ИЙИРИЛГЕН ЖИПЛЕР ҚЫТАЙҒА ЭКСПОРТ ЕТИЛМЕКТЕ
Қарақалпақстан Республикасы Өсимликлер карантини аймақлық инспекциясының мағлыўматларына қарағанда, жақында, Нөкис қаласы агроном-инспекторлары тәрепинен «Нөкис текстиль» ЖШЖ тәрепинен ислеп шығарылған ийирилген жип өнимлери карантин тексериўинен өткерилди ҳәм фитосанитар сертификатлар рәсмийлестирилип, Қытай Халық Республикасына экспортқа шығарылды.
«Нөкис текстиль» ЖШЖ тәрепинен күнине 4-5 тонна жип өними ислеп шығарылмақта. Айына 100-120 тонна ийирилген жип өними экспортқа шығарылмақта. Жыл басынан берли бүгинги күнге шекем баҳасы 1110,6 мың АҚШ долларына тең 739 тонналық ийирилген жип экспорт етилди.
«Өсимликлер карантини ҳаққында»ғы Нызамда көрсетилгениндей, транспорт қураллары, аўыл хожалығы машиналары, айырым санаат машиналары, қадақлаўшы үскенелер, сондай-ақ, өсимликтен таярланған буйымлар карантин объектлериниң тарқалыўына имканият туўдырыўы мүмкин.
— Ҳәр бир экспортқа шығарылып атырған өнимлер өсимликлер карантини агроном-инспекторлары тәрепинен карантин тексериўинен өткерилгеннен соң экспортқа шығарылмақта,-дейди Нөкис сыртқы экономикалық байланыс бажыхана посты агроном-инспекторы Теңелбай Кайпов. — Бундағы мақсет, экспортқа сапалы ҳәм зыянланбаған өнимлерди шығарыў, зыянлы организмлер тарқалыўының алдын алыў болып есапланады.
Усы жылдың I шерегинде 619,725 тонна ийирилген жип өнимлери карантин тексериўинен өткерилип, экспортқа шығарылды. Пахта өними алып келинбестен алдын, кәрханада зыянсызландырыў (фумигация) илажлары алып барылады. Пахта өними алып келингеннен соң карантин тексериўинен өткериледи. Егер зыянкеслер анықланса, зыянсызландырыў илажлары алып барылады. Цехтан жип өними ислеп шығарылғаннан соң да карантин тексериўинен өткериледи.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.