Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 06:32:10, 25.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ХЫЗМЕТКЕРЛЕР ӨЗ ЖУМЫСЫНА ҚАЙТА ТИКЛЕНДИ

Ғәрезсиз демократиялық жолдан баратырған елимиздиң ең уллы мақсети — хал­қымыз мәплерин гөзленген реформаларды әмелге асырыўға қаратылғаны менен итибарлы.

Бул Конс­титуциямызда да беккемленип қойылған. Атап айтқанда, Бас Нызамымыздың II бап, 13-статьясында «Өзбекстан Республикасында демократия улыўма инсаныйлық принциплерге тийкарланады, оларға көре, оның өмири, еркинлиги, абырайы, қәдир-қымбаты ҳәм басқа қол қатылмас ҳуқықлары жоқары қәдирият болып есапланады» деп белгиленген.

Соның менен биргеликте, Өзбекстан Республикасының «Физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатлары ҳаққында»ғы Нызамына муўапық, мәмлекетлик уйымлары ҳәм мәмлекетлик мәкемелерине, сондай-ақ, олардың лаўазымлы шахсларына физикалық ҳәм юридикалық шахс­лардың мүрәжатлары саласындағы қатнасықларды тәртипке салыўдан ибарат.

Усыған көре, Елликқала районында жасаўшы пуқаралар А.Киребаева ҳәм Ж.Райбековалар район Санитария-эпидемиология тынышлық орайы тәрепинен жумыс көлеминиң қысқарыўы себепли жумыстан босатылғанынан наразы болып, районлық Әдиллик бөлимине мүрәжат етеди.

Мүрәжатты үйрениў даўамында район Санитария-эпидемиология тынышлық орайы Өзбекстан Республикасы Мийнет кодексиниң 98, 103-статьяларының талапларына әмел етпей, А.Киребаева ҳәм Ж.Райбековалардың жумысында қалыў имканиятларының жоқарылығын есапқа ал­мас­тан, олар менен дүзилген мийнет шәртнамаларын бийкар етилгенлиги анықланды.

Мийнет кодексиниң 98-статьясында,«Кәрхананың мүлк ийеси алмасқанда, тап сондай-ақ, кәрхана қайта шөлкемлестирилгенде (қосып жиберилген, бир­лестирилген, бөлип жиберелген, қайта дүзилген, ажыратылғанда) мийнет қатнасықлары хызметкердиң разылығы менен даўам ете береди» деп белгиленген.

Усы кодекстиң 103-статья­сында «Технологиядағы, ислеп шығарыў ҳәм мийнетти шөлкемлестириўдеги өзгерислер, хызметкерлер саны (штаты) ямаса жумыс характериниң өзгериўине алып келген ислер көлеминиң қысқарыўы қатнасығы менен мийнет шәртнамасы бийкар етилгенде жумыста қалдырыў ушын жеңилликли ҳуқық маманлығы ҳәм мийнет өнимдарлығы жоқарырақ болған хызметкерлерге бериледи.

Маманлығы ҳәм өнимдарлығы бир қыйлы болған жағдайда қарамағында еки ямаса оннан артық адам болған хызметкерлерге, шаңарағында оннан бөлек ғәрезсиз ис ҳақы алыўшы болмаған шахсларға, усы кәрханада көп жыллық ис стажына ийе болған хызметкерлерге ҳәм басқа көрсеткишлерге ийе болған шахслар абзаллыққа ийе болады» деп белгиленген.

Пуқаралар А.Киребаева ҳәм Ж.Райбековалардың жумысында қалыўында Мийнет кодексинде көрсетилген сондай абзаллықлар жоқары екенлиги анықланып, Елликқала районы Әдиллик бөлими тәрепинен Пуқаралық ислери бойынша Беруний районлар аралық суды арқалы Қарақалпақстан Республикасы Пуқаралық ислери бойынша суды апелляция судлаў коллегиясына жумыстан босатыў ҳаққындағы буйрықларды нызамсыз деп табыў, пуқаралар А.Киребаева ҳәм Ж.Райбековаларды Елликқала район Санитария-эпидемиология тынышлық орайына жумыс­қа тиклеў ҳәм олардың пайдасына мәжбүрий бос жүрген күнлери ушын ис ҳақыларын өндирип бериў жүзесинен шағым арзалар киргизилди.

Суд тәрепинен даўа арзалар толық қанаатландырылып, мәжбүрий бос жүрген күнлери ушын пуқара А.Киребаеваға 3.224.709 сум ҳәм пуқара Ж.Райбековаға 2.600.360 сум, усы еки пуқараға жәми 5.825.069 сум мийнет ҳақыларын өндириў ҳәм жумысына қайта тиклеў бо­йынша уйғарыўы шығарылды. Мүрәжат ийелери өз жумысларына қайта тикленди.

 

Н.Тайров,

Елликқала районы Әдиллик бөлими бас мәсләҳәтшиси.

 

Телеграм каналымыз: https://t.me/erkinqaraqalpaqstan

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF