«МИЛЛЕТ УШЫН АЙНА КЕРЕК»
Маҳмудхожа Беҳбудий 1875-жылы 20-январьда Самарқанд қаласында дүньяға келген. Жаслайынан илимге қуштар, қызығыўшаң болып өскен. Қысқа өмири даўамында уллы ислерди әмелге асырып, тарийх бетлеринде өшпес из қалдырған бабамыздың бай дөретиўшилик жолы еле берин изертленбекте.
Маҳмудхожа Беҳбудий Түркистан халқының миллий қаҳарманы, жәмийет, мәденият ҳәм билимлендириў ғайраткери, биринши өзбек драматурги, белгили жазыўшы, тәжирийбели аўдармашы еди. Тийкарғысы, ол жадидшилик ҳәрекети басшыларынан, жаңаша оқыў методикасы лидерлеринен бири саналады. Бул уллы инсанның аты тек Түркистан зиялылары арасында емес, ал, мәмлекет шегараларынан да өтип, Азия ҳәм Европаның көплеген мәмлекетлеринде де кеңнен танылды.
Маҳмудхожа Беҳбудийдиң дөретиўшилик жолы жүдә кең қамтыўлы болғанлықтан, биз мақаламызда оның билимлендириў, жаслар тәлим-тәрбиясы бойынша алып барған изленислери, өткир пикирлерине тоқталмақшымыз.
Түркистанда «Усули жадид», «Усули савтия» аты менен даңқ таратқан мектеплер шөлкемлестириўде жадидлердиң, солар ишинде Маҳмудхожа Беҳбудийдиң хызметлери уллы болды. Олардың гөзлеген мақсети — жас әўладтың миллий сана-сезимин қәлиплестириў, өзлигин таныўына, камалат таман барыўына, сол арқалы миллеттиң ояныўы ҳәм дүнья жәмийетшилигинде өз орнын табыўына ерисиўден ибарат болған.
Маҳмудхожа Беҳбудий жәҳәнниң бир қанша мәмлекетлеринде болып, ол жерлердеги халықтың турмыс-тәризи, дүнья танымы, мәденияты, илим-билимлендириўи менен жақыннан танысады. Мысыр, Сирия мәмлекетлеринде, Түркия ҳәм Россияның бир қанша қалаларындағы өзгерислер, алға илгерилеп баратырған Европа менен қызықсынады. Саяхатлары даўамында өз елиниң раўажланыўдан арқада қалып баратырғанлығы, үлкедеги қалақлық оны терең ойға талдырады. Бул туңғыйықтан шығыў жолларын излейди. Бирден-бир үмит жасларды оқытыў, саўатлы етиўден ибарат екенлигин түсинеди. Солай етип, сапардан қайтқаннан соң Самарқанд жақынындағы Ҳалвойи аўылында Ажзий, Ражабаминда Абдулқодир Шакурийлар менен шерикликте жаңа мектеп ашады. Бул пайытта сабақлықлар болмағанлығы себепли жаңа мектеплер ушын сабақлықларды да өзи жазыўға кириседи. «Рисолаи асбоби савод» («Саўат шығарыў китабы»), «Рисолаи жуғрофияи умроний» («Халық географиясына кирисиў»), «Мунтаҳаби жуғрофияи умумий» («Қысқаша улыўма география»), «Китобат ул-атфол» («Балалар хаты»), «Амалиёти ислом», «Тарихи ислом» киби китаплар жазады. Сондай-ақ, «Самарқанд» ҳәм «Ойина» журналында оның «Адрна», «Мырза Улығбек», «Шердар медресеси», «Бухара», «Тарихи Ҳиндстан» «Жер», «Тарийх ҳәм жуғрофия», «Әптап», «Ҳаўа», «Қамар-ай» киби тарийх ҳәм географияға байланыслы дүркин мақалалары жәрияланған. Беҳбудийдиң ең ийгиликли ислеринен бири жаслар ушын «Кутубхонаи Беҳбудия» атлы китапхана шөлкемлестирген.
Ҳәр бир заман, ҳәр бир миллет ушын илим ҳәм мәнәўият суў менен ҳаўадай зәрүрлигин бабамыз жақсы сезинген ҳәм усы жолда гүрескен. Беҳбудий бир мақаласында бизди кемириўши иллетлер бул өткир жуқпалы аўырыўлар емес, бул бизди кризис ҳәм апатқа алып барыўшы той ҳәм жаназа типиндеги еки душпан екенлигин ескертеди ҳәм буның себеплерин терең анализлеп береди. « Биз... қуданың әмирине бойсынбастан, кәпирлерше бир тақылетте той ҳәм аза деген, жоқ болыўымызға себепши әдетлерге бар-жоғымызды сарп ҳәм ысырап етемиз...» Байрам ҳәм түрли көкпар ойынларды деп көп адамлар өз жумысынан қалатуғынлығын, нәтийжеде түрли кеўилсизликлер жүз берип атырғанлығын тилге алады. «Туқым бир күн кейин сеўилгени ушын писпей қалар. Бир ғана күн жыйын-терим кешиккени себеп жаўынға қалып, базы қырманлар ширип кетер...»
Беҳбудий той-мереке ушын сарпланған ақшаны балаларды оқыўға бериў ҳәм бул ақшадан талабаларды Мәкке, Мәдина, Мысыр, Стамбулға ҳәм Россия жоқары оқыў орынларына жиберип, диний ҳәм дүньялық билимге ийе адамлар етип жетистириўге сарплаў кереклигин уқтырады. Кавказ, Қырым, Оренбург ҳәм Қазанға тәлим үйрениў ушын балаларды жибериў кереклигин, бул ушын биринши рус тилин үйрениў лазымлығын айтады. Режени әмелге асырыў ушын ҳәр бир балаға ақша зәрүр болыўын ҳәм шама менен қанша пул сарпланыўын да көрсетип береди. Балалар тәрбиясы ушын биринши орында жәмийетлик қайырқомлық, жәрдем қорларын дүзиў лазымлығын билдиреди. Сонда ғана миллеттиң ояныўы ушын керек болатуғын қазы, яғный, судья, ҳуқуқтаныўшы, инженер, техник, муғаллим, Мәмлекет думасына депутат, улыўма өзлигин таныған саўатлы мәрипатлы инсанларды тәрбиялаў мүмкин дейди.
Беҳбудий жаслар қатары халықты да саўатландырыў мақсетинде газета, журнал искерлигин жолға қояды. «Самарқанд» газетасы ҳәм «Ойина» журналын басып шығарады. Әсиресе, шет еллерге болған сапарларынан алған тәсирлерин «Ойина» журналында избе-из берип барады. Бул журнал мәрипат, зия таратыўда жүдә үлкен хызмет атқарған. Онда миллет ҳәм оның ҳақ-ҳуқықы, тарийхы, тил-әдебияты мәселелери, дүньядағы жағдай бойынша қызықлы мақалалар, талас-тартыслы пикирлер турақлы берилген. Әсиресе, тил мәселеси редактордың дыққат орайында турған. «Тил мәселеси», «Еки емес төрт тил лазым» мақалаларында алым заманнан арқада қалып кетпеў ушын, Шығыс ҳәм Батыстың кең тарқалған тиллерин, әлбетте, билиў керек деп есаплайды. «Келер заман ушын таярланайық!» деп үндеў қояды.
Маҳмудхужаның пикиринше, «... заман ҳәм дүнья ўақыялары менен танысып барыў керек. Миллет ҳәм Ўатанның жағдайынан, күнделик турмысынан хабардар болыў лазым. Миллет ушын айна керек, онда өз жеркенишлилигин де, өз көркемлигин де көре алсын», дейди.
Оның «Миллетлер қандай раўажланар?», «Мүтәжи миллет», «Қалақлық дәртлеринен» киби мақалаларында да тилге алынған мәселелер бүгинги күн ушын да әҳмийетли саналады.
Беҳбудий өз дәўириндеги кисилерди илим ҳәм өнер үйрениўге шақырады. Миллет алға илгерилеўи, дүнья менен байланысыў, дүньяда барлығымызды көрсетиў ушын, «дүньяда турыў ушын дүньялық илим-пән зәрүрдур» дейди. Әпиўайы мысал сыпатында журтымызда жетистирилген мийўе, палыз өнимлериниң Европа базарларында сатылып атырғанлығын, лекин биз мийнетти етип, арзанға көтере пуллап малымызды беретуғынымызды, өзимиз жәҳән базарына шығыўымыз ушын бизде илим жетиспеслигин айтып, қатты қайғырады. Беҳбудий әне сондай жәмийеттеги түрли иллетлер, кеўилсиз жағдайлар тийкары халықтың қалақлығында, илим-билим ийелеўден арқада қалып атырғанлығында деп дурыс түсиндиреди. Ол тек машқалаларды көрсетип қалмастан, олардың шешимлерине де итибар қаратады. Солар ишинде жаслардың илим-билим сырларын ийелеўи ушын қәрежет зәрүр болып, бай-дәўлетли кисилер жәрдем қолын созса саўап ис болатуғынлығын уқтырады. «Басқа миллетлердиң байлары пақыр ҳәм жетимлер ушын мектеп ҳәм дорулфунунлар салар, пақыр ҳәм жетимлер оқыўы ушын вақф «истепендия»лар тайынлар...» Миллатпәрўар алым бизде ҳәтте өз баласын оқытпаған бай адамлар барлығын өкиниш пенен тилге алып, буның ақыбети кеўилсизлик болыўынан қайғырады. «Бул кетистиң ақыры жамандур, оқыў ҳәм оқытыў керек. Балаларға аталарынан диний ҳәм дүньяўий илим мийрас қалсын» деп арзыў етеди. Билимсизлик ақыбети нелерге алып келиўин сүўретлеген «Падарқуш» драмасы болса миллий театрымыздың үлкен жетискенликлеринен есапланады.
Қулласы, илим ҳәм өнер ийелеў ең гөззал инсаный пазыйлетлерден болып, миллет, мәмлекет раўажын тәмийинлеўин мәрипатпәрўар алым жақсы аңлаған ҳәм өзи имкан дәрежесинде мектеп ашып, сабақлықлар дүзип халықты саўатландырыўға пүткил өмирин бағышлаған. Қосық ҳәм мақалалар, сахналық шығармалар жазып жаслардың сол қатары халықтың миллий сана-сезимин қәлиплестириўге, уйқыдағы көзлерин ашыўға талпынған.
Беҳбудий публицистикалық мақалаларында тарийх пәнине де айрықша итибар қаратады. «Өтмиш — келешектиң тәрезисидур» деп келтиреди. Оның түрли газета-журналларда басылып шыққан 200ден артық мақалаларында миллет мәпи бирлемши орынға қойылып, халық тәғдири, оның бүгини, келешеги туўралы өткир пикирлер айтылады. Әсиресе, Беҳбудий басшылық еткен «Ойина» журналы XX әсирдиң 10-жылларында Түркистандағы социаллық турмыстың белгили мәниде айнасы бола алды. Оның Түркистанда абырайы бәлент еди. Өзбек баспасөзи тарийхшысы Зиё Саид «Бул журнал жадидлердиң ең сүйикли журналларынан еди. Соның ушын олар тәрепинен ҳүрметленди, сүйип оқылды» деп жазады. «Ойина»ның Өзбекстан журналистикасы тарийхында да орны гиреўли.
Несибели МАМБЕТИРЗАЕВА.
Телеграм каналымыз: https://t.me/erkinqaraqalpaqstan