ЖАС ИННОВАТОРЛАРДЫҢ ЖЕТИСКЕНЛИКЛЕРИ
Жаслар — бүгин ҳәр қашанғыдан да ойшыл, зийрек. Себеби, соңғы жылларда елимизде жаслар сиясаты айрықша әҳмийетке ийе екенлиги менен сезилерли дәрежеде жаңа басқышқа көтерилди.
Жаңа имканиятлар жасларымызды жаңа жойбарлар, жаңа идеялар, жаңа инновацияларға жетелемекте.
Жақында, Глобал экологиялық фондының Өзбекстандағы Киши грантлар бағдарламасы ҳәм Өзбекстан Жаслар аўқамы, Өзбекстан жас фермерлер Кеңеси менен биргеликте «Жаслар ықлым өзгериўине қарсы» таңлаўы жәрияланған еди. Таңлаўға жәми 100 ге жақын, соннан Қарақалпақстаннан 10 нан аслам жаслар өз жойбарлары менен қатнасты.
Таңлаў жуўмағында қарақалпақстанлы Рустамжан Мадраимов өзиниң «Сексеўил өсимлигин егиўши инновациялық қурылма» жойбары менен сыйлы 1-орын, ал, Акмал Таджимов «Биогумус ислеп шығарыў» жойбары менен 2-орын жеңимпазлары деп жәрияланды. Таңлаўдың 1-орын жеңимпазына шөлкемлестириўшилер тәрепинен 2000, 2-орын жеңимпазына болса жойбарларын әмелиятқа енгизиўи ушын 1500 АҚШ доллары бериледи.
— Арал бойы регионын абаданластырыў, көклемзарластырыў ислеринде қыс мәўсиминде «Пидайы жаслар» топары айрықша белсендилик көрсетти. Олардың арасында мен де бар едим. Сексеўил туқымларын егиў пайытында адамларға бир қанша қыйыншылықлар болғанлығының гүўасы болғанман. Сонлықтан да, «Сексеўил өсимлигин егиўши инновациялық қурылма»ны ислеп шығыўды нийет еткен едим. Мен буны әмелге асырдым. Бул қурылма ҳәр тәреплеме арнаўлы экспертизалардан табыслы өтпекте. Бул жойбарым таңлаўға сай келетуғынлығын еситкенимнен соң, қатнасып, жеңимпазлықты қолға киргиздим. Шөлкемлестириўшилер тәрепинен берилетуғын ақшалай сыйлық қурылманың әмелиятқа енгизилиўине жәрдем болатуғынлығынан қуўанышлыман. Мен бул жойбар менен шекленип қалмайман. Алға қойған режелерим, мақсет еткен жаңа инновациялық идеяларым бар. Жаңа жойбарларым елимиздиң раўажланыўына азғана болса да үлесин қосса, бул мениң перзентлик парызым екенлигин сезинемен, - дейди Рустамжан.
Рустамжан ҳәзир Ташкент мәмлекетлик Аграр университети Нөкис филиалының студенти. Ол университеттеги устазлары менен жаңа инновациялар бойынша турақлы байланыста болып, билим көнликпелерин арттырмақта.
Айырым жағдайларда адамлар шығындыларды таслаған пайытта, қандай ақыбетлерге алып келиўин ойламайды. Олардан 30 проценттен 40 процентке шекем органикалық элементлер ҳаўаға көтерилип, шығынды газларын шығарады. Олардың ишине метан, карбонат ангидрид, жағымсыз ийисти келтирип шығаратуғын токсик органикалық бирикпелер киреди ҳәм инфекциялар, вирусларды тарқататуғын үлкен шыбын ҳәм басқа да зыянлы ширкейлерди топлайды.
Органикалық шығындыларды биогумусқа қайта ислеў, ыссыхана газлары шығындыларын кемейтеди.
Биз сөз етпекши болған нөкисли Акмал Таджимов атмосфераны ыссыхана газларынан қорғаў, органикалық шығындыларды жоқ етиў, топырақ өнимдарлығын арттырыў мақсетинде әжайып жойбарын әмелге асырды. «Биогумус ислеп шығарыў» жойбарының «Жаслар ықлым өзгериўине қарсы» таңлаўында 2-орынды ийелеўи оның қай дәрежеде әҳмийетлилигин дәлиллеп берди.
— Жойбардың мақсети — көбирек адамларды өним ислеп шығарыўға бағдарлаў ҳәм олардың қатнасында жасаў орынларында қоршаған орталықты жақсылаўға үлес қосыўдан ибарат, - дейди Акмал. — Инсанлар органикалық элементлер шығынды емес екенлигин түсинип жетеди. Биогумус егин егилген топырақтың саламатлығы ушын жүдә пайдалы. Мен үй шараятында өзим түрли егинлерде, ҳәтте, гүллерде сынап көремен. Нәтийжеси, өзим ойлағаннан да артық...
А.Таджимов Нөкис қаласындағы 9-санлы улыўма билим бериў мектебин тамамлаған. Ҳәзир 5 ЖОО ларына абитуриент болыўына қарамастан, оқыў таярлықларынан жойбарлары ушын ҳәмийше ўақыт ажырата алады. Излениўден шаршамайды.
Елимизде инновациялық идеялары бар, озық ойлы, терең билимли жасларымыз бар екен, ертеңги келешектен үмитимиз күшли.
Индира МӘМБЕТНАЗАРОВА,
Өзбекстан Жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси баслығының баспасөз хаткери.