Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 06:47:02, 25.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

АРАЛЫҚТАН ОҚЫТЫЎ УСЫЛЫ НӘТИЙЖЕЛИ ШӨЛКЕМЛЕСТИРИЛМЕКТЕ

Мәмлекетимизде пандемия шараятынан келип шығып, жоқары оқыў орынларында оқыў процесиниң үзликсизлигин тәмийинлеў ҳәм студент-жаслардың билим алыўын аралықтан методикалық қоллап-қуўатлаў мақсетинде усы жыл 1-апрель сәнесинен баслап, республикамыздағы барлық жоқары оқыў орынлары сыяқлы Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында аралықтан оқытыў платформалары шөлкем­лестирилди. 

Бунда модуль системасында тәлим бағдарлары ҳәм қәнигелик пәнлер бойынша электрон ресурслары жаратылды. Әлбетте, аралықтан оқытыў платформаларының шөлкем­лестирилиўи үзликсиз билимлендириў системасын тәмийинлеў менен бирге виртуал әлемде оқытыўшы ҳәм студент-жаслар аудиториясының пайда болыўына тийкар  жаратты.

Пандемия шараятында аралықтан оқытыўды жолға қойыўда филиал жәмәәти шөлкемлескенлик түрде жумыс алып барды. Атап айтқанда, аралықтан оқытыўда онлайн оқыў платформасын енгизиў, сондай-ақ, элек­трон оқыў ресурсларын талап дәрежесинде ислеп шығыў бойынша исши топар дүзилип, модуль системасында аралықтан оқытыў платформасы жаратылды. Жасырарлығы жоқ, онлайн форматта оқытыў технологияларын турмысқа енгизиўде бир қатар кемшиликлерде болды. Бул бағдардағы жумысларды сапластырыў ҳәм онлайн оқытыў системасын сапалы шөлкемлестириў мақсетинде филиал педагог кадрлары ушын аралықтан билимин жетилистириў курслары шөлкем­лестирилди.

Республикамыздағы ҳәзирги эпидемиологиялық жағдайдан келип шығып, жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў системасындағы жоқары оқыў орынларында оқыў процесин сапалы шөлкемлестириў ҳәм үзликсизлигин тәмийинлеў мақсетинде 2020-2021-оқыў жылы аралықтан оқытыў усылында басланыўы режелестирилген. Бул бағдарда филиалда жаңа оқыў жылына таярлық көриўде Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң 2020-жыл 27-март сәнесинде қабыл етилген «Жоқары оқыў орынларында аралықтан оқытыўды енгизиў ҳаққында»ғы 233-санлы буйрығында белгиленген ўазыйпа­ларға тийкар онлайн платформаға оқыў режеде белгиленген пәнлер бойынша сапалы ресурсларды жаратып, оқыў процесин онлайн шөлкемлестириўге итибар қаратылмақта. Профессор-оқытыўшылар тәрепинен жаңа оқыў жылында тәлим бағдарлары кесиминде оқытылатуғын барлық пәнлер платформаға жай­ластырылыўы бойынша нәтийжели жумыслар алып барылмақта. Бунда тәлим бағдарлары ҳәм қәнигелик пәнлер бойынша электрон ресурсларға қойылатуғын талаплардан келип шығып, лекция, әмелий ҳәм слайд, темаларды беккемлеў ушын тест сораўлары, интернет ресурслары, әдебиятлар дизими, аудио ҳәм видеоматериаллар, аралық ҳәм жуўмақлаўшы қадағалаў тестлер жайластырылыўы белгиленген.

Филиалда студент-жаслардың мәлимлеме ресурс орайынан пайдаланыўына айрықша итибар қаратыл­ған. Мәлимлеме-ресурс орайының улыўма китап фонды 14262, соннан сабақлықлар 2240, оқыў қолланбалар 3685, көркем әдебиятлар 5100 ҳәм басқа түрдеги оқыў әдебиятлар саны 2483 ти қурайды. Студент-жаслардың оқыўлық ҳәм көркем әдебиятлардан пайдаланыўы бойынша олардың электрон нусқалары жаратылып, t.me/uzdsminf_arm телеграмм каналына жайластырылды.

Әлбетте, аралықтан оқытыў системасы жаңадан енгизилген технология емес. Раўажланған мәмлекетлер жоқары билимлендириў тараўы әллеқашан бул усылдан пайдаланбақта. Сонлықтан ҳәзирги эпидемиологиялық жағдайда үзликсиз билимлендириў системасын алып барыўда аралықтан оқытыўдың сапасын арттырыў әҳмийетли болып табылады. 

А.Оразов,

ӨзМКӨМИ Нөкис филиалы Билимлендириўдиң

сапасын қадағалаў бөлими бас қәнигеси.

 

Телеграм каналымыз: https://t.me/erkinqaraqalpaqstan

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF