КӘСИПЛИК АЎҚАМЛАРЫНЫҢ КОНФЕРЕНЦИЯСЫ
Нөкисте Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан кәсиплик аўқамлары шөлкемлери бирлеспеси Кеңеси тәрепинен өткен жыллар даўамында исленген жумыслардың жуўмағы, алда турған ўазыйпаларға бағышланған VII конференциясы онлайн форматында өткерилди.
Илажда бирлеспе Кеңесиниң баслығы У.Жалменовтың Қарақалпақстан кәсиплик аўқамлары шөлкемлери бирлеспеси Кеңеси тәрепинен 2015-2020-жыллар даўамында исленген жумыслары бойынша есабаты тыңланды.
Онда атап өтилгениндей, Президентимиз басламасы менен елимизде әмелге асырылып атырған ҳәр бир реформа тийкарынан халқымыздың абадан турмысын тәмийинлеўге қаратылып, бул өз гезегинде дүнья жәмийетшилиги тәрепинен тән алынбақта. Ҳәзирги раўажланып баратырған заман талабынан келип шыққан ҳалда бул реформаларды еле де тереңлестириў, елимиздиң раўажланыў пәтин жеделлестириў, халықтың кең қатламын, исбилерменлерди ойландырып жүрген машқалаларды үйрениў, олар тәрепинен билдирилген пикир ҳәм усынысларды есапқа алған ҳалда, раўажланған сырт еллердиң тәжирийбесинен келип шығып, 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясы қабыл етилди.
Кәсиплик аўқамлары өз жумысын елимиздеги демократиялық реформаларды тереңлестириў, пуқаралық жәмийетин раўажландырыў бойынша әмелге асырылып атырған кең көлемли реформаларға сай шөлкемлестирип, социаллық шериклик принципине тийкарланған үш тәреплеме сөйлесиўлер жүргизиў арқалы жәмәәтлик келисимлерди қабыл етиў жумысларын алып бармақта. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети, Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы, Өзбекстан Саўда-санаат палатасы арасындағы мийнет, социаллық-экономикалық мәселелерге байланыслы Бас келисимниң, усыған тийкарланып Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы ҳәм Қарақалпақстан кәсиплик аўқамлары шөлкемлери бирлеспеси Кеңеси арасындағы аймақлық Келисимниң, орынларда жәмәәтлик шәртнамаларды қабыл етилиўи мийнет мүнәсибетлерине байланыслы мәселелердиң нәтийжели шешимин табыўда кәсиплик аўқамларының мийнеткешлердиң социаллық-экономикалық мәплерин қорғаў жумысларын жеделлестириў имканиятын бермекте.
Есап бериў дәўиринде кәрхана, мәкеме ҳәм шөлкемлерде ислеўши хызметкерлердиң жәмәәтлик-шәртнамалық мүнәсибетлер менен қамтып алыныўы артып бармақта. 2015-жылда мүлкшилик формасы бойынша бул көрсеткиш 97,9 процентти қураған болса, бүгинги күнге келип ол 100 процентти қурайды. Қарақалпақстан кәсиплик аўқамлары ағзалығындағы 5816 юридикалық тәрептиң дерлик барлығында жәмәәтлик шәртнама қабыл етилди. Ҳәр жылы Мәмлекетлик бағдарламалар тийкарында мәкеме, кәрхана ҳәм шөлкемлерде қабыл етилетуғын жәмәәтлик шәртнамалардың тийисли бәнтлери менен ислеўшилерге, пенсионерлерге, бурын ислеп кеткенлерге, ислеўшилердиң перзентлерине ҳәм пуқаралардан есап бериў дәўиринде жәми 61221 адамға 19 миллиард 66,6 миллион сум жәрдем көрсетилди.
Кәсиплик аўқамларының әҳмийетли жумыс бағдарларынан бири бул өз ағзаларына мийнет ҳақыларының өз ўақтында берилиўине ерисиў, оның үстинен қадағалаў алып барыў болып табылады. Есап бериў дәўиринде кәсиплик аўқамлары шөлкемлери тәрепинен мийнет ҳақы, пенсия, стипендия, мәжбүрий ҳәм компенсациялық төлемлердиң өз ўақтында берилиўин тәмийинлеў бағдарында алып барылған мониторинг таллаўы өткерилип, мийнет ҳақыдан қарыздарлықты сапластырыў бойынша жумыс бериўшилерге 31 мәрте, жергиликли атқарыўшы ҳәкимият уйымларына 5 мәрте рәсмий талапнама қойылды. Нәтийжеде 26 миллиард 178 миллион сумнан зыят мүддети өткен қарыздарлық өндирип берилди. Буннан тысқары, 249 кәрхананың мийнет қорғаў бойынша алып барылған жумысы үйренип шығылғанда, 1054 мийнетти қорғаў нызамшылығы талабы, қағыйдасы ҳәм нормасының бузылғанлығы анықланды.
Есап бериў дәўиринде бирлеспе Кеңесине пуқаралардан 1343 жазба, 118 электрон тәриздеги арза ҳәм мүрәжат келип түскен болса, соннан 547 мүрәжат қанаатландырылды. 223 мүрәжат бойынша жумыс бериўшилерге усыныс киргизилди. 114 мүрәжат толық шешимин тапқан болса, 79 усыныс қанаатландырыўдан бас тартылды. Усы усыныслар бойынша пуқаралық ислер бойынша судларға 43 даўа арза киргизилип, соннан 35 даўа арза қанаатландырылды. 7 даўа арза тәреплердиң келисимге ерисиўи менен шешимин тапты. Өзбекстан Республикасы Мийнет Кодексиниң 270-статьясы менен 18 пуқараға судларға даўа арза киргизиўине жәрдем берилип, 15 пуқараның даўа арзасы қанаатландырылды. Жәми 729 пуқараның бузылған ҳуқықлары тикленип, 1 миллиард 45,8 миллион сум муғдарындағы мийнет ҳақы ҳәм оған теңлестирилген төлемлер өндирип берилди.
Өткен дәўир аралығында ғәрезсизлигимиздиң руўхый тийкарларын беккемлеў, өзлигимизди аңлап жетиў, халқымыздың тынышлығын тәмийинлеў, миллетлер аралық татыўлық, жасларымызды Ўатанды сүйиўшилик руўхында тәрбиялаў, олар арасында түрли илажлар өткериў, спорттың ғалабалығына ерисиў, кәсиплик аўқамлары ағзалары ҳәм олардың шаңарақ ағзаларын саўалландырыў мақсетинде «Ҳеш ким меҳир итибардан шетте қалмасын», «Кәсиплик аўқамлары-балаларға», «Кәсиплик аўқамлары-жасларға», «Кәсиплик аўқамлары-әскерлерге», «Кәсиплик аўқамлары-нураныйларға», «Кәсиплик аўқамлары-ҳаял-қызларға», «Ҳаял-шаңарақ уйытқысы», «Ўатан пидайы перзентлерин умытпайды», «Кекселердиң дуўасын алайық», «Меҳрибанлық үйи-кәсиплик аўқамлары итибарында» атамаларында акциялар өткерилип, кем тәмийинленген шаңарақларға, кекселерге, майыплығы болған шахсларға, жетим-жесирлерге, «Меҳрибанлық үйи» ҳәм арнаўлы мектеп-интернат тәрбияланыўшыларына қайырқомлық жәрдеми көрсетилди. Жасларды қоллап-қуўатлаў мақсетинде үш студентке 18 миллион сумлық кәсиплик аўқамлары стипендиясы, 3 жас кәсиплик аўқам ағзасына санаторияларға жоллама берилди.
Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының кем тәмийинленген шаңарақларды қоллап-қуўатлаў бойынша акциясы шеңберинде республикамыздан 417 баланың сүннет, 225 жас шаңарақтың неке тойлары өткерип берилди. Бул мақсетлерге 2 миллиард 30,4 миллион сум сарпланды.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 12-сентябрьдеги «Халықтың кем тәмийинленген қатламларын қоллап-қуўатлаўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў бойынша 103 кем тәмийинленген шаңарақ турақ жай менен тәмийинленген болса, 560 шаңарақтың турақ жайы оңланып берилди. 191 шаңараққа медициналық жәрдем көрсетилип, 3444 шаңарақ хожалық буйымлары менен тәмийинленди. Быйылғы жылы Мойнақ районында «Ақ кеме» балалар саўалландырыў орайы пайдаланыўға тапсырылды.
Конференцияда шөлкемлестириў мәселеси қаралды. Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы Қарақалпақстан кәсиплик аўқамлары шөлкемлери бирлеспеси Кеңесиниң баслығы болып У.Жалменов қайта сайланды. Сондай-ақ, бирлеспе Кеңеси тексериў комиссиясының ағзалары ҳәм баслығы, Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерацияcының VIII Қурылтайына делегатлар сайланып, Федерация Кеңеси ағзалары қурамына ўәкиллер усыныс етилди.
Күн тәртибиндеги мәселелер бойынша тийисли қарар қабыл етилди.
Илажға Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев қатнасты.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.
Телеграм каналымыз: https://t.me/erkinqaraqalpaqstan