Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 08:33:49, 25.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЖАҢА АГЕНТЛИКТИҢ ЎАЗЫЙПАЛАРЫ

Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёевтиң 2020-жыл 7-сентябрь күнги ПП-6061-санлы «Жер есабы ҳәм мәмлекетлик кадастрларды жүргизиў системасын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы Пәрманы ҳәм ПҚ-4819-санлы «Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик салық комитети жанындағы Кадастр агентлигин шөл­кемлестириў илажлары ҳаққында»ғы қарары қабыл етилген еди.

Президентимиз тәрепинен қабыл етилген Пәрманда жерлерден ақылға муўапық, нәтийжели ҳәм белгиленген мақсетлерде пайдаланылыўын тәмийинлеў, жерлерди қорғаў, жер менен үзликсиз байланыслы бол­ған мәмлекетлик кадастрлардың бирден-бир системасын толық жүргизиў мәмлекетимиздиң ең тий­карғы ўазыйпаларынан бири екенлиги белгиленген.

Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик салық комитети жанындағы Кадастр агентлигиниң тийкарғы ўазыйпалары — көшпес мүлкке болған ҳуқықларды мәмлекетлик дизимнен өткериў, геодезия ҳәм картография тараўында бирден-бир мәмлекетлик сиясатты әмелге асырыў, мәмлекет кадастрларын жүргизиў, көшпес мүлкке болған ҳуқықларды мәмлекетлик дизимнен өткериў, геодезия, картография ҳәм мәмлекетлик кадастрларды жүргизиў бағдарында халықаралық бирге ислесиўди кеңейтиў, көшпес мүлкке болған ҳуқықларды мәмлекетлик дизимнен өткериў, геодезия, картография ҳәм мәмлекетлик кадастрларды жүргизиў бағдарында кадрларды қайта таярлаў ҳәм олардың саўатын арттырыўды тәмийинлеў болып есапланады.

2020-жыл 1-октябрьден баслап жер участкаларына болған ҳуқықлардың жүзеге келиўи, өзгериўи, басқа шахс­қа өтиўи, шеклениўи ҳәм бийкар етилиўин нәзерде тутыўшы қарарлар, аукцион ҳәм таңлаў баянламалары, нотариал тастыйықланатуғын питимлер ҳәм бас­қа да ҳүжжетлер Өзбектан Республикасы Миллий географиялық мәлимлеме системасында мәмлекетлик дизимнен өткерилгеннен кейин күшке киреди ҳәм мәмлекетлик жер кадастры, биналар ҳәм имаратлардың мәмлекетлик кадастрын жүргизиў көшпес мүлкке болған ҳуқықларды мәмлекет дизиминен өткериў арқалы топланған мағлыўматлар тийкарында әмелге асырылады.

Соның менен бир қатарда, 2021-жыл 1-январьдан баслап жер балансы ҳәм оның есабаты районлық (қалалық) жер кадастры дәптери тек ғана Миллий геомәлимлеме системасы арқалы жүргизиледи.

Кадастр агентлиги қурамындағы мәмлекетлик кадастр палатасы көшпес мүлкке болған ҳуқықлардың мәмлекетлик реестрин, мәмлекетлик жер кадастры, биналар ҳәм имаратлардың мәмлекетлик кадастрын ҳәм де Мәмлекетлик кадастрлардың бирден-бир системасын жүргизеди.

И.ТЛЕУОВ,

Қарақалпақстан Республикасы Жер ресурслары ҳәм

мәмлекетлик кадастр басқармасы баслығы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF