ТАҚЫЯТАСТА ТОҒАЙ НЫЗАМЛАРЫ ҲҮКИМ СҮРЕ МЕ?
ямаса гелле қойғыш ҳәким орынбасары ҳаққында
Хабарыңыз бар, Kruz.uz рәсмий каналында 8-август күни Тақыятас районы ҳәкиминиң аўыл ҳәм суў хожалығы мәселелери бойынша орынбасары Салаўат Сабиров пенен «Сарайкөл» АПЖда жасаўшы пуқара Сансызбай Көшербаевлардың «Ийшан жап» каналы бойында суў мәселесинде жүз берген жәнжели сәўлеленген видеокөринис жәрияланған еди. Араны суўытпай Тақыятас районы ҳәкиминиң баспасөз хызметинен болып өткен ўақыяға рәсмий жуўап берилди.
Жуўапта айтылыўынша, ўақыяға бас себепши етип әпиўайы пуқара С.Көшербаев көрсетилген. Жуўапта: «...«Нур бино» фермер хожалығына тийисли пахта даласына биринши суўғарыў ислерин алып барыў ушын «Кенегес» каналы арқалы суў жиберилген. Усы канал бойлары район ҳәкиминиң орынбасары С.Сабиров тәрепинен қадағалап барылғанда пуқара С.К өзиниң үйиниң жанындағы нызамсыз ийелеп алған 2.5 гектар майданға еккен салысына суў алып барыў ушын өз мәпин гөзлеп суўдың қулағын ашып қойған. Ҳәкимниң орынбасары суўдың қулағын жабыўды өтиниш еткенде, пуқара буған бойсынбай жәнжел келип шыққан. Жақын ортада турған гүўалардың сөзлерине қарағанда пуқара С.К ҳәкимниң орынбасарына күш көрсеткен ҳәм ҳәкимниң орынбасары қорғаныўға мәжбүр болған» делинген.
Биз бул мәселени арза ийесиниң өтинишине көре үйрениў мақсетинде районда болып ўақыя қатнасыўшылары менен тиккелей сәўбетлестик. Ўақыя бойынша пуқара С.Көшербаев былай дейди: «Мениң тийкарғы дәраматым жерден. Басқа табыс жоқ. 2.5 га жериме еки жылдан берли егин егемен. Мәмлекетке салығын төлеп атырман (мысалы быйыл 7 миллионға шамалас). Быйылғы жылы жериме салы егип едим. Егиним быйыллыққа суў ишпеди. Қарап турсам, АПЖ орайындағыларға екинши суўы берилип атыр. Суў келгеннен (оның жумысына кирмейтуғын болса да) район ҳәкиминиң орынбасары басында болып, бизлердиң қыйтақ жеримизге бир уртлам да суў бермейди. Сылтаўы фермер хожалықларының пахта ҳәм салы атызларын суўғарыў. 4-август күни аўылға суў келди. Сол күни ҳәкимниң орынбасары С.Сабиров хожалықларға келетуғын суўдың сағасын байлатты. Жанында районлық аўыл ҳәм суў хожалығы басқармасы баслығы Ибрайым Шерниязов, Техкласстердиң агрономы Тағандурды Сарыбаев ҳәм суўшы Жалғас Абенов бар еди. Фермер хожалықларының атызларын суўғарыўдың басында жүр екен. Мен алдына барып қыйтақ жериме суў бериўин өтиниш еттим. «Фермер хожалықларының атызлары суў ишпей турып, сизлерге суў берилмейди!» деди С.Сабиров. «Онда суўды тек фермерлердиң атызлары ише ме, халық ишпей ме?» десем», ол: «Маған халық керек емес?» деп жуўап берди. Бул гәпине қатты ашыўым келип: «Онда неге орайдағы фермер хожалықларға екинши суўын берип атырсаң, ол жақтағы фермерлерден пул алған шығарсаң» дегенимди билемен, бирден пәтленип келип мурныма геллесин қойды. Қасында турған суў хожалығы бөлими баслығы ҳәм техкластердиң агрономы төбелести айырыўдың орнына, мениң еки қолымнан услап алып, С.Сабировтың тебиўине имканият жаратып берди».
Көрип турғаныңыздай, жуўап пенен болған ҳақыйқый ўақыя бир-бирине туўры келмейди. Жуўапта айтылғанындай, ҳәкимниң орынбасары қорғанбаған, ал, ҳүжимге өткен. Усы жерде «Ғарға ғарғаның көзин шоқымайды» деген сөз ядымызға келсе де, әдалатлықты ортаға қойып, еки тәрепти де тыңлап көриў, ўақыяны көрген гүўалардан да сорап көриў мақсетке муўапық еди. Сонлықтан, ўақыя орнында болған районлық суў хожалығы бөлими баслығы Ибрайым Шерниязов пенен телефон арқалы байланыстық:
И.Шерниязов: «Суўдың хожалықларға баратуғын сағасын ҳәкимниң орынбасары С.Сабиров байлатып таслағаннан кейин С.Көшербаев келип, қыйтақ жерлерге ашып бериўин сорады. Соңынан арада жәнжел келип шықты. Мен алыслаўда турғаным ушын олардың сөзлерин еситпедим» дейди.
Негизинде пуқара С.Көшербаев 2.5 га. жерине суў ашыў ушын фермерлерге жиберилип атырған суўдың сағасын байламаған. Ал, керисинше, әпиўайы пуқара ретинде салысына суў сораған. Бул жерде бойсынбаў ҳаққында ҳеш қандай гәп-сөз болмаған. Олай болса, рәсмий жуўаптағыдай ҳәкимниң орынбасары оған суўдың қулағын жабыўды өтиниш етиўине ҳеш қандай орын қалмайды!
Ҳақыйқатына келгенде, жәнжелге мына жағдай себеп болған. Пуқара С.Көшербаевтың «Сонда халық суў ишпей ме?» дегенине оған «Маған халық керек емес!» деп кескин жуўап берилген. Ашыўы келген пуқара «Олардан ақша алған шығарсаң, болмаса неге екинши суўын берип атырсаң?!» дегенине рәсмий басшының рәсмий жуўабы гелле қойыў болған.
Негизинде, хожалықларға берилетуғын суўды қадағалаў кимниң ўазыйпасына киреди? Егер район ҳәкиминиң орынбасары қадағалайтуғын болса, онда суў хожалығы басшысы, оның суўшылары не ислейди? Ҳәкимниң орынбасары график бойынша хожалық ҳәм фермер хожалықларға суўдың туўры бөлистириўин қадағаламай ма? Суўдың басына келип қадағалаўына, оның үстине жәнжел шығарыўдың не кереги бар еди? Егер ҳәкимниң орынбасары нызамсыз түрде суў хожалығы басшылары менен суўшылары қадағалап турған жерге келмегенде, жәнжел де болмас па еди?
Бул да тура берсин. Ҳәким орынбасары райондағы басшының бири болатуғын болса, оған пуқараға қол көтериўге ким ҳуқық берген? Егер билсе, район ҳәкими, орынбасарлары ҳәм тағы басқалар усы халықтың мәпин гөзлеў, халықтың дәртин ойлаў ушын қойылған. Соның ушын оларға хызмет машинасы, кабинет ҳәм басқа да жеңилликлер бериледи. Булардың барлығы да ол айтқандай «керек емес халықтың» төлеген салықлары арқасында келип турғанын билер ме екен? Усы халық болмағанда ол ҳәкимниң орынбасары болып сайланар ма еди?
Сондай-ақ, жуўапта айтылғандай, ўақыя орнында болған гүўалардың да айыбы жоқ деўге болмайды. Өйткени, олар район ҳәкими орынбасарының гүдибузарлығына гүўа болып, оған мүмкиншилик жаратып бергенин қалай түсиниўге болады! Себеби, видеокөринисте пуқараны суў хожалығы бөлиминиң баслығы, кластердиң агрономы ҳәм суўшының «Нива» машинасының артында қолларын услап турғаны, ҳәкимниң орынбасары С.Сабировтың тепкилеп атырғаны анық сәўлеленген. Бул сонда қайсы нызамға туўры келеди екен? Ямаса Тақыятас районында жәмийеттеги нызамлар қалып, тоғай нызамлары ҳәрекетке енгизилди ме? Өйткени, тоғайда күшли ҳәлсизге қәлегенин ислейди. Ал, биз жасап атырған пуқаралық, демократиялық жәмийетте нызам үстинлиги ҳәммесинен жоқары турыўы белгиленген.
Және жуўапқа қайтаман: «... Гүўалардың айтыўына қарағанда, пуқара С.Көшербаев қолына тас алып, ҳәкимниң орынбасарын урмақшы болған. Оннан кейин ҳәким орынбасары қорғаныўға мәжбүр болғанмыш. Бул бойынша ИИБ тәрепинен тергеўге шекемги сорастырыў жумыслары алып барылмақта».
Ал, бул ҳақыйқатлыққа туўры келетуғын жуўап болатуғын болса, сонда пуқараның қолына тас алып топылғанын дәлиллейтуғын видеокөринис оларда бар ма екен? Ямаса Тақыятас ҳәкимиятындағылар видеокөринисти төңкерип көрген бе екен? Итибар берсеңиз, жуўапта айтылған гүўалар, гүўалар емес, ал, туўрылап айтқанда, егер видеокөринис итибарға алынатуғын болса, буған басқа альтернатив видеокөринис пайда болмаса, олар тиккелей ҳәкимниң орынбасарының ҳуқықбузарлық ҳәрекетлерине шерик саналады. Өйткени, олар еки адамның жәнжелин тоқтатыўдың орнына, С.Сабировтың тебиўине мүмкиншилик жаратып берген. Бул жынаят кодекси тилинде «бир топар болып жынаятқа қол урған ҳуқықбузарлар» саналады.
Узын гәптиң қысқасы, Тақыятас ҳәкимияты тәрепинен ўақыя бир тәреплеме, өзиниң хызметкерине шаң жуқтырмаў усылында үйренилген. Ҳақыйқый жәбиркеш пенен айыпкердиң бет пердеси ашып берилмеген. Тек ҳәкимниң орынбасарының айтқаны бойынша жуўап берилгени көринип тур.
Бүгинги күнде елимизде халықтың нызамлы мәплерин қорғаў жолында көплеген жумыслар исленип атырғаны мақтаўға ылайық. Ең баслысы, сөз ҳәм пикир еркинлигине, әпиўайы халықтың мәпин қорғаў, олардың турмыс машқалаларын унамлы шешиў бойынша айтарлықтай жумыслар исленип атыр. Солай да, елеге шекем айырым басшылардың кемшилигин бетине айтсаң, оннан туўры жуўмақ шығарыў орнына, сени өзине душпан санап аяғыңа тусаў салмақшы болып атырғанын жасырып болмайды. Негизинде биз журналистлер кемшиликти сол лаўазым ийесиниң абырайын төгиў, кемситиў ушын емес, ал, халық пенен мәмлекетлик уйымлардың ортасында көпир хызметин атқарып, ҳақыйқатлық бет пердесин ашып бериў ушын хызмет ететуғынын негедур түсинбейди, түсинсе де түсингиси келмейди. Нәтийжеде бир кемшилик айтылса, оған түрли себеп-бәне таўып, ҳақыйқатлықты бүгиўге ҳәрекет етеди. Бул болса халықта орынлы наразылықтың келип шығыўына себепши болады. Нәтийжеде, бул нәрсе айырым, усындай жумысты дүзеўди емес, ал, бәне таўып, айыпты басқаға аўдарыўды ойлайтуғынлардың демине нан писиўине алып келеди. Ақыбетинде жәбирди халық көреди. Олар айыпсыз айыплы болып қала береди...
Жоқарыдағы ўақыяға да усы усылда жуўап берилген деп толық айтыўға ҳақымыз бар. Ўақыя терең үйренилмеген, пуқараның неге наразылығы соралмай, барлығы ҳәкимниң орынбасарының ҳуқықбузарлығын жасырыўға қаратылған.
Жуўмақлап айтқанда, бүгинги күнге шекем бул нызамсыз ҳәрекетлерге тийисли шөлкемлер тәрепинен ҳуқықый баҳа берилмеди. Былайынша айтқанда, жабыўлы қазан жабылыўы менен турыпты. Егер ол басшы болсын, әпиўайы пуқара болсын нызам алдында теңдей жуўапкер болатуғын болса, бизиңше бир топар болып ҳуқықбузарлықты жүзеге келтиргенлер тийисли жазасын алыўы керек!
Сағынбай ОРАЗЫМБЕТОВ,
өз хабаршымыз.
Тақыятас районы.