МИЛЛИЙ БАСПАСӨЗИМИЗДИҢ КЕЛЕШЕГИ ҲАҚҚЫНДА АЙЫРЫМ ОЙЛАР...
«Еркин Қарақалпақстан» газетасында Өзбекстан Республикасына хызмет көрсеткен журналист Кеңесбай Реймовтың «Тамырға балта урылмайды, ямаса баспасөз тараўындағы машқалалар ҳаққында сөз» атамасындағы мақаласын үлкен қызығыўшылық пенен оқып шықтым.
Мақалаға байланыслы миллий баспасөзимиздиң ҳақыйқый жанашырлары тәрепинен көп ғана пикир ҳәм усыныслар, көзқараслар билдирилмекте. «Еркин Қарақалпақстан» газетасының усы жылдың 13-июнь сәнесиндеги санында Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген журналистлер Елмурат Байназаров ҳәм де Бийбижамал Караматдиновалардың «Оқыдық, пикир айтамыз» рубрикасы астындағы патриотлық руўхында жазылған мақалаларын оқыған ҳәр бир инсан ерксиз түрде мәмлекетшилигимиз тарийхы менен сыбайлас болған миллий газетамыздың бүгинги жағдайына жанашырлық пенен қараўы сөзсиз. Дурыс, өзин усы елдиң ҳақыйқый перзентимен деп санайтуғын ҳәр бир инсан усындай көзқараста пикирлеўи де керек. Әсиресе, К.Реймовтың мақаласындағы «Заман менен тең қәдем таслаўымыз зәрүр!»-деген шақырығы, пикири мени қатты ойландырды. Себеби, бизиң республикамыз ғалаба хабар қуралларының ең жасы үлкени, атасы есапланған сүйикли газетамыздың тәғдири, оның бүгини ҳәм де келешеги ҳаққында жан күйдириў ҳәр биримиздиң миннетли ўазыйпамыз болыўы керек. Солай екен, заман менен тең қәдем таслаў дегенниң өзи не?!-деген орынлы саўал туўылады. Биз ҳәзир миллий журналистикамыздың келешеги ушын заман менен тең қәдем таслап атырмыз ба яки жоқ па? - деген сораўлар да пайда болады. Заман менен тең қәдем таслаў ушын қандай мүмкиншиликлерге ийе болыўымыз керек, усы мүмкиншиликлердиң өзи бар ма?!. Қулласы, жиптиң бир ушын услап алып өзиңе тартып көрсең, екинши ушына жетемен дегенше мыңсан еки түйинге дус болыўың тәбийғый. Буған баслы себеп, глобалласыў процесинде республикамыз баспа ғалаба хабар қуралларының дүньялық стандартларға бейимлесиўи оғада әстелик пенен кешип атырғанлығында болса керек. Бизиң жергиликли газеталарымызда базар қатнасықларына бейимлесиўдиң өзи еле жетиспей атырғандай. Мысалы, дүньяның ең раўажланған көпшилик мәмлекетлеринде (АҚШ, Япония, Франция, Англия, Германия, Россия ҳ.т.б.) баспа ғалаба хабар кураллары журналистикасы илимий техникалық прогресстиң ең соңғы жетискенликлери менен тис-тырнағына шекем қуралланған аудиовизуал, интернет журналистикасы менен теңдей бәсекиге түспекте. Биз бундай мәмлекетлердиң газета-журналларының ис- тәжирийбелерин, жетискенликлериниң сырларын үйренип ҳәм де оны турмысқа енгизип барыўымыз тийис.
Дүньяда жетилискен мәмлекетлердиң бири сыпатында Япония мәмлекетиниң тәжирийбесине нәзер таслап көрейик. Мағлыўматларға қарағанда, бүгинги күнде Япония мәмлекетинде 130ға жақын күнделикли газеталар (ҳәр күни, сондай-ақ, азанда, кеште шығатуғын газеталар нәзерде тутылған) 72,2 млн. нусқада шығып турған болса, бул газеталардың ишинде төртеўи улыўма миллий басылымлар есапланып —«Йомиури Шинбун» (14,4 млн. тиражда), «Асахи Шинбун» (12,4 млн. тиражда), «Маиничи Шинбун» (6,5 млн. тиражда), «Нихон Кейзай Шинбун» (4,7 млн. тиражда) бул газеталар Япония мәмлекетинде шығатуғын барлық басылымлардың улыўма тиражының 45,5 процентин қурайды екен. Японияның ҳәр бир пуқарасы өзлериниң миллий газеталары саналған бул басылымларға жазылыўды ҳәр бири өзиниң миннетли ўазыйпасы деп есаплайды. Бул газеталарды алып оқығанды өзлери ушын үлкен мақтаныш, абырай деп биледи.
«Еркин Қарақалпақстан» газетасы да бизиң халқымыздың, миллетимиздиң мақтанышы есапланады. Газета арқалы ҳәр биримиздиң үйимизге жаңалық хабарлар менен бирге жоқары мәнаўият кирип келеди. Буны ҳәр биримиз естен шығармаўымыз керек. Мен республикамыздың барлық халқын усындай мәртликке, Ўатанды сүйиўшиликке шақырып қалар едим. Және бир нәрсе, мәмлекетимиз бойлап қабыл етилген қарарлар, Президент пәрманлары, түрли нызамлар ҳәм де нызам асты ҳуқықый норматив ҳүжжетлер толығы менен усы газетада басылып шығады. Соның ушын өзиниң тәғдирин мәмлекетимиздиң тәғдири менен байланыстырған ҳәр бир пуқара, мәкеме, кәрхана басшылары мәжбүрий емес, миннетли түрде «Еркин Қарақалпақстан» газетасына жазылыўы шәрт. Керек болса, ҳәр бир басшы (ийелеп турған лаўазымына қарамастан) бул мапазға тек «мапаз» ушын емес, халқымыздың келешегин белгилеўши реформалардың тәмийинлениўине үлес қосыў ушын ат салысыўымыз керек болады.
Жақында Өзбекстан миллий университетинде болып өткен илимий- әмелий конференцияға Япония мәмлекетинде мәмлекетимиздиң ўәкили сыпатында хызмет етип атырған кәсиплесимиз (исми Сангим) де қатнасты. Биз оннан Япония баспасөзиниң ҳәзирги жағдайы ҳаққында сорадық: — Дүньядағы ең көп газета оқыйтуғын халық японлар деп ойлайман, - деди ол. — Кейинги жылларда өткерилген изертлеўлерге қарағанда, Японияда жасаўшы ҳәр бир мың адамның 576 сы турақлы түрде газета оқыйды екен. Шығып турған газеталар тиражының 50 проценти усақлап сатыў жолы менен әмелге асырылады. Оларда газетаға итибар, газета оқыў мәденияты алдынан усылайынша қәлиплескен. Аудиторияны үйрениў ҳәм олардан айырылып қалмаў мақсетинде тез-тез мониторинглер өткерип турыў олар ушын әдетий жағдай. Мысалы, қәнигелескен газеталарда сол тараў бойынша жоқары оқыў орынларына оқыўға кириў ушын дүзилген тест вариантлары (жоқары оқыў орны министрлиги менен келисилген ҳалда) жыл даўамында турақлы түрде берилип, олардың көпшилик оқыўшылары абитуриентлер екен. Ҳәтте, мине усы тәреплерин салыстырмалы түрде үйренетуғын болсақ, бизиң газеталарымызда базар қатнасықларына бейимлесиў, оған көнлигиў елеге шекем жоқ екенлигин көриўимизге болады. Баспа журналистлеримиз өзлери шығарып атырған өнимниң аудитория ушын қай дәрежеде зәрүрлигин сезиниўи керек. Бурынғы аўқам дәўириндеги үйреншикли әдетке айланған газета-журналларға жазылыў жумысларында шөлкемлестириўшилерге мойын созыўлар даўам етпекте. Көпшилик редакцияларымыз «Алма пис, аўзыма түс» тәризинде жумыс алып бармақта. Қарақалпақстанда газета өнимлериниң базары улыўма көринбейди. Мәмлекетимизде базар қатнасықларына өтиў процесиниң басланғанына отыз жылға шамалас ўақыт болса да редакцияларымыздың дерлик ҳәммеси почта яки жаңалық тарқатыўшылар тәрепинен шөлкемлестирилген жумысларға қанаатланыўшылық пенен жасап келмекте. Сонлықтан, усақлап сатыў тәжирийбесин жетилистириўди сынап көриўди усыныс еткен болар едим. Мысалы, мыңлап исбилерменлеримиз бенен саўдагерлеримиз үлкен-үлкен базарларда хызмет етип, бала-шаға бағады. Олардың жумыслары аңсат емес. Таң азаннан ерте турып күн батқанша өз саўда, өндирис орынларында хызметте болады. Олардың дерлик ҳәммеси жоқары мағлыўматқа, айырымлары еки, ҳәтте үш дипломға ийе адамлар. Олар газетаға жазыла алмайды, ўақты жоқ, яки газеталардың жазылыў баҳалары қымбат, қалталары көтермейди. Бирақ, апарып берсең ҳәммеси де қызығып, газета оқыйтуғын адамлар. Раўажланған мәмлекетлердеги бундай ис усыллары өзиниң унамлы нәтийжелерин берип атырғанлығын көриўимизге болады.
Газета оқыўшыларының санының көплиги менен Япониядан кейин Англия турады екен. Германияда ҳәр мың адамға 330 адам,Францияда 218, Америкада 212, Россияда 105 адам күнделикли газеталарды турақлы түрде оқып барады екен. Әлбетте, бундай көрсеткишлерге ерисиў ушын мәмлекет тәрепинен жаратылған имканиятлар да көп мәселени шешеди.
Республикалық баспасөз үйиниң жаңа имаратқа көшип өтиўи бул тараўдағы үлкен жетискенликлердиң бири болды, десек болады. Буның ушын республика басшыларына мың да бир рахмет. Тилекке қарсы, 1940-жылда пайтахтымыз Нөкис қаласында бой тиклеген Нөкис полиграфкомбинатының «исбилермен»лердиң қолына өтип кетиўи, ўақтында 500 ден аслам, үш сменада жумыс ислейтуғын хызметкерлери бар үлкен кәрхананы жоқ етти. Ҳеш кимге сыр емес, дерлик республикамыздың барлық газета ҳәм журналлары (районлық ҳәм де тармақлық газеталар) қоңсылас Хорезм ўәлаятының типографияларында басылмақта. Бул нәрсе, өзимиздиң ишки базарымызда қалыўы тийис болған қәрежеттиң сыртқа шығып кетиўине себеп болмақта. Сонлықтан, полиграфиялық базаны беккемлеў мәселесин мәмлекет өз қәўендерлигине алмаса жағдай усы ҳалында қала береди.
Кавказ халқында «Таў Магомедке келмесе Магомедтиң өзи таўға барады» деген әжайып бир мақал бар. Газета-журналларымызды тез ҳәм сапалы етип оқыўшылардың қолына жеткерип бериўдиң жаңаша усылларын ойлап табыў, керек болса усақлап сатыўды жолға қойыўдың нәтийжелилигине ерисиў зәрүр. Жүз жылға шамалас ўақыт даўамында халқымызға руўхый азық, билим, мәденият тарқатып келген миллий баспасөзимизди заманға сай түрде келешек әўладқа жеткерип бериў ҳәм оны жетилистирип барыў — ҳәр биримиздиң миннетли ўазыйпамыз.
Д.БЕКБАЎЛИЕВ,
ҚМУ Журналистика кафедрасының баслығы,
тарийх илимлериниң кандидаты.