Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 06:27:45, 25.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

СУД-ТЕРГЕЎ ИСЛЕРИ ХАЛЫҚАРАЛЫҚ СТАНДАРТЛАР ТИЙКАРЫНДА АЛЫП БАРЫЛАДЫ

Усы жыл 10-август күни Президентимиздиң «Суд-тергеў жумысында шахстың ҳуқықлары менен еркинликлерин қорғаў ҳәм кепилликлерин буннан былай да күшейтиў илажлары ҳаққында»ғы Пәрманы қабыл етилди.

Онда инсан ҳуқықларының бузылыўы, әсиресе, ҳуқық қорғаў уйымларының хызметкерлери тәрепинен пуқараларға нызамсыз ҳәрекетлер ислениўиниң алдын алыўға қаратылған ҳуқықый механизмлер нәзерде тутылған. Буннан тысқары, халықаралық стандартлар тийкарында тергеўдиң сапасын арттырыў илажлары белгиленди.

Атап айтқанда, услан­ған шахстың ҳуқықлары бузылыўының алдын алыў мақсетинде оннан оператив-излеў жумысын әмелге асыратуғын уйымлардың хызметкерлери тәрепинен арза, түсиник хат ямаса көрсетпе алатуғын болса, усы жынаят исин жүргизиўде болған сорастырыўшының, тергеўшиниң, прокурор ямаса судьяның жазба рухсаты тийкарында ҳәм тек қор­ғаўшы қатнасыўында әмелге асырылатуғын, сорастырыў ҳәм тергеў ҳәрекетлери өткерилместен бурын оның қорғаўшы менен жеке ушырасыўы тәми­йинленетуғын болды. Сондай-ақ, өз айыбын мойнына алыў бойынша келисим институты енгизилмекте. Бунда айырым түрдеги жынаятлар бо­йынша шахс айыбын мойнына алыў ҳаққында арза берген, жынаяттың ашылыўына белсене жәрдем берген ҳәм басқа да жағдайларда ол сорастырыў ҳәм дәслепки тергеў уйымлары менен жазба келисим дүзиўи және оған суд тәрепинен Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң Арнаўлы бөлими ти­йисли статьясында нәзерде тутыл­ған ең көп жазаның ярымынан көп болмаған муғдарына ямаса усындай мүддетке шекем  жаза та­йынланыўы нәзерде тутылмақта.

Шахсқа жәрияланған айып, жынаят иси судтың қайсы инстанциясында көрилип атырғанлығына қарамастан, жарасыў инс­титутына жеңилирек статьяға қайта квалифика­цияланған жағдайларда жарасыў институтын қолланыў имканияты жаратылды.

Енди аўыр ямаса оғада аўыр жынаят ислегени ушын судланғанлық жағдайы тамамланбаған ямаса судланыўы алып тасланбаған, бирақ тәреплер жарасқан болса жас өспиримлерге, I ҳәм II топар ма­йыпларына, ҳаялларға, алпыс жастан асқан ер адамлар ҳәм абайсыздан жынаят ислеген шахсларға жынайый жуўапкершиликтен азат етилмеўине байланыслы қағыйда қолланылмайды. Сондай-ақ, қастан исленген жынаят ушын үш жылдан аслам болмаған мүддетте, абайсыздан исленген жынаят ушын бес жылдан көп болмаған мүддетте еркинен айырыў жазасы белгиленген жас өспиримлерге, I ҳәм II топар майыпларына, пенсия жасындағы адамларға қамаққа алыў жазасы қолланылмайтуғын болды.

Бәршемизге белгили, айыпкердиң нызамларда ҳәм халықаралық ҳүжжетлерде орын алған тий­карғы ҳуқықларының бири-көрсетпе бериўден бас тартыў ҳәм көрсетпелерден жынаят исине байланыслы дәлиллер сыпатында оның өзине қарсы пайдаланылыўы мүмкинлиги ҳаққында хабардар болыў ҳуқықы болып табылады. Сонлықтан, пәрман менен усы ҳәм бас­қа да ҳуқықларды толық әмелиятта жүзеге шығарыў имканияты жаратылды. 

 

А.АБДИКАРИМОВ,

Қарақалпақстан Республикасы жынаят ислери бойынша судының судьясы.

 

А.СЕЙТАНОВ,

Нөкис районы жынаят ислери бойынша судының баслығы.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF