Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 06:27:51, 25.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ХЫЗМЕТ КӨРСЕТИЎ ТАРАЎЫ РАЎАЖЛАНБАҚТА

Қарақалпақстан Республикасы Статистика басқармасы Өзбекстан Республикасы Президенти ҳәм ҳүкимети тәрепинен исбилерменликти раўажландырыў, олардың ҳуқық ҳәм мәплерин қорғаўды күшейтиў бо­йынша қабыл етилген пәрман ҳәм қарарларының орынланыўын тәмийинлеўге қаратылған Мәмлекетлик статистика комитетиниң комплекс ис-илажлары режесине муўапық өз жумысларын әмелге асырып келмекте.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2016-жыл 26-февральдағы «2016-2020-жылларда хызметлер тараўын раўажландырыў ҳаққында»ғы қарарына муўапық Өзбекстан Республикасында хызметлер тараўын раўажландырыўдағы төмендеги баслы жөнелислер ҳәм ўазыйпалар белгиленген.

Атап айтқанда, хызметлер тараўын раўажландырыў есабына жалпы ишки өнимди көбейтиў, оның республика экономикасындағы үлесин 48,7 процентке жеткериў режелестирилген.

Аўыллық жерлерде хызметлерди 1,8 есеге арттырыў көзде тутылмақта. Ал, инженерлик-коммуникация, жол-транспорт инфрадүзилмесин раўажландырыў, тармақларға заманагөй-мәлимлеме технологияларын енгизиў есабынан хызметлер тараўын, қурамалы өзгерислерди жедел раўажландырыў ушын шараятлар жаратыў жобаластырылмақта.

Бәсекилик орталығын қәлиплестириў, киши ҳәм жеке исбилерменлик субъектлерин раўажландырыўға көмеклесиў, түрли инновация хызметлерин, жаңа байланыс қуралларын кеңейтиў, халықтың телекоммуникация тармақларынан пайдаланыў техникалық имканиятларын тәми­йинлеў, олар тийкарында сапалы хызметлер көрсетиў, телефон байланысы ҳәм телевидениениң санлы системасына толық өтиў, байланыс ҳәм мәлимлемелестириўдиң республика экономикалық үлесин 2,5 процентке жеткериў ўазыйпасы қойылған.

Соның менен бирге, ең жаңа электрон, төлем технологияларын енгизген жағдайда финанс хызметлерин раўажландырыў, денсаўлықты сақлаў тараўында жоқары технологиялық хызметлерди раўажландырыў белгиленген.

Усы жылдың басынан республикамыз бойынша жан басына 1789,5 мың сумлық хызметлер көрсетилген. Бул көрсеткишлер хызметлер тараўының экономикамызда тутқан орны жүдә әҳмийетли екенлигин көрсетип турыпты.

Қарақалпақстан Республикасы Статистика басқармасы мәлимлеме хызмети.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF