ҲӘР ЗАМАНҒА — БИР ЗАМАН
«Еркин Қарақалпақстан» газетасында адамды ойланыўға мәжбүр ететуғын мақалалар саны кем-кем көбеймекте. Газета журналистлери оқыўшылар нәзеринен қалып қоймаў ушын интернет-басылымлар, блогерлер, «сары пресса» типиндеги газета менен бәсекиге киристи.
Бул жақсы нәрсе. Себеби, ҳәр бир тараўда бәсеки болса ғана раўажланыў болады.
Ҳәр кимде таңлаў еркинлиги бар. Халық өзи таңлап алады — ким ҳақыйқатты жазып атыр, ким «сарай шайыры» хызметин атқарып жүргенлигин. Соның ушын газета хызметкерлери публицистикалық мақалалар, газетада көп орын алатуғын артықмаш рәсмиятшылықтан қутылып, адамларды ойландыратуғын сын, өткир пикирге ийе илимий ҳәм тарийхый мақалаларды сын көз бенен таллап, көбирек жәриялап барса, газетанын рейтинги күннен-күнге, әлбетте, арта бериўи сөзсиз.
Газетаның усы жыл 28-май күнги санында жәрияланған Өзбекстан Республикасына хызмет көрсеткен журналист Кеңесбай Реймовтың «Тамырға балта урылмайды», 9-июньдеги Қарақалпақстан халық жазыўшысы М.Нызановтың «Өзиңиз минген шақаны шаппаң», 13-июньдеги Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген журналист Б.Караматдинованың «Газеталар өлмейди...» деген мақалаларында көтерилген баспасөз тараўындағы, тәрбия мәселелериндеги машқалалар жөнинде ҳәм интернет пенен уялы телефон ҳаққында өз пикирлеримди билдириў мақсетинде мен де қолыма қәлем алдым, анығырағы компьютер клавиатурасынан ҳәриплерди терип басладым.
Ойламаған жерде пайда болған коронавирус пандемиясы бизиң ушын интернет қаншелли дәрежеде әҳмийетли екенлигин айқын көрсетти. Әпиўайы бир мысал, мектепте, лицей-колледжлерде ҳәм жоқары оқыў орынларында оқып атырған перзентлеримиздиң аралықтан оқыўын шөлкемлестириў интернетсиз мүмкин емес. Пандемия себеп бизиң мақтап жүрген билимлендириў тараўы аралықтан оқытыўға таяр емеслигин көрсетип қойды. Бул жерде қаншадан-қанша машқалалар бар...
Президентимиздиң цифрлы экономикаға өтиў бойынша қойып атырған талаплары да заман талабынан келип шығып отыр. Ал, цифрлы экономика интернетсиз мүмкин емес.
Дурыс, интернет — бул қурал. Мәселе оны қалай пайдаланыўымызда. Жыллар өтип атыр, жәмийет, адамлар, қәдириятлар, шаңарақ, тәрбия түсиниклери өзгерип атыр. Газета оқыўға, китап оқыўға ўақтымыз жоқ сыяқлы. Автомашина саўға етип китап оқыўға қызықтырыўға өттик. Мине қай жерлерге жетип келдик?! Өсип баратырған халыққа азық-аўқат керек болды, қәрежет табыў ушын пахта атызларын көбейттик, нәтийжеде өзлеримиз Аралды қурттық. Ҳеш бир тәбийғый байлығы — газы, нефти, көмири, алтыны, пахтасы, суўы жоқ Израиль тек илим-билимниң арқасында ғана раўажланған еллер қатарына қосылыўға болатуғынлығын көрсетпеди ме? Биз кимнен кембиз?!
... Баспасөзде ҳәзир пайда болып атырған машқалаларға технология жетискенлиги болған интернет айыплы емес. Заман саған бақпаса, сен заманға бақ деген. Заман менен тең қәдем таслаған, заманнан илгери жүрген утады. Бул ушын газеталар да электрон формаларын жаратыўы керек. Баспасөзде тәжирийбели, билимли кадрлар баршылық...
Тән алыў керек, баспасөз киби ҳәзир билимлендириў тараўында да машқалалар бар. Муғаллимге қалай оқытыў кереклигин ҳәмме үйреткиси келеди.
Бүгинги күни муғаллимшилик кәсибинен абырай алыў қыйын. Муғаллимниң конкурентлери кимлер? Булар телевидение ҳәм гаджетлер, яғный, уялы телефонлар, оқыўшылардың дыққаты китапта емес, сол соңғы телефон, компьютерлерде. Қалай етип усы бәсекиде жеңип шығыў, конкурентти досқа айландырыў — бул дүнья жүзилик машқала.
Жасы үлкен журналистлердиң газетаның жаўы интернет дегениндей, муғаллимге де конкурент интернет болып атыр. Бир парадокс бар — интернеттеги илим-билимге тийисли информациялар көлеми ол жердеги барлық информациялардың бары жоғы 1 процентин ғана қурайды екен, қалғаны басқа нәрселер, оның ишинде түрли бәле-мәтерлер де бар. Бирақ, усы бир проценттиң өзи билим-илимниң таўсылмас байлығы — ғәзийне кәни. «Студент барлық билимди университеттен алыўы керек» деген түсиник қәте. Ол китапханадан, әмелияттан, китаплардан билим алыўы мүмкин. Бизди қоршап турған дүнья билимге тийкарланған усы технологиялық әсирде билим алыўдың бирден бир жолы университетте оқыў деп ойламаў керек. Өткен әсирдиң 90-жылларында билимниң бирден бир дереги қайсы бир профессор есапланған, пәнниң бир дана оқыў қолланбасы усы профессорда ғана бар еди, көплеген студентлер усы китапты көриўге интизар еди.
Бүгин билимниң тийкарғы дереги — интернет. «Қуры ўақтымды жойтып атырман» деп миллиардер Билл Гейтс университетти тамамламастан таслап кетип қалған. Дипломы болмаса да билими себеп дүньяға белгили болды. Күни кеше социаллық тармақларда бир неше басқыш сынақлардан өтип фейсбукқа программист болып жумысқа кирген биринши қарақалпақстанлы бала ҳаққында көрип, жүдә қуўандым. Өзиниң тынымсыз излениси, билими арқасында бала усындай табысқа еристи. Ҳәзирги раўажланған еллерде ең баслысы диплом ямаса илимий дәрежелер ҳәм атақлар емес — ал, билим есапланады.
Интернетте илим-билимге арналған материаллар оғада көп, бирақ олар структураланбаған, шашылып жүрипти. Олардың ишинен кереклилерин таңлаў, оларды жыйнаў, системаластырыў, информацияларды билимге айландырыў аңсат емес, бираз көнликпе мийнет талап етеди.
Интернетке кирип неге ҳәмме билим ала бермейди деген сораўдың жуўабы да мине усында. Оқыўшылар XXI әcир көнликпелерине ийе болыўы ушын оларға дурыс басшылық етип, жол-жоба бергендей заманагөй муғаллимлер керек. Усындай муғаллимлер бизиң көп жыл мақтаған билим системамызда табылмағанлықтан жаңадан ашылған Президент мектебине шет елли муғаллимлерди көп қаржы менен тәмийинлеп жумысқа алып қойыппыз. Бул бизге батпай ма? Ҳүрметли зыялы қәўим, бизлер де солардың қатарына жетейик, оның ушын нелерди ислеўимиз керек, қалай ислеўимиз керек деп қәниге сыпатында, газета журналисти сыпатында өз сөзимизди айта аламыз ба?
Екинши Жер жүзилик урыстан соң атом бомбасы астында қалған Япония, жер менен жексен болған Германия, артта қалған Түслик Кореялар ҳәзир дүньяның ең күшли 10лығына киреди. Олардың бул табыслары не менен байланыслы? Әлбетте, билимлендириў менен! Ҳеш қандай тәбийғый байлығы жоқ Израильди айтқан едик. Олар қалай раўажланған мәмлекетлер қатарында турыпты?! Олар дәслеп билимлендириўди қолға алды.
Демек, ҳәр тараў профессионаллар қолына түссе ғана раўажланады. Журналистика да сондай, заманагөй технологияларды жетик өзлестирген ҳәм билим, ҳәм жазыў көнликпесине, бай тәжирийбеге ийе журналистлер ғана халықты аўзына қарата алады.
Бахыт ЖОЛЛЫБЕКОВ,
ҚМУ оқытыўшысы, физика-математика илимлериниң кандидаты.
Телеграм каналымыз: https://t.me/erkinqaraqalpaqstan