Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 06:23:56, 25.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ШЫМБАЙЛЫ ЖАСЛАР ТУРМЫСЫНДАҒЫ ЖАҢАЛЫҚЛАР

Елимизде ғәрезсизлигимиздиң дәслепки жылларынан баслап-ақ, жасларға мәмлекет сиясаты дәрежесинде итибар қаратылып, олардың илим-билим алыўы, кәсип-өнер ийелеўи, исбилерменлик пенен шуғылланыўы, бир сөз бенен айтқанда, кәмил инсан болып жетилисип, өмирде өзлериниң мүнәсип орнын ийелеўи ушын барлық имканиятлар жаратылып келинбекте.

Әсиресе, 2018-жыл 27-июнь күни Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Жаслар ­ келешегимиз» мәмлекетлик бағдарламасы ҳаққында»ғы ПП-5466-санлы Пәрманының қабыл етилиўи жасларға өзлериниң бизнес-режелерин жүзеге шығарып, исбилерменлик жумысын жолға қойыў ушын үлкен имканиятлар есигин ашып берди. Себеби, бул бағдарламада жасларға жыллық 7 процентли 12 ай жеңиллетилген дәўир менен 5 жыл мүддетке жеңиллетилген кредитлер ажыратыў, жас исбилерменлерди арзан баҳада ижара орынлары менен тәмийинлеў ҳәм жумыссыз жаслардың бәнтлигин тәмийинлеўге көмеклесиў мақсетинде мәмлекетлик-жеке шериклик тийкарында «Жаслар мийнет гүзары» ҳәм «Жас исбилерменлер коворкинг орай»ларын қурыў, соның менен бирге, жаслардың билим ҳәм көнликпелерин арттырыў, оларды мийнет базарында талап жоқары болған кәсип-өнерге қайта оқытыў ўазыйпалары белгиленди.

Усы мәмлекетлик бағдарламадағы белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў, жаслардың исбилерменлик идея­ларын ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, жумыссыз жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде 2018-жыл 18-июль күни Өзбекстан Жаслар аўқамы жанында «Жаслар ­ келешегимиз» қоры дүзилип, усы жылы август айы даўамында оның қала ҳәм районлық филиаллары шөлкемлестирилди.

Ҳәзирги ўақытта қордың Шымбай районлық филиалы тәрепинен жаслар исбилерменлигин ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, жумыссыз жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде бир қанша жумыслар әмелге асырылмақта.

2018-жылдың сентябрь айынан быйылғы жылдың январь айына шекемги ўақыт аралығында жыллық 7 процентли 1 жыл жеңиллетилген дәўир менен жәми 15 жасқа өзлериниң бизнес-режелерин жүзеге шығарыў, исбилерменлик жумысларын жол­ға қойыў ушын қордың есабынан «Миллий банк» ҳәм «Агробанк» районлық филиаллары тәрепинен жәми 2 млрд. 738 млн. сум муғдарында жеңиллетилген кредит қаржылары ажыратылды ҳәм буның нәтийжесинде 40 жумыссыз жастың бәнтлиги тәми­йинленди.

«Миллий банк»тиң Шымбай районлық филиалынан жыллық 7 процентли 1 жыл жеңиллетилген дәўир менен 2018-жыл сентябрь  айынан 2019-жыл сентябрь айына шекемги дәўирде жәми 11 жасқа 1 млрд. 438 млн. сум муғдарында кредит қаржылары ажыратылды. Атап айтқанда, Нурылла Қоңыратбаевқа компьютер хызметлерин көрсетиў ушын 18 млн. сум, Турсынбай Бердиевке ыссыхана қурыў ушын 200 млн. сум, Муҳаббат Дәўлетоваға жасалма қапламалы киши футбол майданшасын қурыў ушын 250 млн. сум, Айсәнем Генжемуратоваға кондитер өнимлерин ислеп шығарыў ушын 15 млн. сум, Әдилбек Юсупбаевқа автомобильлерге техникалық хызмет көрсетиў ушын 200 млн. сум, Шарапатдин Қурбаниязовқа балықшылықты раўажландырыў ушын 25 млн. сум, Нурқумар Палымбетоваға  нан өнимлерин ислеп шығарыў ушын 60 млн. сум, Талғат Дошмағамбетовқа дән өнимлерин қайта ислеў ушын 95 млн. сум, Кәрим Матимовқа автомобильлерге техникалық хызмет көрсетиў ушын 150 млн. сум, Гүлайым Қалилаеваға кондитер ҳәм нан өнимлерин ислеп шығарыў ушын 300 млн. сум, Камаладдин Абдуллаевқа автомобильлерге хызмет көрсетиў ушын 125 млн. сум, ал, «Агробанк»тиң Шымбай районлық филиалынан жыллық 7 процент­ли, 1 жыл жеңиллетилген дәўир менен 2019-жыл ноябрь айынан 2020-жыл январь айына шекемги дәўирде жәми 4 жасқа 1 млрд. 300 млн. сум муғдарындағы кредит қаржылары ажыратылды. Атап айтқанда, Жәнибек Пир­ния­зовқа автомобильлерге техникалық хызмет көрсетиў ушын 500 млн. сум, Қутлымурат Байназаровқа нан өнимлерин ислеп шығарыў ушын 200 млн. сум, Рамазан Сәрсенбаевқа макарон өнимлерин ислеп шығарыў ушын 100 млн. сум, Гүлсәнем Баймуратоваға автомобильлерге хызмет көрсетиў ушын 500 млн. сум муғдарында кредит қаржылары ажыратылды. 

Ҳәзирги ўақытта Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 24-октябрьдеги ПҚ-4498-санлы қарары менен жасларға жыллық 15 проценттен кредит қаржылары ажыратылып келинбекте.

Сондай-ақ, жасларға жеңиллетилген кредитлер менен биргеликте ислеп шығарыў ҳәм хызмет көрсетиў имаратларын қурыў ушын аукцион саўдаларысыз жер орынларын ажыратыў бойынша район ҳәкимлиги, ра­йонлық қурылыс ҳәм архитектура бөлими менен биргеликте бир қанша жумыслар алып барылмақта. Буның нәтийжесинде 65 жас исбилерменге жер орынлары ажыратылды. Бул ажыратылған жер орынларында алдағы ўақытларда ислеп шығарыў ҳәм хызмет көрсетиў объектлери қурылып, l00ден артық жумыссыз жаслардың бәнтлиги тәми­йинленеди. Бул жумысларды алдағы ўақытларда да даўам еттирип, усы жылдың жуўмағына шекем жас исбилерменлерге жер орынларын ажыратыў белгилеп алынды.

Буннан тысқары, коммер­циялық банклердиң филиаллары, районлық салық инспек­циясы ҳәм Мәмлекетлик хызметлер орайы менен биргеликте исбилерменликке қызығыўшы жаслардың билим ҳәм көнликпелерин асырыў, олардың бизнес-режелерин еле де жетилистириў мақсетинде турақлы түрде ушырасыўлар, оқыў-семинарлары шөлкемлестирилмекте.

 Сәрбиназ ЖОЛЫМБЕТОВА,

Өзбекстан Жаслар аўқамы Шымбай районлық Кеңеси баслығының орынбасары.

СҮЎРЕТТЕ: райондағы жас исбилерменлер турмысынан көринис.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF