Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 06:45:50, 25.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

МӘМЛЕКЕТИМИЗДЕ СУД РЕФОРМАЛАРЫ ЖАҢА БАСҚЫШТА

Президентимиз Ш.Мирзиёевтиң тиккелей басламалары менен барлық тараўлар сыяқлы суд-ҳуқық тараўында да избе-излик пенен реформалар әмелге асырылып келинбекте.

Атап айтқанда, 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын буннан былай да раўажландырыў бо­йынша Ҳәрекетлер стратегиясының екинши бағдарында нызам үстинлигин тәмийинлеў ҳәм суд-ҳуқық системасын және де реформалаўға қаратылған суд ҳәкимиятының шын мәнидеги ғәрезсизлигин ҳәм де пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлерин исенимли қорғаў кепилликлерин беккемлеў, жынаятшылыққа қарсы гүресиў ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў системасының нәтийжелилигин арттырыў, суд процеси даўамында тартысыў принципин толық қәлип­лестириў, юридикалық жәрдем ҳәм ҳуқықый хызметлер сапасын түп-тийкарынан жақсылаў нәзерде тутылған.

Мәмлекетимиз басшысының Парламентке жоллаған Мүрәжатында пуқаралардың әдил судлаўға ерисиў дәрежесин жоқарылатыў, жумысларды судта көриў сапасын арттырыў және қалыс, әдил ҳәм нызамлы суд қарарларын қабыл етиў ушын тәреплердиң теңлигин ҳәм тартысыўшаңлығын әмелде тәмийинлеў механизмин енгизиў атап өтилген еди.

2020-жыл 24-июльдеги «Судлардың жумысын буннан былай да жетилистириў ҳәм әдил судлаўдың нәтийжелилигин арттырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы Президент Пәрманында әйне усы мәселелердиң әмелий көриниси сәўлеленди.

Соңғы жыллары елимизде суд-ҳуқық системасын буннан былай да жетилистириў, пуқаралар ҳәм исбилерменлердиң ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин исенимли қорғаў илажларын күшейтиў, әдил судлаўды нәтийжели тәмийинлеў және судьялар жәмийетшилигиниң ролин арттырыў бойынша избе-из жумыслар алып барылмақта.

Әмелге асырылған жумыслар нәтийжесинде әдил судлаў процесинде инсан ҳуқықларын қорғаў дәрежеси жаңа басқышқа шықты.

Атап айтқанда, наҳақ айып­ланған 2,3 мыңға шамалас адам ақланды, алжасып жынаят жолына кирип қалғаны себепли еркинен айырыў жазасына ҳүким етилиўи мүмкин болған 3,5 мыңнан аслам жаслар ҳәм ҳаял-қызларға мәҳәлле ҳәм жәмийетшиликтиң кепилликлери тийкарында жеңилирек жазалар тайынланып, өз шаңарақлары қушағында қалдырылды, инсан ҳуқықларын қопал түрде бузған 60 ҳуқық қорғаў уйымының хызметкерлери жынайый жуўапкершиликке тартылды.

Соның менен бирге, суд қорғаўын тәмийинлеўдеги артықша бюрократиялық тосқынлықлардың сақланып қалып атырғаны, суд қарарларын қайта көриўдиң бир-бирин тәкирарлайтуғын басқышларының бар екенлиги, инвесторлар ҳуқықларының суд қорғаўында болыўының жетерли дәрежеде шөлкемлестирилмегени ҳәм басқа да бир қатар кемшиликлер суд уйымларының әмелдеги структурасын заман талапларына ҳәм халық­аралық стандартларға муўапық қайта көрип шығыўды талап етпекте.

Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды тәрепинен Судьялар жоқарғы кеңеси ҳәм судьялар жәмийетшилиги менен биргеликте нызамшылық басламасы тийкарында суд системасында 2021-жыл 1 январьдан баслап төмендеги шөлкемлестириўшилик-структуралық өзгерислерди әмелге асырыўды нәзерде тутатуғын нызам жойбарының ислеп шығылғанлығы мағлыўмат ушын қабыл етилди.

Ўәлаят ҳәм оған теңлестирилген пуқаралық ислери бойынша, жынаят ислери бойынша судлар ҳәм экономикалық судлар негизинде судьялардың қатаң қәнигелесиўин сақлап қалған ҳәм суд ислерин жүргизиў түрлери бойынша өз алдына судлаў коллегияларын шөл­кемлестирген ҳалда Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы улыўма юрисдикция судлары шөлкемлестириледи.

Ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықлар ҳаққындағы ислерди көрип шығыў ўәкиллиги ҳәкимшилик судлардан жынаят ислери бойынша судларға өткериледи.

Ҳәкимшилик ҳәм басқа да ғалабалық ҳуқықый қатнасықлардан келип шығатуғын ислерди көриўге қәнигелестирилген Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар орайлары ҳәм Ташкент қаласында районлараралық ҳәкимшилик судларды шөлкемлестириў, усы мүнәсибет пенен районлық (қалалық) ҳәкимшилик судларын сапластырыў. Онда Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлық ҳәм Ташкент қалалық ҳәкимшилик судлары сақлап қалынады.

Өзбекстан Республикасы Судьялар жоқары маманлық коллегиясының және Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлық ҳәм Ташкент қалалық судларының судья­лары маманлық коллегияларының қарарлары үстинен Судьялар жоқарғы кеңесине шағым етиў ҳуқықы берилди;

- суд ислерин қадағалаў тәртибинде көриў институтын сапластырыў, Өзбекстан Республикасы Жоқар­ғы судының баслығы, Бас прокуроры ҳәм олардың орынбасарларының судтың шешиўши қарарлары, ҳүкимлери, ажырымлары және қарарлары үстинен қадағалаў тәртибинде протест киргизиў ҳуқықын бийкарлаў;

- жынаят ислерин судта көриў ушын тайынлаў басқышында ис бойынша қарарларды тартысыў принципине әмел еткен ҳалда тәреплердиң қатнасыўында қабыл етиў тәртибин белгилеў, жынаят исиниң улыўмалық тәртипте көрип шығылыўына тосқынлық ететуғын факторларды оператив түрде анықлаў ҳәм сапластырыў имканиятын беретуғын дәслепки тыңлаў бас­қышын киргизиў;

- төмендеги тәртиплерди енгизиў:

- районлараралық, ра­йонлық (қалалық) судлардың қарарларын ўәлаятлық ҳәм оған теңлестирилген судлардың биринши инстанция суды сыпатында шығарған қарарларын болса Өзбекстан Республикасы Жоқар­ғы судының судлаў колле­гиялары тәрепинен апелляция тәртибинде қайта көрип шығыўf апелляция тәртибинде көрип шығылған суд қарарларын Өзбекстан Республикасы Жоқарғы судының судлаў коллегиялары тәрепинен кассация тәртибинде қайта көрип шығыў;

— Өзбекстан Республикасы Жоқарғы судының судлаў коллегиялары тәрепинен кассация тәртибинде көрип шығылған ислер бойынша шығарылған суд қарарларын Өзбекстан Республикасы Жоқарғы судының баслығы, Бас прокуроры ҳәм олардың орынбасарларының протестине бола кассация тәртибинде қайта көрип шығыў;

- мәмлекетлик айыплаўшысы айыплаўдан ўаз кешкен жағдайда реабилитация тийкарларына бола жынаят исин сапластырыў;

- прокурор тәрепинен судтың нызамлы күшке кирген ҳүкими, шешиўши қарары, уйғарыўы ямаса қарары бойынша ислерди, усы ислер бойынша тәреплердиң мүрәжаты бар болған жағдайда ғана судтан шақырып алып үйрениў;

- нызамда нәзерде тутыл­ған жағдайлардан тысқары судларда басқа шахслардың басламасы менен қозғатыл­ған пуқаралық ҳәм экономикалық ислердиң көрилиўинде прокурор өз басламасы менен қатнасыўы нәзерде тутылды.

Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды, Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықларын ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў бойынша ўәкил, Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги және Саўда-санаат палатасының Жоқарғы суд структурасында инвестициялық келиспеўшиликлерди және бәсекиге байланыслы ислерди көриў бойынша судлаў қурамын дүзиў ҳаққындағы усынысы мақулланды.

Бир сөз бенен айтқанда, усы қабыл етилген Пәрман ҳәр бир суд босағасына әдалат излеп келген пуқаралар ҳәм исбилерменлердиң ҳуқық ҳәм де нызамлы мәплерин исенимли қорғаў ушын хызмет етеди.

М.НИЕТУЛЛАЕВ,

Жынаят ислери бо­йынша Қараөзек районы судының баслығы.

 

Телеграм каналымыз: https://t.me/erkinqaraqalpaqstan

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF