Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 06:34:59, 25.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ҚАРАҚАЛПАҚСТАНДА   РЕПРЕССИЯҒА УШЫРАҒАН УЛАМАЛАР (ҚӘЛИМБЕТ АХУН ӨТЕМУРАТ УЛЫ МЫСАЛЫНДА)

XX әсирдиң 30-жылларында пүткил елимизде, соның ишинде Қарақалпақстанда гүнасыз, диний саўатлы адамларды жазалаў өзиниң шегине жетсе де 1950-жыллары бул жағдай қайтадан даўам етти.

Прократура ҳәм мәмлекетлик қәўипсизлик уйымлары хызметкерлери инсан ҳуқықларын ҳәдден тыс аяқ асты етип, адам шыдап болмаслық дәрежеде нызамсыз жоллар менен тергеў ҳәрекетлерин жүргизип, жалған гүўалар, жалған ҳүжжетлер толтырыў арқалы  гүнасыз адамларды жынаятқа тартты.

1940-жыллардың ақыры ҳәм 1950-жыллардың басларындағы репрессиялар советлер ҳәкимияты тәрепинен турақлы түрде өткерилип киятырған зулымлық ҳәм қысымлардың гезектеги басқышы болды. Коло­ниялық ҳәм репрессиялық сиясат мәмлекетлик искерлер, ел басшылары, илим ҳәм билимлендириў, жәми­йетлик, экономикалық турмыс, жумысшы-дийқанлар менен бир қатарда диний уламаларына да «халық душпаны» деген атамада тамға басыўды даўам еттирди. Сол себепли оларға түрли ҳәкимшилик жаза усыллары қолланылып, айыпкер ретинде сол ўақыттағы мәмлекеттиң түрли орынларындағы мийнетти дүзетиў лагерьлери ҳәм колонияларға сүргин етилди.

Репрессияның жаңа тол­қыны екинши дүнья жүзилик урыс ҳәм урыстан ке­йинги жылларда болғаны тарийхтан белгили. Бунда уламалардан Сәлмен ийшан Камалов, Бәкир ийшан Разов, Пурхан ахун Қайыпназаров, Ниязымбет ахун Мамутов, Қәлимбет ахун Өтемуратов, Алланазар ахун Қосназаровлар «Германия фашистлери ҳәм Япония жансызлары» деп айыпланып, сүргин азапларын басынан кеширди.

Қанлы дәўирдиң қурбаны болған уламалар Германия, Америка, Англия ҳәм Япония мәмлекетлериниң бар екенлигин билетуғын шығар, бирақ, сол мәмлекетлердиң совет елине жаўыз нийетлери бар ямаса жоқ екенлигин ҳәтте, қыялына да келтирмес еди. Бул оларға жабылған жала екенлиги ҳәммеге түсиникли болса керек. Орайдың жергиликли нызам уйымларының хызметкерлери өзлериниң халық алдындағы айы­бын жасырып, жан сақлаў мақсетинде ели-халқы ушын жасалма жынаятлар шөлкемлестирип,  үлкен гүна ислегени белгили болды. Усындай инсанлардың қатарында Қәлимбет ахун Өтемуратовты да киргизсек болады.

Қәлимбет ахун Өтемуратов Шымбай районы «Қамысарық» аўыл кеңесиндеги «Саңқай» қойымшылығының әтирапында 1890-жылы туўылған. Әкеси Өтемурат суўпы диндар адам болған. Ол перзентин «балам молла болсын» деп жети жасында Қарақум ийшан мешитиниң имам молласына ески мектепке оқыўға береди. Мектепти питкергеннен кейин Алланазар ахун Қосназар улы менен Бухара қаласындағы Мир араб медресесинде оқыйды. Ол араб, парсы, түркий тиллердеги китапларды еркин оқыйтуғын, олардың мәнисине терең түсиник беретуғын саўатлы ахун болып шыққан. Кейин елге келип, халық арасында тәлим-тәрбия жумысларын алып барған ҳәм 1951-жылға де­йин Шымбай қаласындағы мешиттиң имам молласы болып ислейди.

Сол ўақытлары айырым шаласаўат адамлар Қәлимбет ахун Өтемурат улын Шымбай қаласындағы мешитте мектеп молла болып дин жолында хызмет иследи, совет ҳүкиметине қарсы миллетшилик көзқарасында үгит-нәсият тарқатып атыр деген жала менен қамаққа алады.

Қәлимбет ахун Өтемуратов «халық душпаны» атанып, дәслеп 1930-жылы, екинши рет 1938-жылы, үшинши рет 1951-жылы қамаққа алынып, 1952-жыл 10-апрель Түркистан әскерий округиниң әскерий трибуналы тәрепинен атыў жазасына ҳүким етиледи. Ке­йин бул жаза Өзбекстан ССР Жынаят кодексиниң 66-статьясының 2-бөлимине тийкар өзгертилип, 25 жыл қамақ, 5 жыл ҳуқықынан айырыў жазасына ҳүким етилди. Шымбайдан Нөкиске, Нөкистен Төрткүлге, Төрткүлден Ташкентке, Ташкенттен Қарағанды қаласына көмир кәнине жумысқа жибериледи. Сол жерде наразылық арзаларын жазған.

Наразылық арза бойынша СССР Жоқарғы судының әскерий коллегиясы 1956-жыл 1-апрель күни юстиция полковниги Цырлинскийдиң басшылығында, ағ­заларыF юстиция майоры Рыжков, әскерий бас прокурордың жәрдемшиси, юстиция подполковниги Федоровлардың қурамында оның айыплаў иси қайта қаралып, айыплаў тийкарсыз деп уй­ғарылады ҳәм Қәлимбет ахун қамақтан биротала азат етиледи.

Қәлимбет ахун Өтемурат улы оғада көп турмыслық тәжирийбелерди көрген, халыққа тәлим-тәрбия берген ел перзентлериниң бири. Қамақта болса да ол мусылманшылықтың жолын сақлап, намаз оқыған ҳәм ораза тутқан. Алған билимлерин қайта-қайта тәкирарлап, билимине билим қосып барған. Әсиресе, Қәлимбет ахун тил ҳаққында, адамлар арасындағы ҳәр қыйлы унамсыз ҳәдийселер ­ насыбайкешлик, шылымкешлик, ишиўшилик, урлық-зорлық ҳаққында келтирилген ҳәм басқа да нәсиятнамалары, әдеп-икрамлылық ҳәм тәрбия ҳаққындағы ҳикметли сөзлеринен жақсылықтың нышанлары бәр­ҳәма көринип турған.

Қәлимбет ахун ­ өмирдиң түрли тәшўиш, қыйыншылықларын көрген, заман қысыўметине ушырап, жалын жутып, от кешкен, ўақыялардың арасында полаттай болып шыныққанлардың бири. Ол өзиниң басып өткен өмир жолын хал­қымызға нәсиятлап, тәлим-тәрбия берип оқытып, саўатын ашыўға бағышлады.

Ол 1990-жылы 101 жасқа қарағанда қайтыс болды. Оның денеси Шымбай ра­йонындағы «Ахун баба» қойымшылығына жерленген. Туўған-туўысқанлары, тәлим-тәрбия алған шәкирт­лери оның қәбириниң басына тез-тез барып, зыяратлап турады. Репрессия сергизданлығына ушыраған үлкен уламалардың бири Қәлимбет ахун Өтемуратовтың басып өткен өмир жолы, ийгиликли ислери ҳақкында оның заманласлары тәрепинен көплеген еске түсириўлер жазып қалдырылған.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2017-жыл 22-ноябрьдеги «Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине қараслы Репрессия қурбанлары естелиги мәмлекетлик музейи ҳәм аймақлардағы жоқары билимлендириў орынлары қурамында Репрессия қурбанларын еслеў аймақлық музейлерин шөлкемлестириў илажлары ҳаққында»ғы 936-санлы қарары,  Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң 2017-жыл 28-ноябрьдеги 869-санлы буйрығы тийкарында шөл­кемлестирилген, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәм­лекетлик университети қурамындағы Репрессия қурбанларын еслеў музейиниң 1940-1950-жыллардағы репрессиялар дәўири бөлими экспозициясы көргизбеси ҳәм музей фонды ушын Қәлимбет ахун Өтемуратовтың жеке өзи пайдаланған саат (механикалық), шаққы (пышақ), пәки ҳәм басқа да буйымлары, қамаққа алынғанлығы ҳәм ақланғанлығы ҳаққындағы ҳүжжетлердиң түп нусқалары алынды.

Репрессия дәўири бойынша илимий руўхый-ағартыўшылық  жумысларды еле де кеңирек алып барыў, репрессияға ушыраған инсанлардың туўған-туўысқанларының тәғдири, сол дәўирди көрген, еситкен адамлардан заманагөй техникалық қураллардан  аудио, видео жазыўларын жазып алыў, архивлик дереклерди изертлеў, оларды кең жәмийетшиликке таныстырыў ­ бүгинги күнниң баслы ўазыйпаларының бири деп есаплаймыз.

А.ҚУДИЯРОВ,

Бердақ атындағы ҚМУ қурамындағы Репрессия

қурбанларын еслеў музейи директоры,

А.АЛИМБЕТОВ,

усы музей хызметкери.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF