КОРРУПЦИЯҒА ҚАРСЫ СИСТЕМАЛЫ ГҮРЕСЕМИЗ
Соңғы жыллары бажыхана уйымлары жумысларында коррупцияға қарсы гүресиў бағдарында бир қатар жумыслар әмелге асырылып атыр.
Атап айтқанда, бажыхана хызметкерлериниң ҳадал, жуўапкершиликли болыўы ушын турақлы түрде үгит-нәсият жумыслары әмелге асырылмақта. Ҳәзирги санлы экономикаға өтиў дәўиринде бажыхана уйымлары жумысларының ашық-айдынлығын тәмийинлеў бойынша мәлимлеме технологияларынан жедел пайдаланып электрон ҳүжжетлер алмасыў системасының әмелиятқа енгизилиўи де бажыхана жумысларында коррупцияның алдын алыўға қаратылған илажларға киреди, десек қәтелеспеймиз.
Бүгинги күнде исбилерменлик субъектлерине мәмлекетимиз тәрепинен бажыхана рәсмийлестирилиўи бойынша жаратылған жеңиллик ҳәм имканиятлардан онлайн тәризде пайдаланыў, бажыхана рәсмийлестирилиўи ушын усынылып атырған ҳүжжетлерди электрон база арқалы усыныс етиў бойынша барлық шараятлардың жаратылғанлығы да мәмлекетлик уйымлардың хызметкерлери ҳәм исбилерменлик субъектлери арасындағы тиккелей байланыстың сезилерли дәрежеде азайып, коррупцияның алдын алыўға хызмет етпекте. Мәмлекетлик бажыхана комитети тәрепинен бажыхана уйымларында енгизилген 54 мәлимлеме системасы ҳәм 25 интерактив хызмет бажыхана уйымларының хызмет нәтийжелилигин арттырыў менен бир қатарда, системада коррупция иллетине қарсы гүресиў ҳәм оның алдын алыўда салмақлы қәдем болды.
Басқарманың Коррупцияға қарсы гүресиў ҳәм өз қәўипсизлиги бөлими тәрепинен быйылғы жылдың январь-июль айлары даўамында темаға байланыслы 12 мәрте лекция өткерилди. 23 хызметкер менен жеке түрде профилактикалық сәўбетлесиў алып барылды. Сондай-ақ, хызметкерлердиң ата-аналары ҳәм туўған-туўысқанларының қатнасыўында ушырасыў өткерилди. Бул жумыслардың барлығы системамыздан коррупция иллетин пүткиллей жоқ етиў мақсетинде әмелге асырылмақта.
Усы жерде барлық физикалық ҳәм юридикалық тәреплерге бажыхана тараўына байланыслы сораў ҳәм мүрәжатлары болса, Мәмлекетлик бажыхана комитетиниң ямаса Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасындағы исеним телефонларына қоңыраў етип жоллаўы мүмкин екенлигин еслетип өтемиз.
Ю.Қудиярова,
Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасы
мәлимлеме хызмети инспекторы.