АРАЛЫҚТАН ОҚЫТЫЎ: НӘТИЙЖЕЛЕР, МАШҚАЛАЛАР ҲӘМ ЎАЗЫЙПАЛАР
Коронавирус пандемиясы пүткил адамзаттың турмыс тәризине, ойлаў-пикирлеў дүньясына, ҳәттеки бүгинге шекем өзлери әмел еткен қәдириятларына да өзиниң ҳәр қыйлы тәсирин көрсетип атыр.
Әсиресе, вирус тарқалыўының алдын алыў мақсетинде жәрияланған карантин тәртиплерине муўапық мәжбүрий билимлендириў системасының да аралықтан оқытыў түрине өтиўи кең жәмийетшилик арасында түрли талқылаўларға себеп болып, көпшиликти билимлендириў сапасының төменлеп кетиўи тәшўишлендирмекте.
Биз мақалада 2019-2020-оқыў жылының IV шерек даўамында онлайн оқытыў тәжирийбесинде бақланған нәтийжелер ҳәм билим сапасын жетилистириў мақсетинде әмелге асырылыўы тийис ўазыйпалар туўралы сөз етпекшимиз. Лекин, буннан алдын аралықтан билим алыўдың пайда болыў ҳәм раўажланыў басқышларына тоқтап өтиў мақсетке муўапық.
Дүнья тәжирийбесинде аралықтан оқытыў қашан басланған?
Жәҳән билимлендириў системасында аралықтан оқытыў усылы дерлик еки әсирлик тарийхқа ийе. Мәселен, аралықтан оқытыў тәжирийбесине үлкен үлес қосқан инглис илимпазы Айзек Питман 1840-жылы өз сабақларын қәлеўшилерге хат формасында почта арқалы жоллаған. Оқыў материалы менен қоса, темалар бойынша тексериў жумысларын да хат жазысыў арқалы әмелге асырған. Ҳәттеки, ол соңынан өз тәжирийбесине тийкарланып, аралықтан билим бериўге арналған методикалық қолланбалар, оқыў бағдарламасын да жаратады.
1873-жылы АҚШ та дәслепки сыртқы мектеплер ашылған болса, 1906-жылы Балтимор штатының Калвен қаласында аралықтан турып баслаўыш тәлим беретуғын мектеп өз жумысын баслаған.
Ал, 1970-жылларда Калифорния штатында телевизиялық сабақларды шөлкемлестириўши арнаўлы исши топары дүзиледи. Соңынан пайда болған Coastline Community College шөлкеми барлық университетлердиң, китапханалардың телевизиялық каналларына оқыў фильмлерин усына баслайды. Нәтийжеде, 1976-жылы Coastline оқыў дәстүри тийкарында оқытылатуғын биринши «Виртуал колледж» ашылған.
Россияда аралықтан оқытыў дәстүриниң басланыўы қәнигелердиң тәжирийбелерин арттырыў ҳәм оқытыў, имтиханларға таярлық курслары сыпатында ең дәслепки рет 1926-1928-жыллардан баслап пайда болды.
Усы сыяқлы көплеген мағлыўматлардан биз дүнья тәжирийбесинде аралықтан билим бериў усылы, әсиресе, мектептеги билимлерге қосымша түрде қәлеўшилерге, мектептен соңғы, қәнигелигин арттырыў ямаса, билимлерин жетилистириўди, қосымша маманлықты ийелеўди қәлеўшилерге арналып шөлкемлестирилгенин көриўимизге болады.
Соның менен бирге, ҳәзирги ўақытта дүньяның қәлеген мәмлекетинде аралықтан билим бериўге тийкарланған, өз арнаўлы оқыў бағдарламаларына ийе түрли мәкемелер, шөлкемлер бар. Үй мектеплери (Homeshool) деген термин де билимлендириў тараўында кең ен жайған түсиникке айланған. Мәселен, пандемиясыз, тынышлық күнлерде де хызмет орынлары басқа қалаға өзгериўине байланыслы балаларының сапалы билим алыўы ушын бундай мәкемелердиң хызметинен пайдаланыўшылар саны оғада көпшиликти қурайды.
Әҳмийетлиси сонда: билимлендириў системасының аралықтан билим бериў усылын педагогикалық ҳәм методикалық көзқарастан да изертлеўшилердиң көпшилиги тәлимниң бул түри дәстүрий оқытыў усылы менен бирге (гибрид) алып барылса ғана билимлендириў сапасының жақсыланыўына ерисиў мүмкин деп есаплайды.
Бизиң елимизде аралықтан оқытыў тәжирийбеси жуўмақлары қандай?
2020-жылдың Өзбекстанда «Илим ҳәм мәрипат, санлы экономиканы раўажландырыў» жылы деп аталыўы тосыннан болған емес. Мәмлекетлик бағдарламадағы ўазыйпалар ўақыт талабына сай, заманагөй компьютер технологиялары жәрдеминде жумыс өнимдарлығын арттырыўға ерисиў, техниканың жетискенлигинен турмыстың барлық салаларында жоқары дәрежеде пайдалана алыўды көзде тутады.
Ал, Covid-19 пандемиясы бизиң мәмлекетимизде бул процесстиң тезлесиўи ушын өзине тән бир имканият ҳәм мәжбүрият болды десек қәтелеспеймиз. Бүгинги күнде көпшиликтиң, әсиресе, оқыўшы жаслардың да, оқытыўшылардың да компьютер бойынша саўатлылығын арттырыўға деген қызығыўшылығы күшейди. Заман талабына сай өз үстинде раўажланыўы, өзгерислерге таяр турыў ҳәм тез бейимлесиў қәбилетлерин жетилистириўлери ушын түртки болды. Бул унамлы нәтийже.
Әлбетте, аралықтан билим алыўды компьютер технологияларысыз, интернет тармағысыз әмелге асырып болмайтуғыны, онлайн сабақ тәжирийбеси бизиң билимлендириў системамызда ең дәслепки рет шөлкемлестирилгени ушын белгили дәрежеде кемшиликлер, олқылықлар болыўы да тәбийғый. Бундай ҳалатлардың орын алыўы тек бир факторға тийкарланбайды. Мәселен, пандемия дәўиринде мәжбүрий билимлендириўдиң белгили ўақытқа аралықтан шөлкемлестирилиўи нәтийжесинде ең көп додалаўларға себеп болған факторлар төмендегилер:
Интернет тезлиги мәселеси. Айырым аймақларда интернет байланысының оғада пәс болыўы;
Интернет тармағына жалғаныў ушын өз алдына қәрежет зәрүрлиги;
Оқыўшыларда өз бетинше билим алыў көнликпесиниң раўажланбағанлығы. Нәтийжеде, балалардың сабақты өзлестириўи алдынғыдай болмаўы. Мәселен, дәстүрий оқыўда үлгериўи жақсы болып жүрген айырым балалар аралық тәлимде бурынғыдай белсенди бола алмай қалды. Бул дегени, олар көбирек айтқан нәрсени орынлаўға үйренгенлиги, олардың сапалы билими тек өзлерине емес, басқалардың искерлиги менен байланыслы екенлиги (муғаллими, дослары, ата-анасы) мәлим болды;
Аралықтан оқыўда оқыўшылардың шаңарақ атмосферасы, түрли психологиялық ҳалатлары, қызығыўшылықлары, соның менен бирге айырым ата-аналардың өз перзентлери менен турақлы бирге ислесиўиндеги бослықлары да көринди;
Муғаллимлердиң өз бетинше видеосабақлар таярлаўында, телевизиялық сабақларда педагогикалық, методикалық шеберликтиң жетиспеўи жағдайлары да социал тармақларда көп додалаўларға себеп болды.
Әсиресе, аралықтан билим бериўдиң тийкарғы аспектлери қатарында интернет тезлигинен тысқары оқыў бағдарламасы, муғаллимлердиң тәжирийбеси, оқытыў усылы оғада әҳмийетли екенлиги айқын көринди. Бул жағдайлар аралықтан билим бериўди шөлкемлестириўде муғаллимлердиң де психологиялық ҳәм технологиялық таярлық дәрежесин арттырыў зәрүр екенлигин көрсетеди. Мәселен, муғаллимлердиң дәстүрий оқытыўдағы педагогикалық билимлери менен онлайн сабақлардағы педагогикалық шеберлиги, сабақты шөлкемлестириў, теманы түсиндириў ҳәрекетлери арасында ҳәм оны оқыўшының өзлестириўинде үлкен айырмашылық бар. Дәстүрий оқыўда оқыўшылар 45 минут даўамында қәлесин, қәлемесин сабақты тыңлайды, берилген тапсырманы орынлайды. Ал, аралықтан оқыўда онлайн сабақты тамашалаў, тыңлаў оқыўшының еркинде болып, ол ушын сабақ айрықша қызықлы, тартымлы болыў керек. Бул өз гезегинде, тараў қәнигелеринен жоқары кәсиплик шеберликти талап етиўи сөзсиз.
Ал енди, алдымыздағы жаңа оқыў жылын қайсы усылда баслаў мақул екенлиги туўралы социаллық сораўнамалар өткерилип, бүгинде бул мәселе жәмийетшиликте қызғын додаланыўда.
Әлбетте, дәстүрий оқыў түри ҳәмме ушын қолай ҳәм ол мәмлекетлик билимлендириў стандарты тийкарында оқыўшыға академиялық билим береди. Бала мектепте үйиндеги социаллық машқалаларға алаң болмай, дослары менен бирге, тыянақлы билим алады. Бирақ, бүгинги күнде технологияның жедел раўажланыўы бизден жылдамлықты талап етип атыр. Демек, онлайн билим бериў процесин де ҳәр тәреплеме жетилистириў күнниң әҳмийетли мәселеси саналады.
Бизиң ойымызша, буннан былай дәстүрий ҳәм аралықтан билим бериў усылларын интеграциялаў арқалы балалардың өз бетинше билим алыў көнликпелерин де раўажландырып барыў зәрүр. Әсиресе, заман талабына муўапық, аралықтан билим алыў бизлердиң балаларымызда санлы көнликпени (технологиялардан пайдаланыў, оларды түсиниў, мағлыўматлар излеў ҳәм басқарыў, байланыс ҳәм бирге ислесиў, мағлыўматлар қурамын жаратыў ҳәм оны бөлисиў) қәлиплестириўде оғада әҳмийетли. Усы тийкарда оқытыўдың еки усылы да бири-бирин толықтырып отырады. Солай етип, еки түрли тәлим моделиниң комбинациясы билим бериўдиң ең нәтийжели усылы болады. Дурыс, ғалаба хабар қураллары ҳәм информациялық технологиялар тараўындағы жетискенликлер, техникалық базаның жеделлик пенен өсиўи аралықтан оқытыўды раўажландырыўдың баслы шәрти болады. Интернет мағлыўматлары бойынша, ҳәзирги ўақытта мәмлекетимиз интернет тезлиги жағынан 176 мәмлекет арасында 95 орынды ийелейди (секундына 30 мб) ҳәм бул бойынша мәмлекетимиз тәрепинен еле де тийисли ўазыйпалар ислениўи күтилмекте.
Тәжирийбелер тийкарында ислениўи тийис ўазыйпалар
Аралық тәлимниң тармақлық байланыста қыйыншылық туўдырмайтуғын ҳәм салыстырмалы арзан шөлкемлестириўдиң ең дәслепки шешими — телевизиялық сабақлар болып есапланады.
Бунда ең дәслеп аралықтан оқытыўдың миллий арнаўлы оқыў бағдарламасы ислеп шығылыўы тийис;
— ол мектеп бағдарламасы тийкарында болып, лекин мазмунды еркин ҳәм кең сәўлелендириўи керек ҳәм усы бағдарлама тийкарында интернетте үлкен мағлыўматлар базасын жаратыўға ерисиў зәрүрf Буны қалай түсиндиремиз!
Мәселен, ҳәзирги ўақытта ҳәр бир адам интернеттен қәлеген тилде, қәлеген темаға байланыслы мағлыўматты табыўы мүмкин, бирақ, оларды миллий аймақ менталитетине сәйкеслендирип үйретиўди жолға қойыў лазым. Мысалы, география пәнине байланыслы дүнья еллери туўралы интернетте мағлыўматлар базасы оғада көп. Бирақ, олардың бизиң елимиздиң географиясын үйрениўде әҳмийети қандай? Өз елимиздиң тәбиятын жақыннан билиўде интернет тармағындағы қайсы мағлыўматлар балаға пайдалы? Мине, усындай сыяқлы Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан тәбиятынан келип шығып, мектеп бағдарламасындағы сабақлықты тийкарғы база сыпатында пайдаланыў арқалы пән туўралы миллий мағлыўматлар базасы балалардың билимин еле де тереңлестирип, темаларды кең ҳәм еркин өзлестириў мүмкиншилигин береди. Бунда балалар интернет ресурсларынан керекли ҳәм пайдалы мағлыўматларды табыў, оларды түсиниў имканиятына ийе болады. Бул басқа алыс аймақтағы оқытыўшылар ушын да таяр методикалық қолланба және балалардың өз бетинше билим алыў, излениўшеңлик қәбилетлерин еле де раўажландырыўдың шешими болып табылады.
Қарақалпақ тили ҳәм әдебияты пәнин үйретиўде де интернетте мағлыўматлар базасының азлығы шешилиўи тийис ең әҳмийетли машқалалардың бири. Әсиресе, қарақалпақ тилин, әдебиятын, мәдениятын, тарийхын, үйрениўге қызығыўшы басқа миллет ўәкиллери ушын да келешекте усындай миллий мағлыўматлар базасын жаратыў — сырт елли қәлеўшилер ҳәм қызығыўшылардың талабын қанаатландырыўда үлкен саўаплы ис болар еди.
Мағлыўматлар базасын кимлер жаратады?
Әлбетте, тараў қәнигелери. Буның ушын пәнлер ҳәм класслар кесиминде сабақларды бөлистириў, бул процесске педагогларды кастинг тийкарында тартыў ҳәм өтилетуғын бир пән, бир класс кесиминде бир неше педагогқа жүклениўи мақсетке муўапық. Мысалы: 6-класс қарақалпақ әдебиятын оқытыўға кеминде 5 муғаллимниң қамтылыўы, олар пәндеги темаларды бөлисип алыў тийкарында емес, ал бир теманы таярлаўда кеминде 5 педагогтың шеберлиги, билими, дөретиўшилик таланты иске қосылса, бир сабақтың авторлығына 5 муғаллимниң де даўагерлик ҳуқықы бирдей болыўы телевизиялық сабақларға ҳәм интернет тармақларына жайластырылатуғын мағлыўматлар базасына үлкен профессионаллық шеберлик пенен қатнас жасаўға ерисилер еди. Бунда ҳәр муғаллимниң бир тема бойынша керекли ҳәм әҳмийетли материаллар, мағлыўматлар топлаўы, мағлыўматларды билимлендириў стандартына сай муўапықластырыўы, теманы түсиндириўи сыяқлы процесслерди атқарыўы талап етиледи. Нәтийжеде, қәлеген ўақытта, қәлеген адам тема бойынша өзине керекли кең мағлыўматларға ийе болады.
Биз бул усынысларымызды өзимиздиң билимлендириў тараўындағы материаллық-техникалық базамыздың ҳәм педагог қәнигелердиң имканиятларынан келип шығып билдирип отырмыз. Бул мағлыўматлар базасын жаратыўға ҳәзирден, ертеңги телевизиялық сабақларды таярлаў дәўиринен баслап кирисилсе ҳәм ўақытты үнемлеўге, ҳәм жумыс процесин пуқта, сапалы шөлкемлестириўге ерисер едик.
Жәҳән билимлендириў системасында бундай мәселелер қалай шешилген?
Анығырақ айтқанда, ҳәзирги күнде аралықтан оқытыў бойынша дүньяның қайсы шөлкемлери ямаса мәкемелердиң оқытыў усылы жетекши орында! - деген сораўларға да жуўап берип өтиўди мақул көремиз
Дүнья тәжирийбесинде бундай мәселелер менен көбинесе мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер шуғылланады. Мәселен, ҳәзирги күнде жоқары профессионаллық шеберликтеги сабақ исленбелери менен жоқары рейтинглерди ийелеп киятырған шөлкем бул 2008-жылда АҚШтың MTI (Massachusets технология институты) ҳәм де Гарвард университетлериниң питкериўшиси Салман Хан тәрепинен шөлкемлестирилген Хан Академиясы болып, (Khan Academy) Академияның тийкарғы мақсети — Жер шарының барлық халқы ушын жоқары сапалы ҳәм бийпул билим алыўына мүмкиншилик бериў болып табылады.
Платформада математика, информатика, химия, физика, биология ҳәм астрономия сыяқлы пәнлер бойынша 9 мыңнан аслам видеосабақлар бар. Буннан тысқары платформада 100 мыңнан көбирек интерактив мысал ҳәм мәселелерди шешип, балалар билимин тексериўи мүмкин. Khan Academy сабақлары дүньяның 190 нан артық мәмлекетинде қолланылады, ҳәзирги ўақытта 29 тилге аўдарма исленген бул платформадан 74 миллионнан зыят адам пайдаланып келмекте.
Өзбекстанда да «Билим Онлайн» МКШ усы Khan Academy платформасын өзбек тилине аўдарыў ҳәм оны өзбек оқыўшыларына бейимлестирип жаратыў менен шуғылланыўды пандемия қәўпи басланбастан еки жыл алдын 2018-жылы баслаған еди. Бүгинге шекем бул шөлкем ықтыярлылар топарынан дүзилген жәмәәт тәрепинен өз жумысларын табыслы атқарып атыр.
Буннан басқа Стэнфорд университетиниң информатика илимлери профессорлары Эндрю Ын ҳәм Дафна Коллер тийкар салған «Coursera» ғалаба онлайн билимлендириў платформасы, 2010-жылда Эрен Бали, Гаган Бияни, Октай Чаглар тәрепинен жаратылған «Udemy» онлайн оқыў платформалары ҳәзирги күнде дүньяның ҳәр шетиндеги оқыўшыларынан жыйналған оғада көп аудиторияға ийе.
Бир сөз бенен айтқанда, биз де буннан былай онлайн сабақларды шөлкемлестириўде усындай билимлендириўге арналған белгили шөлкемлердиң ис-тәжирийбесинен теориялық-әмелий мақсетлерде пайдаланып, билимлендириўимиздиң жоқары басқышқа көтерилиўи ушын искерлик, жоқары профессионаллық тәжирийбе менен қатнас жасаўымыз тийис.
Г.Бегмуратова,
Нөкис қаласындағы Президент мектебиниң қарақалпақ тили ҳәм әдебияты
пәни муғаллими, филология илимлери бойынша философия докторы.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.
Телеграм каналымыз: https://t.me/erkinqaraqalpaqstan