаў ушын футбол ықласбентлериниң алыс ўәлаятларға, Ташкент қаласына барыўы-қайтыўы да әлбетте, қыйын. Бул да финанслық мәселени келтирип шығарады.
Демек, не ислеў керек?
Футболдың ҳақыйқый ықласбенти сыпатында жеке пикирлеримди билдирмекшимен. Буның бир ғана жолы бар, ол да болса, Қарақалпақстан Республикасының миллий чемпионатын шөлкемлестириў. Шөлкемлестиргенде де ҳақыйқый дәрежеде, бир-бири менен ҳәр тәреплеме бәсекилесе алатуғын футбол командаларын дүзиў. Мысалы, «Арал» командасының жанына бир неше жыллар илгери ҳәрекет еткен Нөкис районының «Ақмаңғыт», Шымбайдың «Шахтемир», Хожелиниң «Хожели-май», Қоңырат, Шоманай, Тақыятастың «Тақыятас-дән» (бәлким, бул қәўендерлердиң атлары өзгерер), басқа да барлық районлардың, Нөкис қаласының «НМПИ», «ҚМУ», Нөкис олимпия резервлери, Нөкис спорт колледжи, Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлигиниң «Динамо» ҳәм басқа да уйымлардың, мәкемелердиң, шөлкемлердиң футбол командалары дүзилсе, оларға республикамыздың өндирис кәрханалары, завод-фабрикалары жәрдем етсе, сол қәўендерлердиң атлары футболшылардың кийимлеринде көрсетилип, ойынлар Қарақалпақстан ҳәм «Жаслар-ТВ» телеканаллары арқалы трансляция етилсе, спорт журналистлери де шолыў жасаса, футбол стадионларында футбол ықласбентлери көбейип, бул спорт түринен жақсы нәтийжелер шығар еди. Қала берсе, районларда (Мойнақ, Тахтакөпир, Бозатаў) жасыл қапламалы стадионлар қурылып атыр.
Мине, усы Қарақалпақстан миллий чемпионатының чемпионы егер қаржы мәселелери шешилгендей болса, Өзбекстан про-лигасында ойнаўы керек деп ойлаймыз. Бул жоқары нәтийже берип, про-лигада да чемпион болса, әне, биз Өзбекстан супер-лигасында ойнаўға ерисемиз. Сонда «Арал» командасы бурынғы «Туран» командасы сыяқлы Өзбекстан супер-лигасында ойнап, «Пахтакор», «Бунёдкор», «Насаф» сыяқлы командалар менен теңдей ойын алып бара алады. Егер жоқарыдағыдай мәселелер шешилмесе, тек «қатнасты ма, қатнасты» дейтуғын болсақ, биз Қарақалпақстан футболын кейинге қарап тартқан боламыз. Бул машқалалардың өз шешимин табыўында республикамыз басшылары, тийисли шөлкемлердиң, Қарақалпақстан футбол федерациясының қәнигелери ойласып-кеңесип, жуўмақ шығарыўына исенемиз.
Полат ӨТЕНИЯЗОВ,
журналист.