БЕРДАҚ МИЛЛИЙ МУЗЕЙИНЕ ӘСКЕРЛЕРДИҢ САЯХАТЫ ШӨЛКЕМЛЕСТИРИЛДИ
Арқа-Батыс әскерий округи тәрепинен Қураллы Күшлердеги әскерий хызметкерлерди мәдений дем алдырыў, олардың хызмет етип атырған аймағы туўралы билимлерин арттырыў, әскерлерди Ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў мақсетинде бир қатар илажлар шөлкемлестирилмекте.
Усындай илажлардың бири «Қарақалпақ халық дәстанларында Ўатансүйиўшилик идеялары» атамасында өткерилди. Округтеги әскерий бөлимде хызмет етип атырған әскерлердиң Нөкис қаласындағы Бердақ миллий музейине саяхаты шөлкемлестирилди.
Бул жерде музей директоры Ш.Пайзуллаева әскерлерге музей тарийхы, экспонатлары, қарақалпақ халқының қаҳарманлық дәстанлары, олардың жасларды Ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаўдағы әҳмийети, қарақалпақ халқының уллы шайыры Бердақтың өмири, ол жазған дәстанлар туўралы кең түрде мағлыўмат берди.
— Биз бул музейге Нөкис гарнизонында хызмет етип атырған бир қатар әскерлер менен келдик,-дейди әскерий бөлим командириниң орынбасары майор К.Ихлосов. — Қарақалпақ халқының ең уллы шайырларының бири болған Бердақ ҳәм оның қаҳарманлық дәстанлары туўралы мағлыўматларға ийе болып, үлкен тәсир алдық. Бул музейдеги экспонатлар менен таныстық. Қәнигелер тәрепинен «Алпамыс», «Едиге», «Қырқ қыз», «Мәспатша» ҳәм басқа да усы сыяқлы бир қатар қарақалпақ халқының қаҳарманлық дәстанлары бойынша түсиниклер берилди.
Музейдеги қарақалпақ мәдениятына байланыслы экспозицияларда араб, парсы, түрки тиллериндеги жазба естеликлер сақланатуғын қолжазбалар залы, миллий зергерлик буйымлары ҳәм кийимлер, үй-руўзыгершилик буйымлары ҳәм археологиялық табылмалар әскерлерде үлкен қызығыўшылық оятты.
Илаж даўамында Қарақалпақстан халық бақсысы Гүлнара Алламбергенованың атқарыўында халық дәстанларынан қосықлар атқарып берилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.
Телеграм каналымыз: https://t.me/erkinqaraqalpaqstan