АНТҚА САДЫҚ СИЗДЕЙ БОЛАР
күнлери тынымсыз, түнлери уйқысыз өткен шыпакер Ольга Миронецти улығлаймыз
Бүгинги күнге шекем «COVID-19» инфекциясының ерте тарқалыўының алдын алыў бойынша республикамызда 60135 пуқара тексерилген болса, тексерилиў нәтийжесин тастыйықлаўшы мағлыўматнамада «Вирусология бөлиминиң баслығы Миронец О.А.» деп жазылған.
Кимлердиңдур тексерилиў жуўмағы жақсы шықса, кимлердедур кериси болып, қолына алған мағлыўматнаманы қайта-қайта көзден өткерип, бул аты-фамилияны таныс билгенлер қашшан. Буннан көринип турғанындай, елимизде эпидемия тарқалғанлы берли тыным билместен, шыпакерлик кәсибине деген садықлығын дәлийллеп, муқаддес шыпакерлик кәсибине берген антын ақлап, пидайылық пенен мийнет етип атырған бул шыпакердиң бүгингидей қурамалы шараяттағы мийнетлерине ҳүрметимизди көрсетип қаншама жазсақ та, қаншама улығласақ та арзыйды.
Өзбекстан Республикасы Ғәрезсизлигиниң жигирма тоғыз жыллығы мүнәсибети менен коронавирус пандемиясына қарсы гүресиўде пидайылық көрсеткен медицина тараўы хызметкерлериниң бир топарын сыйлықлаў ҳаққындағы Өзбекстан Республикасы Президентиниң Пәрманына муўапық, мәмлекетимизде денсаўлықты сақлаў системасын раўажландырыў, атап айтқанда, коронавирус пандемиясы кеңнен тарқалыўының алдын алыў, санитариялық-эпидемиологиялық тынышлықты тәмийинлеў жумысына өзиниң билим ҳәм потенциалы, профессионаллық шеберлиги менен мүнәсип үлес қосқаны, халықтың саламатлығын қорғаў, наўқаслардың өмирин сақлаў, оларға меҳир ҳәм ғамқорлық көрсетиў бағдарындағы айрықша хызметлери, өзиниң өмири ҳәм денсаўлығын қәўип астына қойып, муқаддес шыпакерлик миннетин ҳүждан менен орынлаўдағы мәртлиги ҳәм пидайылығы ушын Миронец Ольга Артемовна II дәрежели «Саломатлик» ордени менен сыйлықланды.
Ольга Миронец мийнет сүйгиш ҳәм тәжирийбели қәниге сыпатында бүгинги күнде мәмлекетимизде «COVID-19» инфекциясы тарқалыўының алдын алыўда күни-түни тыным билместен шыпакерлик антына садық болған ҳалда жумыс процесин шын кеўли менен атқарып атырған жоқары категориялы шыпакерлерден бири.
Ол полимер шынжыр реакциясы (ПЦР) үскенесинде «COVID-19» инфекциясына шатылған пуқараларға медициналық жәрдем көрсетиў, олардан анализ алыў ҳәм сәўбетлесиўлер жүргизиўде өзиниң пуқаралық ўазыйпасын пидайылық пенен атқарып келмекте.
Қаҳарманымыздың 35 жыллық мийнет жолы менен жақыннан танысар екенмен, 1985-жылы Киев мәмлекетлик медицина институтының «Санитария-гигиена иси» қәнигелиги бойынша питкерип келип, Қарақалпақстан Республикасы Санитариялық-эпидемиологиялық станциясында интерна шыпакер болып дәслепки мийнет жолын баслады. Соң усы жерде шыпакер болып ислеп жүрип бир қанша тәжирийбелер топлаўға, билимлерин жетилистириўге еристи.
О.Миронец Қарақалпақстан Республикасы Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық орайының вирусология лабораториясын 2005-жылдан берли басқарып келмекте. Ол басшылық етип атырған бул лаборатория инфекциялық кеселликлерге, соның ишинде «COVID-19» инфекциясына анық диагноз қойыўда, пандемияға қарсы гүресиўде жуқпалы кеселликлерди анықлаўда күнди-күн, түнди-түн деместен сапалы қәнигелескен медициналық жәрдем көрсетиўши бирден-бир орынға айланған.
«COVID-19» инфекциясына дәслепки лабораториялық диагноз қойыў лабораториясы алдын 1 орында бар болған болса, бүгинги күнде оның тиккелей басламасы менен 4 орында жаңа лабораториялар шөлкемлестирилди. Жаңадан шөлкемлестирилген лабораторияларды өзи устазлық етип таярлап шығарған шәкиртлерине исеним менен тапсырыўы нәтийжесинде бул лабораториялар жетик билимге ийе лаборант қәнигелер менен тәмийинленип, бүгинги күнде «COVID-19» инфекциясының ерте анықланыўының алды алынбақта.
Атап айтқанда, Қарақалпақстан Республикасы Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық орайының вирусология лабораториясында, Республикалық оба карантин ҳәм аса қәўипли жуқпалы кеселликлерден қорғаў орайында, Республикалық АИЖС (СПИД)ке қарсы гүресиў орайы ҳәм Қоңырат районлық санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық орайы лабораториясында 24 саатлық жумыс тәртибинде полимер шынжыр реакциясы (ПЦР) усылында тексериў жумыслары алып барылып, 6 полимер шынжыр реакциясы (ПЦР) үскенелеринен пайдаланылмақта.
Буннан тысқары, соңғы 3 жыл даўамында лабораторияның жумыс процесинде оның тиккелей басшылығы менен лабораториялық тексериўлердиң саны 24 процентке көбейип, диагноз қойыў ҳәм бактериялар түрин анықлаў 42,1 процентке артқан. Лабораторияда диагнозды анықлаў жумысларында заманагөй усыллардан ҳәм жаңа медициналық әсбап-үскенелерден, буйымлардан кеңнен пайдаланыў жолға қойылған болып, яғный, бактериялардың қурамалы түрлерин бактериологиялық, серологиялық ҳәм биологиялық усылларда анықлаў ҳәм басқа да қурамалы процесслер әмелге асырылмақта.
Алып барылып атырған профилактикалық ҳәм эпидемияға қарсы илажлар нәтийжесинде халықтың 99,9 процентин басқарылатуғын инфекцияларға қарсы шаншылыўына ерисилген.
Сондай-ақ, Ольга Артемовнаның басшылығында халық арасында кеселликлердиң алдын алыўға қаратылған барлық илажлар нәтийжесинде өткен 2019-жылда вируслы гепатиттиң А түрине 188 жас өспиримлердиң тексериўден өткерилиўи шөлкемлестирилген. Иммунофермент анализ усылында гепатитлердиң В ҳәм С түрлерин анықлаў бойынша 18929 ҳәм сыртқы орталық объектлеринен (ишимлик суўы, ашық суў ҳәўизлери суўлары) ротавирус инфекциясына 208 сынамалар алынып, тексериўлер өткерилген.
Тынып-тыншымас Ольга Миронец «Славутич» Украина мәденият орайы Қарақалпақстан бөлиминиң баслығы лаўазымында да нәтийжели хызмет етип, миллий мәдений орай жумысларын системалы шөлкемлестирип, ғәрезсизлигимизди беккемлеў, халық, әсиресе, жас әўладты миллий ҳәм улыўмаинсаныйлық қәдириятларға ҳүрмет, Ана журтқа муҳаббат, ғәрезсизлик идеяларына садықлық руўхында саламат ҳәм бәркамал етип тәрбиялаўға мүнәсип үлесин қосып келмекте.
Соңғы 3 жылда оның басшылығында республикамыздағы мәкан пуқаралар жыйынларында, билимлендириў мәкемелери, кәрхана ҳәм шөлкемлерде миллетлер арасындағы татыўлықты беккемлеў ҳәм жасларды Ўатанға муҳаббат ҳәм садықлық руўхында пидайы етип тәрбиялаўға бағдарланған 50 ден аслам кең көлемли илажлар, ушырасыў кешелери, дөңгелек стол әтирапында сәўбетлесиўлер ҳәм таңлаўлар өткерилген.
Ольга Артемовнаның медицина тараўындағы ҳәм жәмийетлик жумысларға белсене қатнасқаны, мийнеткешлиги, пидайылығы, шебер шөлкемлестириўшилиги, нәтийжели хызметлери ҳүкиметимиз тәрепинен итибарға алынып, 2017-жылы «Шуҳрат» медалы менен сыйлықланыўға миясар болды.
Шаңарақта О.Миронец өмирлик жолдасы Юрий Абдуллаев пенен бирге 3 улды камалға келтирип, миллетлер татыўлығын сақлаған бахытлы шаңарақтың уйытқысы. Россия Федерациясында туўылып, украин миллетинен болса да Қарақалпақстанымызда мийнет етип, ҳүрметке бөленип, ең баслысы, бүгингидей сынаўлы күнлерде өз өмирин қәўип астына қойып болса да халық хызметинде болып атырғанлығын мақтаныш етеди.
Қаҳарманымыз жаратылысынан ашық минезли, тәртип-интизамлы ҳәм талапшаң болыўы менен бирге, хызмет ўазыйпасын ҳүжданы менен атқаратуғын, өзине билдирилген исенимди үлкен жуўапкершилик пенен ҳеш қандай кемшиликсиз орынлайтуғын инсан сыпатында да қәдирленеди. Ең бир айта кететуғын тәреплериниң бири, жәмәәтинде шөлкемлестириўшилик уқыбы ҳәм басқа да көпшилик үлги алса арзыйтуғын пазыйлетлери менен басқа кәсиплеслеринен ажыралып, олардың ҳүрметине ерискен.
Бүгинги күнде Ольга Артемовна сыяқлы басқа да пидайы шыпакерлердиң елимизде бар екенлиги менен мақтанамыз. Халқымыздың сизлерге болған исеними күннен-күнге артып, көзлерине куўаныш, кеўиллеринде үмит оятқан меҳриңиз бенен кәсибиңизден камал тапқайсыз дегимиз келеди.
Гүлнара ЖҮГИНИСОВА,
арнаўлы хабаршымыз.