Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 06:55:27, 25.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ЖОҚАРҒЫ КЕҢЕСИНИҢ ЖЕТИНШИ СЕССИЯСЫ ҲАҚҚЫНДА МӘЛИМЛЕМЕ

Усы жыл 22-август күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң жетинши сессиясы болып өтти.

 Cессияның жумысына Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи Т.Худайбергенов, сенаторлар, ҳүкимет ағзалары, қала ҳәм район ҳәкимлери, тийисли тараў басшылары ҳәм  ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Сессияны Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары  А.Давлетов кирис сөз бенен ашты ҳәм алып барды.

Ең дәслеп, депутатлар сессия­ның Секретариатын сайлады ҳәм күн тәртибин тасты­йықлады.

Сессияда «Аралбойы регионында экологиялық турақлылықты сақлаў бағдарында әмелге асырылып атырған абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў жумыслары ҳәм жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў ҳаққында»ғы мәселе қарап шығылды.

Атап өтилгениндей, бүгинги күнде Президентимиздиң басшылығында экономикамыздың барлық тараўларында алып барылып атырған реформалар, анық мақсет ҳәм ўазыйпаларды өзинде жәмлеген Пәрман, қарар ҳәм бағдарламалар турмысымызда айрықша әҳмийетке ийе болмақта.

Елимиз басшысының Қарақалпақстанға болған айрықша итибары нәтийжесинде экономикамыздың барлық тараўлары, соның ишинде, социаллық, қурылыс, аўыл хожалығы тараўларын, исбилерменликти раўажландырыў, экологиялық орталықты жақсылаў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, сондай-ақ, халыққа мүнәсип турмыс шараятын жаратыў бойынша кең көлемли жумыслар алып барылмақта.

Президентимиздиң БМШ Бас Ассамблеясының 72-сессиясында тынышлық ҳәм қәўипсизликти тәмийинлеў, регионның суў ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыў, Арал апатшылығынан жәбир көрген халыққа әмелий жәрдем көрсетиў бойынша билдирген пикирлери, теңиздиң картасын қолына алып, донор мәмлекетлер менен бирге халық­аралық шөлкемлердиң итибарын қаратқаны — бул халқымыз тәрепинен ҳеш қашан умытылмайтуғын тарийхый ўақыялардан есапланады. Сондай-ақ, 2018-жылдың ноябрь айында БМШтың Аралбойы регионы ушын Инсан қәўипсизлиги бо­йынша көп тәреплеме шериклик тийкарында Траст фонды шөлкемлестирилди. Бул фондқа сол күнниң өзинде Қытай, Норвегия, Қатар сыяқлы бир қатар мәмлекетлерден донорлық қаржылар келип түскени, булардың барлығы Арал машқаласының шын мәнисинде дүнья жүзи маш­қаласы сыпатында тән алынғанынан дәрек береди.

Елимиз басшысының 2018-жылдың 15-16-ноябрь күнлери республикамызға сапары ўақтында берилген тапсырмалар тийкарында аймақта экологиялық орталықты жақсылаў ҳәм Аралбойы регионының турақлы раўажланыўын тәмийинлеў бойынша Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының биринши орынбасары, Мойнақ, Қоңырат, Тахта­көпир, Қараөзек ҳәм Кегейли районлары ҳәкимлериниң экология ҳәм Аралбойы аймағын раўажландырыў мәселелери бо­йынша биринши орынбасары лаўазымлары енгизилди.

Бәршемизге мәлим, Арал теңизиниң қурыған ултанынан көтерилип атырған дузлы қумлар ушын «Жасыл қапламалар»-қорғаў тоғайлықларын пайда етиў мақсетинде өткен дәўир аралығында 1 миллион 167 мың гектардан аслам майданға сексеўил, қәндим ҳәм шөлге шыдамлы бас­қа да егинлер егилди. Ҳәр бир сапар даўамында аймақ халқының мүнәсип турмыс шараятын жақсылаў, бәнтлигин тәмийинлеў, әсиресе, жасларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, оларға кең имканият ҳәм қолайлықлар жаратыў бойынша кешиктириўге болмайтуғын ўазыйпаларға айрықша итибар қаратылмақта.

Бул бағдарда Президентимиздиң басламасы менен Қарақалпақстанда шарўашылық тараўын раўажландырыў ҳәм жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша «Қарақалпақстан тәжирийбеси»ниң енгизилиўи айрықша әҳми­йетке ийе болмақта. Атап айт­қанда, Бозатаў, Тахтакөпир, Қоңырат ҳәм Мойнақ районларын шарўашылыққа қәнигелестириў, бул тараўда барлық ра­йонларға берилген жеңилликлер тийкарында усы жылда 490 миллиард сумлық 236 жойбарды әмелге асырыў ҳәм 1582 жаңа жумыс орнын жаратыў режелестирилген.

Жаслар менен ислесиў бо­йынша тастыйықланған «мәнзилли реже»ге киргизилген 22 мың 500 ге жақын жастың бәнтлиги тәмийинленди. Бул бағдарда ҳәр бир районнан 1 гектар­ға ыссыхана (парник) қурыў ҳәм «Мойнақ келешек жаратыўшылары» жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен аўыл хожалығында әмелге асырылып атыр­ған жумыслар нәтийжесинде 1500 ге жақын жас жумыс пенен тәмийинленип, усы жаслардың ҳәр бири өзиниң 2-3 теңлесин жумысқа тартпақта.

Ҳаял-қызлар бәнтлигин тәмийинлеўде шетки аймақлар — Мойнақ, Қанлыкөл, Бозатаў, Тахтакөпир ҳәм Елликқала районларында тигиўшилик кәрханалары иске түсирилип, 1150 турақлы жумыс орны жаратылды. Жоқарыдағылар менен бир қатарда Өзбекстан Республикасы Президентиниң басшылығында усы жыл 20-август күни өткерилген видеоселектор мәжилисинде бүгинги күни «Сақаўат ҳәм жәрдем» улыўмахалықлық ҳәрекети даўамында елимизде енгизилген «Темир дәптер» тийкарында әмелге асырылып атыр­ған жумыслар сыяқлы «Жаслар дәптери» ҳәм «Ҳаял-қызлар дәптери»н қәлиплестириў бойынша анық ўазыйпалар белгиленди. Бунда бәнтлиги тәмийинленбеген жаслардың ҳәм ҳаял-қызлардың дизими алынып, олардың ҳәр бири менен бирме-бир ислесиў және ҳәр тәреплеме жәрдем бериў бойынша әҳми­йетли тапсырмалар берилди.

Сессияда Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңес­гөйи Т.Худайбергенов Арал теңизиниң қурыған ултанында шөлге шыдамлы өсимликлерди егип, жасыл тоғайлықлар пайда етиў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар ҳәм алда тур­ған ўазыйпаларға тоқтап өтти. Бул жумысларға елимиздиң барлық ўәлаятларынан, республикамыздың қала ҳәм районларынан жумысшылар, мыңға шамалас түрли маркадағы техника, самолётлар қатнасқанлығы атап өтилди.

Республикамыз жаслары Арал теңизиниң қурыған ултанында болып, әмелге асырылып атырған кең көлемли жумыслар менен жақыннан танысты. Бундай ийгиликли ислер даўам еттирилип, быйылғы жылы да сексеўил, қәндим ҳәм басқа да шөлге шыдамлы өсимликлер егиў, тоғай хожалықларына қосымша хызметкерлер тартыў, жаңа техникалар ҳәм үскенелер алып келиў режелестирилмекте.

Сессияда Арал теңизи ултанын «Жасыл қаплама»ға айландырыў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар ҳәм ерисилген нәтийжелерди, бул ийгиликли иске жасларымыздың қосып атырған үлесин өзинде жәмлеген видеороликлер депутатлардың дыққатына усынылды.

Қарап шығылған мәселе бо­йынша депутатлар ҳәм тийисли тараў басшыларының мәлимлемелери, пикир-усыныслары тыңланды ҳәм бул бойынша тийисли қарар қабыл етилди.

Усының менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң жетинши сессиясы өз жумысын жуўмақлады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF