Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 06:45:01, 25.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

БМШниң 75 ЖЫЛЛЫҒЫ: КЕЛЕШЕККЕ НӘЗЕР

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 17-январьдағы «2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бо­йынша Ҳәрекетлер стратегиясының «Жедел инвестициялар ҳәм социаллық раўажланыў жылы»нда әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарламасы ҳаққында»ғы Пәрманы тийкарында мәмлекетимизде  әмелге асырылып атырған реформаларға бийпәрўа болмаған барлық пуқаралар, шет елде жасап атырған ўатанласларымыз, исбилерменлер жәмийети ҳәм мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң ўәкиллери ҳәм де жасларды усы идея әтирапында ықтыярлы түрде бирлестириў мақсетинде республика «Юксалиш» улыўма миллий ҳәрекети ҳәм оның аймақлық бөлимлери шөлкем­лестирилди.

«Юксалиш» улыўма миллий ҳәрекети Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими 2019-жыл апрель айынан баслап өз жумысын алып бармақта.

«Юксалиш» улыўма миллий ҳәрекети БМШниң Өзбекстандағы ўәкилханасы менен «БМШниң 75 жыллығы: Келешекке нәзер» глобал сәўбетлесиўлер шеңберинде мотивациялық ушырасыўлар шөлкемлестирилмекте. Усындай илажлардың бири Қарақалпақстан Республикасында БМШ тәрепинен қабыл етилген турақлы раўажланыў мақсетлериниң «Ықлым өзгериўине қарсы гүресиў ҳәм қурғақлықтағы экосистемаларды қорғаў жөнелислери» бойынша Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Аралбойы халық­аралық инновациялық орайда видео-конференция режиминде шөлкем­лестирилди.

Көпшиликке белгили, 2015-жылы 25-сентябрьде  Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблеясында 70/1 санлы «Дүньямызды өзгерттириў, 2030-жылға шекем болған дәўирде турақлы раўажланыў тараўындағы күн тәртиби» резолюциясын қабыл етти ҳәм ол 2016-жылы 1-январьдан күшке кирди. Усы ҳүжжет комплексли характерге ийе 17 мақсет ҳәм 169 ўазыйпаны өз ишине алған болып, турақлы раўажланыўдың ҳәр үш компоненти экономикалық өсиў, социаллық инте­грация ҳәм экологиялық турақлылық теңлигин тәми­йинлейди.

Турақлы раўажланыў мақсетлери — кәмбағал, бай ҳәм орташа раўажланған барлық мәмлекетлер тәрепинен ҳәрекетке шақырыўшы өзине тән усынысы болып, олар бизиң планетамыздың абаданлығын ҳәм қорғалыўын жақсылаўға қаратылған. 

Дүнья мәмлекетлери кәмбағаллықты сапластырыў илажлары, экономикалық өсиўди күшейтиў ҳәм билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, социаллық қорғаў ҳәм бәнтликти тәми­йинлеў, сондай-ақ, ықлым өзгериўи ҳәм қоршаған орталықты қорғаў тараўларындағы бир қатар машқалаларды  шешиў бо­йынша ис-ҳәрекетлер менен биргеликте қабыл етилиўи зәрүрлигин тән алады. Усы мәселелерди өз ишине қамтыған конференцияны «Юксалиш» улыўма миллий ҳәрекети Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими баслығы Т.Романов ашты ҳәм алып барды. Онда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының Экология ҳәм Аралбойы аймақларын раўажландырыў мәселелери бо­йынша биринши орынбасары Ж.Казбеков, Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Аралбойы халық­аралық инновация орайы директорының орынбасары М.Ғаниев, ҚМУдың биология факультети экология ҳәм топырақтаныў кафедрасы доценти А.Қыдырбаева, Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитетиниң бөлим баслығы Б.Ибрагимов, Өзбекстан Экологиялық партиясы Қарақалпақстан Республикасы партия шөлкеми баслығы А.Бегимовалар өзлериниң баянатлары менен қатнасты.

Конференцияда спикерлер экологиялық турақлылық теңлигин тәмийинлеў, ықлым өзгериўи ҳәм қоршаған орталықты қорғаў тараўындағы машқалаларды шешиў ҳәм экологиялық мәдениятты арттырыў, саламат турмыс қәлпин қәлиплестириў бойынша өз пикир-усынысларын билдирди.  

­ Биринши мәрте Zооm бағдарламасы тийкарында өткерилген бул конференцияда Арал регионында экологиялық жағдайларды, қоршаған орталықты жақсылаў, биологиялық көптүрлиликти, ҳайўанатлар ҳәм өсимликлер дүньясын сақлаў мәселелериниң сөз етилиўи үлкен әҳмийетке ийе болары анық, - дейди ҚМУ доценти А.Қыдырбаева.

Бүгинги күни қоршаған орталықты қорғаў — ҳәр биримиздиң ўазыйпамыз. Әлбетте, бундай илажлардың шөлкемлестирилиўи алдағы ўақытлары да экологиялық жағдайдың жақсыланыўына, ондағы ҳайўанатлар ҳәм өсимликлер дүньясының раўажланыўында нәтийжесин берери анық.

Г.САПАРОВА,

арнаўлы хабаршымыз.

СҮЎРЕТТЕ: илаждан көринис.

Автордың түсирген сүўрети.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF