БАСЛАНЫЎЫ БАСЛАНДЫ, ИЗИ ШАЛА ТАСЛАНДЫ
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 20-апрельдеги «Пуқараларды социаллық қоллап-қуўатлаў бойынша қосымша илажлар ҳәм өз билдигинше қурылған турақ жайларға байланыслы мүлк ҳуқықын тән алыў бойынша бир мәртелик улыўма мәмлекетлик акцияны өткериў ҳаққында»ғы Пәрманы нызамсыз мүлкке ийе болған шаңарақлардың көп жыллық әрманын әмелге асырыўда үлкен баслама болды.
Усы Пәрманды орынлаў бойынша Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2018-жыл 21-июньдеги қарарынан келип шығып, нызамсыз салынған имаратларды нызамластырыў бойынша Нөкис қаласында да қызғын ис-илажлары басланды. Буны 24-санлы «Жеке терек» мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы «Қызкеткен жағасы» көшеси мысалында да көриўге болады. Бул нызамсыз салынған имаратлардың қурылысы l968-жылдан елимиз өз ғәрезсизлигине ерискенге шекемги аралықта даўам етти. Бир бөлеги «Дослық» каналы бойлап жайласқан болса, көпшилиги каналдан саға алып «Квадрат»тың үсти менен «Қоскөл»деги әскерий гарнизонға шекем баратуғын жаптың басланғыш бөлегиниң еки тәрепиндеги үлкен аймақты ийелеген. Көпшилик имаратлар бир қатар етип салынған болса да, бир бөлеги тәртипсиз қурылған көринисте. Шаңарақлардың барлығы да «нызамлы емес» деп мөр басылған кадастр ҳүжжетине ийе болыўына қарамастан барлық салық төлемлери ҳәр жыл сайын төленип келинди. Газ, суў, электр энергиясына есаплағышлар қурылған болып, қатаң қадағалаўда болды.
Жәрияланған пәрман ҳәм қарарға муўапық бул мәкандағы пуқаралар да үлкен үмит пенен көрсетилген ҳүжжетлерди жәмлеп дәслеп ҳәкимиятқа тапсыра баслады. Ол жерде өз билдигинше қурылған имаратларды үйрениў нәтийжелери бойынша алты адам қурамындағы комиссия дүзилди. Олардың бесеўиниң мақуллаўына қарамастан Нөкис қалалық қурылыс бөлиминен бириктирилген комиссия ағзасының қарсылығы бойынша көпшилик шаңарақларға «мүлк ҳуқықын бериў мүмкин емес» деген бийлик шығарылды. Кейин ала бул бийкар етилип, хызмет «Бир айна» арқалы әмелге асырылды. Тез арада ҳәр бир хожалыққа мүлк ҳуқықын бериў ҳаққындағы ҳәкимияттың шешими тапсырылды. Солай етип, ҳәр бир үйге, төрт сотыхтан алты сотых аралығындағы жер-мүлклер нызамластырып берилди. Сол шешимниң бесинши бәнтинде көрсетилиўинше, Нөкис қалалық кадастр бөлими мүлк ҳәм жерди кадастр ҳүжжетлерин таярлап бериўге ҳәм қәлеўшилерди «Үй дәптершеси» менен тәмийинлеўге миннетли еди.
Тилекке қарсы, ҳәкимият та халықтан түсетуғын төлемлердиң бир бөлегин өзлериниң есап бетине түсиргиси келди ме ямаса тезлетиўди мақул көрди ме, қосымша илаж сыпатында пуқаралардың бир топарына тиккелей ҳәкимиятқа мүрәжат етиўге рухсат берилди ҳәм нәтийжеде тийисли төлемин төлеп (үш есеге арзанға түсти) шешимди олардың өз қолларынан ала баслады. Айырымлары кадастрға барыўдың орнына тиккелей геодезия, анығырағы ГУП OZGASHKLITIның Қарақалпақстан Республикалық филиалына барып, шешимде көрсетилген жер-мүлкиниң сызылмасын қағазға түсиртип, қазық қақтырып шегаралап алыўға асықты. Ақыбетинде, биреўлери еки-үш сотыхтан көп болмаған жер майданын қоңсыларының есабынан бес-алты сотыхқа шекем кеңейтип алыўға еристи. Бул өзлерине де жери азлық етип атырған қоңсылар арасында наразылық келтирип шығарды. Ҳәтте, айырым хожалықлардың жолы байланып, соңы даўға да айланып кетти. (Қараңыз, «Пайтахттың хожейини бар ма?», «Устаз жолы» газетасы, 2019-жыл 2-март).
Бул мәселе бойынша қалалық архитектура бөлиминиң усы аймақтағы жуўапкер хызметкеринен «Онда бизлер де қазығымызды қақтырайық па?» деп мәсләҳәт сорап барылғанда «Қазықтың кереги жоқ, бурынғы отырыста отыра бериңлер!» деўден арыға өтпеди. «Ыржақлайын ба, тыржақлайын ба?» дегени усы шығар.
Демек, белгили бир системаға түспегенге шекем елеберин жер ҳәм мүлк салықларын төлеў барысында да шәлкем-шалыслықлар жүз беретуғынлығы айқынласты. Мысалы, ҳәкимият шешим қабыл еткен төрт ярым сотых ушын он беске-отыз метр өлшеми белгиленген болса, айырым хожалықлардың жайының ени он метрден аспайды, бирақ, егис жериниң узынлығы есабынан есапқа туўра келеди. Буған жетпис бесинши ҳәм жетпис бесинши «А» жайларын мысал етип көрсетиўге болады. Оларға тийисли жер майданының бир бөлеги аяқтағы қоңсыларға өтип кетиўиниң ақыбетинде үш сотыхты уттырды. Солай екен, бийликте көрсетилген жериниң бир бөлегинен айырылған хожалық ийесиниң салық төлеминен бас тартып судласыўы итималдан қашық емес.
Енди не ислеў керек? Бизиң пикиримизше, акция ақырына шекем барып жетпеген сыяқлы. Биринши жолы, егер де режелеринде бар болса бул аймақларда да қала жойбарына ылайықлы көше түсириўи, оларды қайта қурыў ушын мүддет белгилениўи, имканияты болғанша бузылатуғын жайларға компенсация төлениўи тийис. Ең әдили, қазықты ҳәр жерден емес, көшениң басынан баслап ақырына шекем үй қалдырмастан адақлап шығыўға қарар қабыл етилсе мақсетке муўапық болар еди. Ал, екиншиден, егер де бул аймақта келешекте үлкен қурылыслар жойбарын әмелге асырыў режелестирилген болса сол турысында қалдырыў, үшиншиден, бул жағдайда геодезияның төлемин төлегенге қазық қағып бере бериў ҳуқықын (архитекторлар да айыплы) шеклеў бойынша қатаң шешимлер қабыл етиў, ал, пуқаралардың төлеген пулларын қайтарып алыў ҳуқықын тиклеў мақсетке муўапық деп есаплаймыз.
Жуўмақлап айтқанда, бул мәселе бир жақлы болмайды екен, ақыбети қоңсы-қобалардың аўызбиршилигиниң бузылыўына алып барыўы итималдан қашық емес. «Елдиң тынышлығы үлкен байлығымыз» деген еди ҳүрметли Президентимиз Ш.Мирзиёев. Буған әмел етиў ҳәр бир пуқараның әдиўли ўазыйпасы. Солай екен, басы басланды ма, изи шала тасланбасын демекшимиз.
Көбейсин ЕРНАЗАРОВ,
журналист.