ҮШИНШИ РЕНЕССАНС: ОНЫҢ ТИЙКАРЫН ЖАРАТЫЎҒА ҮЛЕС ҚОСАЙЫҚ
Өзбекстан Республикасы Ғәрезсизлигиниң жигирма тоғыз жыллығына бағышланған салтанатлы мәресимде Президентимиздиң: «Халқымыздың уллы қүдирети толып-тасқан ҳәзирги заманда Өзбекстанда және бир ояныў Үшинши Ренессанс дәўирине негиз жаратылмақта десек, әйне ҳақыйқат болады.
Себеби, бүгинги Өзбекстан кешеги Өзбекстан емес. Бүгинги халқымыз да кешеги халық емес», деген сөзлери усы журттың раўажланыўы ушын өзин жуўапкер деп есаплайтуғын ҳәр бир инсанда мақтаныш сезимин оятады.
Үшинши Ренессанс бул оғада үлкен түсиник. Ол мәмлекетимиздиң уллы келешеги, қүдиретиниң көриниси. Биз тарийхтан «Мусылман Ренессансы», «Шығыс Ренессансы» деген түсиниклерди билемиз ҳәм бул түсиниклер тиккелей бизиң усы муқаддес топырағымыздың тарийхы менен байланыслы екенлигинен де хабардармыз. Шығыс ояныў дәўирине үлкен үлес қосқан алымларымыз Ибн Сино, Абу Райхан Беруний, Муўса ал-Хорезмий, кейин болса Темурийлер дәўири цивилизациясы ўәкиллериниң екинши раўажланыў басқышына қосқан үлеслери тарийхта мөрленип қалған.
Бүгинги күнде Президентимиздиң басшылығында әмелге асырылып атырған барлық тараўлардағы реформалардың болса келешекте Үшинши Ренессансқа тийкар болыўы тәбийғый. Мәселен, «Миллий тиклениўден миллий раўажланыўға қарай» деген шақырыўшы идеяның турмысымызға күн сайын терең кирип баратырғаны, кең жәмийетшилик, ел-журтымыз барлық унамлы өзгерислердиң басламашысы ҳәм дөретиўшисине айланып атырғаны, бәринен бурын халықтың, жәмийеттиң оянып атырғанынан дәрек береди. Сондай-ақ, баянатта атап өтилгениндей, Муҳаммед ал-Хорезмий атындағы халықаралық сыйлықтың шөлкемлестирилиўи, Ислам цивилизациясы орайы қурылысының жедел даўам еттирилип атырғаны, Имам Матуридий илимий-изертлеў орайын шөлкемлестириў барысындағы ис-ҳәрекетлер, қулласы, дизе берсек ўақыт жетпейтуғын жаңалық ҳәм жаңаланыўлар Жаңа Өзбекстанның айқын көриниси. Усылар қатарында булардың барлығы жоқарыда атап өтилген Үшинши Ренессанстың шын мәнисиндеги тийкары болып табылады. Мәмлекеттеги ҳәр бир пуқараны разы етиў, адамлардың турмыс пәраўанлығын арттырыў, исбилерменликти қоллап-қуўатлаў, кәмбағалшылықты қысқартыў, район ҳәм қалалар, мәҳәллелер, аўыллардың келбетин пүткиллей өзгертиў, жаңалаў бағдарындағы жумыслар әллеқашан өз нәтийжесин бере баслады.
Соны атап өтиў лазым, пүткил мәмлекетимиздиң раўажланыўы жолында әмелге асырылып атырған реформалар Қарақалпақстан Республикасында да өз көринисин таппақта. Мәселен, жас әўлад тәрбиясында шешиўши орын тутатуғын бақшалар ҳәм мектеплер системасындағы үлкен өзгерислер, Президент мектеби, Ибрайым Юсупов атындағы қәнигелестирилген ҳәм дөретиўшилик мектебиниң шөлкемлестирилиўи, бир қатар жаңа жоқары оқыў орынлары филиалларының ашылыўы, денсаўлықты сақлаў ҳәм басқа да социаллық тармақлардағы реформалар ҳаққында саатлап айтыў мүмкин.
Үлкен дөретиўшилик жумыслары нәтийжесинде Нөкистен баслап барлық район ҳәм қалалардың келбети, адамлардың турмыс тәризиниң пүткиллей өзгерип баратырғаны, Нөкис полимер, Нөкис электроаппарат заводлары сыяқлы ири кәрханалардың иске түсирилиўи, оларда ислеп шығарылып атырған өнимлер, экономика тараўындағы реформалардың нәтийжелерине байланыслы жүдә үлкен цифрларды келтириўимиз мүмкин. Улыўма алғанда, биз Қарақалпақстанда әмелге асырылып атырған кең көлемли ҳәм теңсиз, инсанның ақылына сыймайтуғын жумыслардың гүўасы сыпатында, Президентимиз атап өткен «Көз қорқақ, қол батыр» деген ибараның қаншелли дурыс екенлигине және бир мәрте исеним пайда етемиз. Себеби, Арал теңизиниң орнында пайда болған бийпаян, бир де бир гия көринбейтуғын, өнбейтуғын, дузлы боранлар уйтқып атырған саҳраны көрип, қайсы көз қорқпайды дейсиз. Инсанды қорқынышқа салатуғын мине усындай аймақта жасыл тоғайларды жаратыў ушын тек батыр қол ғана емес, ал, Журтбасшымыз айтқандай, батыр жүрек те керек. Бирақ, Аралбойында мине усындай жумыслар исленди ҳәм даўам етпекте.
Сондай-ақ, дүнья картасы былай турсын, Өзбекстан картасынан жоқ болып кетип атырған, қарақалпақ халқының өзи де үмитин үзген Мойнақ пүткиллей жаңаша көриниске ийе болып, бүгин дүнья итибарын тартпақта. Ол жерге өмир қайтты, адамлар қайтты, әжайып ҳәм заманагөй бир қалаша қурылды. «Мойнақ парлақ текстиль», «Мойнақ аквасанаат» сыяқлы ири кәрханалар иске түсти. Мәденият сарайы, футбол стадионы, ашық театр, «Арал теңизи тарийхы» музейи жаратылды. Ең әҳмийетлиси, жергиликли халықта келешекке үмит пайда болды, пикирлеў дүньясы, көзқарасы өзгерди. Жақында ғана мойнақшылар ушын және бир қуўанышлы ўақыя жүз берип, 300 миллиард сум есабынан қайта қурылған Мойнақ аэропортына биринши мәрте А-320 самолёты келип қонды. Булардың барлығын ҳақыйқый ояныў десек, дурыс болады. Президентимиз Үшинши Ренессанстың тийкары жаратылып атырғаны ҳаққында айтқанында мениң қыялымнан мине усы процесслер өтти.
Жәмийетимиз турмысының барлық тараўларын еркинлестириў, сөз ҳәм баспасөз еркинлиги, ашықлық ҳәм жәриялылық принциплерин терең орнатыў, мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының жумыслары үстинен нәтийжели жәмийетшилик қадағалаўын орнатыў бағдарындағы жумыслар, Президентимиздиң баслама ҳәм идеялары тийкарында мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик басқарыўды пүткиллей жаңалаўға қаратылған реформалар нәтийжесинде болса Өзбекстан жаңа демократиялық көринис пенен пүткил дүньяға бақты. Президент Шавкат Мирзиёевтиң Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлигиниң жигирма тоғыз жыллығына бағышланған салтанатлы мәресимдеги сөзинен жүдә көп жуўмақ шығарыў мүмкин. Ең әҳмийетлиси болса, биз мине усындай процесслердиң гүўасымыз, қатнасыўшысымыз.
Өзбекстанда Үшинши Ренессанстың тийкары жаратылып атырған екен, оған үлес қосыў, әлбетте, бәршемиздиң ўазыйпамыз болып табылады.
Назира МАТЯҚУБОВА,
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты.