Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 06:47:39, 25.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

COVID-19: ӘСКЕРИЙ ШЫПАКЕРЛЕР ДЕ ҚАМТЫЛДЫ

Нөкисте 17-август күни COVID-19 инфекциясына гүман етилип атырған наўқасларды емлеў мақсетинде Олимпия ҳәм миллий спорт түрлери бойынша Нөкис жоқары спорт шеберлиги мектеби базасында ўақтынша шөлкемлестирилген Диагноз қойыў-бөлистириў ҳәм емлеў орайы өз жумысын баслады.

Орай хызметин шөлкемлестириўде Қорғаныў министрлигиниң Арқа-Батыс әскерий округ әскерлери сәркардалығы да өз үлесин қосты. Яғный, шөлкемлестирилген орайда 4 әскерий шыпакер ҳәм әскерий медицина мәкемелериниң 4 киши медицина хызметкери ўатанласларымыз саламатлығын сақлаў, пандемия менен гүресиўде тәжирийбе алмасыў мақсетинде хызметте болды. 

Орайдың ашылыў мәресиминде Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси басшылары, Арқа-Батыс әскерий округ әскерлери сәркардалығы, медицина қәнигелери ҳәм әскерий хызметкерлер қатнасты.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары М.Жуманов сөзге шықты.

­ Бүгинги күнде халыққа үзликсиз медициналық хызмет көрсетиў ҳәм коронавирус жуқпалы кеселлиги менен кеселленгенлерди емлеў сапасын жақсылаў мақсетинде Қарақалпақстанда 167 тез жәрдем машиналары ҳәм халық арасында COVID-19 кеселлиги белгилери болған пуқараларды емлеў орынларына жеткериў ушын Нөкис қаласында 42 дана ҳәм ҳәр бир районда орташа есапта 6-7, жәми республика бойынша 183 мобил бригадалар ислеп келмекте, - деп атап өтти М.Жуманов.

Айтып өтиў керек, ҳәзирги ўақытта Қарақалпақстан Республикасында тез медициналық жәрдем машиналарына болған талап толық тәмийинленген ҳәм бул бағдарда 838 шыпакер ҳәм 1091 фельдшер хызмет көрсетпекте. Ўақтынша шөлкемлестирилген орайда 7 блоктан ибарат улыўма 390 орын ажыратылып, биринши қабатында 224 орынлы жатақ орынлар кеселлик себепли дем алыўы қыйынласқан наў­қаслар ҳәм екинши қабаттағы 166 орын кеселлик белгилери жеңил кешетуғын наўқаслар ушын белгиленген.

Кеселлик белгилери бар наў­қасларды қабыллаў орнында ультрадаўыс тексериў аппараты (УЗИ), рентген аппараты, ЭКГ ҳәм лаборатория хызмет көрсетеди. Наўқасларға диагноз қойыў ҳәм емлеў ушын барлық зәрүр медициналық буйымлар, дем алыўды жеңиллестириўши үскенелер орнатылған. Жүриўге қыйналған ҳәм аўҳалы аўыр наўқаслар ушын майыплылық арбашалары ҳәм медицина зәмберлери бар. Орай хызметиниң үзликсизлигин тәмийинлеў мақсетинде 14 күнлик нәўбетши сменада 12 сааттан жумыс ўақты етип белгиленген. Онда жәми 150 тәжирийбели медицина хызметкерлери хызмет көрсетеди.

Сондай-ақ, бул медицина мәкемесиниң жумысын дурыс жолға қойыў ҳәм наўқасларды емлеўде тастыйықланған усылларды қолланыўды үйретиў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў минис­трлиги Эпидемиология, микробиология ҳәм жуқпалы кеселликлер илимий-изертлеў институтының жоқары категориялы қәнигелери бул процесслерге қам­тылған. 

Медицина мәкемеси, хызметкерлер ҳәм наўқаслардың қәўипсизлигин тәмийинлеў, пандемия тарқалыўына жол қоймаў ҳәм аймақтың қорғалыўын шөлкемлестириў мақсетинде Арқа-Батыс әскерий округи тәрепинен ўақтынша оператив штаб дүзилген болып, онда күни-түни нәўбетшилик жолға қойылған. Қалаберди, шыпакерлердиң Ташкенттеги орай менен мәсләҳәт ҳәм тәжирийбе алмасыўы, наўқасларды емлеўде консилиумлар өткериў мақсетинде әскерий округ тәрепинен 24 саатлық онлайн видеоконференц байланыс системасы енгизилген. Оператив штаб иште орнатыл­ған 8 видеобақлаў камералары арқалы орайдың ишки хызметин сырттан турақлы бақлаў ҳәм бирге ислесиў имканиятына ийе.

Айтып өтиў керек, Ташкент тәжирийбесинен келип шығып, Нөкис қаласындағы 3 спорт объектлеринде 1000 орынлық, Қарақалпақстанның ҳәр бир районында 200-500 орынлық бөлистириў орайларының хызмети иске түсип, олар бүгинги күнде жәми 5200 орынды қурайды.

 

Арқа-батыс  әскерий округи баспасөз хызмети.   

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF