ТАРАЎДЫҢ БАСШЫ ХЫЗМЕТКЕРЛЕРИ МЕНЕН СОРАЎНАМА ӨТКЕРИЛДИ
2019-жылдың 3-октябринде Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Өзбекстан Республикасында кадрлар сиясаты ҳәм мәмлекетлик пуқаралық хызмети системасын түп-тийкарынан жетилистириў ис-илажлары ҳаққында»ғы Пәрманы қабыл етилген еди.
Усы Пәрманда белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде усы жылдың l9-август күни Қарақалпақстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлигинде Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик хызметин раўажландырыў агентлигиниң Қарақалпақстан Республикасы филиалы тәрепинен Қарақалпақстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлигиниң орайлық аппараты ҳәм оның районлық бөлимлериндеги басшы хызметкерлер менен социаллық сораўнама өткерилди.
Сораўнаманы өткериўде тийкарынан басшы кадрлардың потенциаллық билимин жетилистириў, басшы менен хызметкерлердиң өз-ара мүнәсибетлери, басшылардың хызметкерлер менен ислесиўге көбирек ўақыт ажыратыўы, басшылардың шөлкемлестириўшилик қәбилети ҳәм кадрлар көнликпелери бойынша пикирлерине үлкен әҳмийет қаратылды.
Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик хызметин раўажландырыў агентлигиниң Қарақалпақстан Республикасы филиалы тәрепинен республикамыздағы министрлик системасында басшы лаўазымларында ислеп атырған хызметкерлер менен социаллық (аноним) сораўнама ҳәм анализ өткериў илажлары даўам етпекте.
Сағынбай ОРАЗЫМБЕТОВ,
өз хабаршымыз.
СҮЎРЕТТЕ: сораўнама өткериў барысынан көринис.
Автордың түсирген сүўрети.