МАҚСЕТ — ЖАСЛАРДЫҢ НЫЗАМЛЫ МӘПЛЕРИН ҚОРҒАЎ
Президентимиз басшылығында 2017-жыл 15-ноябрь күни жаслар арасында жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын-алыўға қаратылған мәселелер бойынша өткерилген видео-селектор мәжилисинде билип-билмей жынаят көшесине кирип қалған, жолдан адасқан келешегинен үмит күттиретуғын жас пуқараларды Жаслар кепиллигине, мәмлекет кепиллигине алыў арқалы оларды жазадан азат етиў мәселесине айрықша тоқтап өтилген еди.
Усы тийкарда 2017-жыл 5-декабрь күни Өзбекстан Жоқарғы суды ҳәм Өзбекстан жаслар аўқамы Орайлық Кеңеси ортасында жаслар мәселелери тараўында өз-ара бирге ислесиў ҳаққындағы меморандумға тийкар, 2017-жыл 20-декабрь күни Қарақалпақстан Республикасы Пуқаралық, Жынаят, Ҳәкимшилик, Экономикалық судлары, Нөкис әскерий суды ҳәм де Өзбекстан жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси ортасында меморандум ислеп шығылды. Меморандум талапларынан келип шығып, жынаятқа қол урған жас пуқараның тиккелей өзиниң, ямаса ата-анасы яки олардың орнын басыўшы шахслардың, жақын туўысқанларының, тәлим яки жумыс орны ўәкиллериниң Өзбекстан жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси, аўқамның Нөкис қалалық ҳәм барлық районлық Кеңеслерине жоллаған мүрәжаты тийкарында жынаят еткен жас пуқараның жәмийетте тутқан орны, минез-қулқы кең жәмийетшилик ўәкиллериниң қатнасында үйренилип, топланған ҳүжжетлер Өзбекстан жаслар аўқамы Орайлық Кеңеси жанындағы Республика жас юристлер шөлкемине үйренип, пикир билдириў ушын жибериў көрсетип өтилген. Шөлкем тәрепинен жынаят ислеген жас пуқараға унамлы пикир билдирилгеннен кейин, иси судта биринши инстанция басқышында көрилип атырған жынаят иси жүзесинен Жынаят-процессуал кодексиниң 42 ҳәм 44-статьялары талаплары тийкарында жәмийетлик қорғаўшы сыпатында суд мәжилисинде қатнасыў ўазыйпасы белгиленген. Бул өз гезегинде, Өзбекстан жаслар аўқамына жаслардың ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерин суд минберлеринде турып қорғаўға имканият жаратып береди.
Кепиллик тийкарында суд залынан азат етилген ямаса еркинен айырыў менен байланыслы болмаған басқа жаза түри тайынланған жас пуқаралар менен ишки ислер ҳәм де мәҳәлле уйымлары менен биргеликте 1 жыл мүддетке индивидуал бағдарлама ислеп шығылады. Усы бағдарлама талаплары тийкарында кепилликке алынған жас пуқараның жәмийетте өз орнын табыўда, оның бос ўақтын мазмунлы шөлкемлестириў, бәнтлигин тәмийинлеў, саламат орталыққа қайтарыў менен байланыслы профилактикалық илажлар әмелге асырылады.
Бүгинги күнде, бул бағдарда Өзбекстан жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық Кеңесине 32 аўызша ҳәм 20 жазба түрдеги мүрәжатлар келип түсип, бул мүрәжатлар Өзбекстан Республикасының «Физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатлары ҳаққында»ғы Нызам талаплары тийкарында көрип шығылып, нәтийжелерине көре жаслар кепиллиги тийкарында жынаят иси бойынша 22, ҳәкимшилик ис бойынша l жас пуқара жаслар кепилигине алынып, бул жасларға жаслар кепиллиги тийкарында тийисли суд органлары тәрепинен еркинен айырыў менен байланыслы болмаған жеңил жаза түрлери қолланылыўы тәмийинленди.
Индивидуал бағдарламада белгиленген профилактикалық илажларды әмелге асырыў мүддети тамамланғанлығы мүнәсибети менен 11 жас пуқаралар қадағалаўдан шығарылды.
Қуўанышлы тәрепи, кепилликке алынған жаслардың бәршесиниң бәнтлиги тәмийинленип, олар арасында қайта жынаят яки ҳуқықбузарлық ислеў жағдайлары болмады.
Ҳүрметли Президентимиз Ш.Мирзиёевтиң «Жаслар-келешек қурыўшысы» деп атап өткениндей, келешегимиз даўамшысы болған жас өспиримлер ҳәм жасларымыздың ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм олардың нызамлы мәплериниң қорғалыўына, тәлим алыўына, оларды ҳәр тараўда қоллап-қуўатлаўда ҳәм де маман кадрлар болып жетилисиўи ушын ҳәр биримиз өз күш-жигеримизди аямаўымыз керек.
Казбек ПАЛЎАНИЯЗОВ,
Өзбекстан Жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси
ҳуқық мәсләҳәтшиси.