ХИМИЯ ҲӘМ БИОЛОГИЯ БАҒДАРЛАРЫНДА ҮЗЛИКСИЗ БИЛИМЛЕНДИРИЎ САПАСЫН ҲӘМ ИЛИМНИҢ НӘТИЙЖЕЛИЛИГИН АРТТЫРЫЎ ИЛАЖЛАРЫ ҲАҚҚЫНДА
Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары
Елимизде химия ҳәм биология пәнлерин раўажландырыў, бул бағдарларда билимлендириў сапасын ҳәм илимниң нәтийжелилигин арттырыў «Илим, мәрипат ҳәм санлы экономика жылы» мәмлекетлик бағдарламасының әҳмийетли ўазыйпалары қатарында белгиленген.
Бул, ул-қызларымызды химия ҳәм биология пәнлери бойынша тыянақлы оқытыў аймақларда жаңа өндирис кәрханаларын қурыў, жоқары қосымша қун жарататуғын фармацевтика, нефть, газ, химия, таў-кән, азық-аўқат санааты тармақларын жедел раўажландырыўға түртки береди ҳәм ақырғы нәтийжеде халқымыздың турмыс тәризин және дәраматларын арттырыўға пуқта тийкар жаратады.
Соның менен бирге, улыўма билим бериў мектеплеринде химия ҳәм биология пәнлерин оқытыўдың сапасы бүгинги дәўир талапларына жуўап бермейтуғынын, оқытыў методологиясы ҳәм лабораториялар гөнергенлигин, оқытыўшылардың мийнетин мүнәсип хошаметлеў механизмлери ислеп шығылмағанлығын айрықша атап өтиў зәрүр.
Сондай-ақ, орта арнаўлы, профессионал, жоқары билимлендириў, илимий-изертлеў мәкемелери және тараўдағы өндирис кәрханалары арасында кадрлар таярлаў ҳәм илимниң нәтийжелилигинен пайдаланыў бойынша турақлы байланыс, нәтийжели қарым-қатнас ҳәм бирге ислесиў жолға қойылмаған.
Химия ҳәм биология пәнлери бойынша билимлендириўдиң сапасын түп-тийкарынан арттырыў, улыўма билим бериў мектеплеринде бул пәнлерди оқытыўдың басқаша жаңа системасын енгизиў, билимлендириў мәкемелерин заманагөй лабораториялар, сабақлықлар ҳәм басқа да оқыў үскенелери менен тәмийинлеў, бул бағдарларға тәжирийбели оқытыўшы-устазларды қамтып алыў, кадрлар таярлаў ҳәм илимниң нәтийжелилигинен пайдаланыўда билимлендириў, илим ҳәм өндирис тараўлары арасында өз-ара тығыз қарым-қатнасты ҳәм бирге ислесиўди жолға қойыў мақсетинде:
- Президент, дөретиўшилик ҳәм қәнигелестирилген мектеплерди раўажландырыў агентлиги (кейинги орынларда — Агентлик). Инновациялық раўажланыў министрлиги, Илимлер академиясы, Халық билимлендириў министрлиги, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, химия ҳәм биология пәнлери бойынша узақ жыллық тәжирийбеге ийе устазлар, оқытыўшы ҳәм илимий хызметкерлердиң төмендеги усынысларына келисим берилсин:
республикамыздың ҳәр бир аймағында басқышпа-басқыш химия ҳәм биология пәнлерине қәнигелестирилген 14 таяныш қәнигелестирилген мектеплер (кейинги орынларда — таяныш қәнигелестирилген мектеплер)ди шөлкемлестириў, онда Әбу Әли ибн Сино атындағы жас биологлар ҳәм химиклер қәнигелестирилген мектеп-интернатын усы мектеплердиң статусына бейимлестириў:
республика район (қала) ларында басқышпа-басқыш химия ҳәм биология пәнлерин тереңлестирип оқытыўға қәнигелестирилген 150 мектепти (кейинги орынларда — қәнигелестирилген мектеплер) шөлкемлестириў:
таяныш қәнигелестирилген мектеплер ҳәм қәнигелестирилген мектеплерде химия ҳәм биология пәнлерин нәтийжели оқытыўды муўапықластырыў ушын оларға жоқары билимлендириў мәкемелериниң 55 кафедраларын бириктириў:
өндирис тармақлары ушын орта мағлыўматлы кадрлар таярлаў системасын жолға қойыў бойынша химия ҳәм биология бағдарларына тийисли қәнигелер бойынша орта мағлыўматлы кадрларды таярлайтуғын 47 профессионаллық билимлендириў мәкемелерине өндирис кәрханаларын бириктириў:
жоқары билимлендириў мәкемелерине химия ҳәм биология бағдарларында нәтийжели оқыў процесин шөлкемлестириў, пәнлерди раўажландырыў ушын олардың 74 кафедраларына 11 Илимлер академиясы илимий-изертлеў институтларын және өндирис тармақларын бириктириў,
2.Шөлкемлестирилетуғын таяныш қәнигелестирилген мектеплер ҳәм қәнигелестирилген мектеплерге жоқары билимлендириў мәкемелериниң кафедралары, илимий-изертлеў мәкемелери ҳәм өндирис тармақларын бириктириў дизими 1-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
Таяныш қәнигелестирилген мектеплер ҳәм қәнигелестирилген мектеплердиң жумысын жолға қойыў бойынша комиссия (Б.А.Мусаев) 2-қосымшаға муўапық тәртипте шөлкемлестирилсин ҳәм оған 2020-жылдың 1-декабрине шекем:
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери менен биргеликте улыўма билим бериў мектеплериниң потенциалы, оқыўшылардың химия ҳәм биология пәнлерине болған қызығыўшылығы ҳәм ата-аналардың талапларын үйренген ҳалда, солар тийкарында таяныш қәнигелестирилген мектеплер ҳәм қәнигелестирилген мектеплердиң жумысын жолға қойыў:
таяныш қәнигелестирилген мектеплер ҳәм қәнигелестирилген мектеплердиң материаллық-техникалық базасын беккемлеў, оларды жоқары тәжирийбели педагог кадрлар менен тәмийинлеў, қәнигелигин арттырыў ҳәм қайта таярлаў бойынша мәнзилли бағдарламаны Министрлер Кабинетине тастыйықлаў ушын киргизиў ўазыйпасы жүкленсин.
- Төмендегилер:
Химия ҳәм биология бағдарларына тийисли қәнигелер бойынша орта мағлыўматлы кадрларды таярлайтуғын профессионал билимлендириў мәкемелирине өндирис тармақларын бириктириў дизими 3-қосымшаға муўапық:
Жоқары билимлендириў мәкемелери кафедраларына Илимлер академиясы илимий-изертлеў институтлары ҳәм өндирис тармақларын бириктириў дизими 4-қосымшаға муўапық:
2020-2025-жылларда химия ҳәм биология бағдарында үзликсиз билимлендириў сапасын және әмелге асырылып атырған илимий-изертлеў ҳәм инновациялық жумыстың нәтийжелилигин арттырыў бойынша мақсетли бағдарлама (кейинги орынларда- мақсетли бағдарлама) 5-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
- Жоқары билимлендириў мәкемелериниң кафедралары — бириктирилген таяныш қәнигелестирилген мектеплер ҳәм қәнигелестирилген мектеплерде оқыў процесин нәтийжели шөлкемлестириў, профессор-оқытыўшыларды ҳәм қәбилетли студентлерди билимлендириў процесине тартыў, шеберлик сабақлары, дөгереклер ҳәм жазғы мектеплер шөлкемлестириў:
хожалық бирлеспелери, өндирис кәрханалары ҳәм кластерлер — бириктирилген химия ҳәм биология бағдарларына тийисли қәнигеликлер бойынша орта мағлыўматлы кадрларды таярлайтуғын профессионал билимлендириў мәкемелеринде оқыўшылардың теориялық билимлерин әмелиятта беккемлеў, «устаз-шәкирт» дәстүрлерин раўажландырыў ҳәм оқыўшыларға кәсиплик билим бериўге жәрдем бериў белгиленсин:
Илимлер академиясының илимий-изертлеў институтлары және хожалық бирлеспелери, өндирис кәрханалары ҳәм кластерлер — бириктирилген жоқары билимлендириў мәкемелеринде химия ҳәм биология бағдарларында нәтийжели оқыў процесин тәмийинлеў, илим ҳәм өндирис интеграциясына ерисиў, тараўдың жетик қәнигелери басшылығында, дипломалды әмелиятларды өтеў, студент ҳәм профессор-оқытыўшылардың лабораториялардан пайдаланыў ҳәм өндирис процесслери менен жақыннан танысыўы ушын шараят жаратыў, магистрлик ҳәм докторлық диссертацияларын қорғаўда әмелий басшылықты әмелге асырыў, илимий жумыс нәтийжелерин әмелиятқа усыныўға жәрдем бериў ҳәм илимий қолланбаларды қаржыландырыўда бирге ислесиў жолға қойылады.
Онда бириктирилип атырған шөлкемлер таяныш қәнигелестирилген мектеплер ҳәм қәнигелестирилген мектеплер, жоқары ҳәм профессионал билимлендириў, илимий-изертлеў мәкемелерин сабақлықлар, лаборатория үскенелери менен тәмийинлеў, оқытыўшылардың маманлығын арттырыў ҳәм стажировкадан өтиўин шөлкемлестириў, олардың мийнетин хошаметлеў, сырт елли қәнигелерди қамтыў, оқыўшылардың халықаралық абырайлы олимпиадаларда қатнасыўына ҳәм басқа да қәрежетлерин қаплаўда жақыннан жәрдем береди.
Мәмлекетлик активлерин басқарыў агентлиги Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери менен биргеликте бириктирилип атырған хожалық бирлеспелериниң бақлаў кеңеслеринде бириктирилген таяныш қәнигелестирилген мектеплер ҳәм қәнигелестирилген мектеплер, жоқары ҳәм профессионаллық билимлендириў, илимий-изертлеў мәкемелериниң жумысларын буннан былай да раўажландырыўға көмеклесиў мәселелерин көрип шығыўын тәмийинлесин.
Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлерине бириктирилип атырған хожалық бирлеспелери тәрепинен ажыратылған қаржылардың муғдарларына аймақтағы таяныш қәнигелестирилген мектеплер ҳәм қәнигелестирилген мектеплер және жыллар кесиминде өзгерислер киргизиў ҳуқықы берилсин.
- Химия ҳәм биология пәнлерине қәнигелестирилген мектеплердиң жумысын қосымша қаржыландырыў, оларды үскенелеў, оқытыўшыларға үстеме және химия ҳәм биология пәнлерин оқытыў бойынша басқа илажларды қаржыландырыў ушын Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент каласы ҳәкимликлери жанында юридикалық тәреп статусына ийе болмаған арнаўлы қорлар шөлкемлестирилсин.
Төмендегилер арнаўлы қордың қаржыларын қәлиплестириў дәреклери болып есапланады:
Мәмлекетлик бюджет қаржылары:
ҳәр бир аймақ ушын кеминде 1 миллиард сум ( жәми 14 миллиард сум) муғдарында жергиликли бюджет қаржылары:
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлериниң қосымша қаржылары ҳәм бюджеттен тысқары қаржылары;
физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң қайырқомлық қаржылары;
нызам ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да дәреклер.
- Халық билимлендириў министрлиги:
а) 2020-2021-оқыў жылында улыўма орта билим бериў мәкемелеринде химия ҳәм биология пәнлерине қызығыўшылығы болған оқыўшылар ушын тәжирийбе-сынаў сыпатында енгизилип атырған тәбийғый пәнлер бағдарындағы вариатив (өзгериўшең) оқыў режелерин басқышпа-басқыш оқыў процесинде пайдаланыўды жолға қойыў, сондай-ақ, оқыўшылардың әмелий көнликпелерин қәлиплестириў мақсетинде тәбийғый пәнлер оқыў бағдарламаларында әмелий сабақлардың үлесин көбейтиў илажларын көрсин:
б) Агентлик, Қаржы министрлиги ҳәм мәпдар министрликлер ҳәм шөлкемлер менен биргеликте бир ай мүддетте қәнигелестирилген мектеплердиң химия ҳәм биология пәнлери оқытыўшыларының билими ҳәм педагогикалық шеберлигин баҳалаў ҳәм сайлап алынған талабанлардың маманлығын арттырыў режесин тастыйықласын.
Өткерилген баҳалаў нәтийжелеринен келип шығып қәнигелестирилген мектеплерге ҳәм таяныш қәнигелестирилген мектеплерге қабыл етилген химия ҳәм биология пәнлери оқытыўшылары және басшы кадрлар (директор ҳәм қәнигелескен пән бойынша директордың орынбасары)дың базалық тариф ставкасына әмелде белгиленген үстеме ҳақы муғдары 2021-жылдың 1-январынан баслап 50 процентке шекем көбейтилиўи белгиленсин.
Агентлик, Қаржы министрлиги, мәпдар министрликлер ҳәм шөлкемлер менен биргеликте еки ай мүддетте қәнигелестирилген мектеплерге ҳәм таяныш қәнигелестирилген мектеплерге қабыл етилген химия ҳәм биология пәнлери оқытыўшылары және басшы кадрлар (директор ҳәм қәнигелескен пән бойынша директордың орынбасары)дың базалық тариф ставкасына үстеме ҳақы төлеў тәртибин ислеп шықсын ҳәм орнатылған тәртипте тастыйықласын.
- Мәмлекетлик тест орайы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Халық билимлендириў министрлиги, Илимлер академиясы ҳәм «Өзстандарт» агентлиги менен биргеликте 2021-жылдың 1-февралына шекем Химия ҳәм биология пәнлеринен билимлерди баҳалаў бойынша миллий сертификатлаў системасын (кейинги орынларда — Миллий сертификатлаў системасы) енгизсин.
Миллий сертификатлаў системасы шеңберинде төмендегилер белгиленсин:
Химия ҳәм биология пәнлерин билиў дәрежесин анықлаў ҳәм бул ҳаққында миллий маманлық сертификатларын (кейинги орынларда — миллий сертификат) бериў белгиленген тәртипте Мәмлекетлик тест орайы тәрепинен әмелге асырылады:
химия ямаса биология пәнлерин билиў дәрежесин анықлаў дифференцияластырылған ҳалда әмелге асырылады.
Жеңиллик берилетуғын дәрежедеги миллий сертификатқа ийе улыўма билим бериў мектеби, академиялық лицей ҳәм кәсип-өнер мектеби оқыўшылары мәмлекеттиң жоқары билимлендириў мәкемелерине оқыўға кириўде химия ямаса биология пәнинен тест сынағын тапсырыўдан азат етиледи ҳәм оған тийислилигине қарап химия ямаса биология пәни ушын белгиленген максимал балл бериледи.
- Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги ҳәм Халық билимлендириў министрлиги 2020-жылдың 1-декабрине шекем химия ҳәм биология пәнлери оқытыўшыларын таярлаў бағдарламаларын сырт елли университетлер тәжирийбеси тийкарында таллап, жетилистириў илажларын көрсин ҳәм оларда, соның ишинде, төмендегилер нәзерде тутылсын:
оқыў процесинде заманагөй педагогикалық технологияларды енгизиў:
сырт елдеги билимлендириў мәкемелери менен биргеликте биргеликтеги билимлендириў бағдарламаларын әмелге асырыў, стажировкаларын шөлкемлестириў ҳәм сырт ел қәнигелерин тартыў:
оқытыўшылардың жумысын баҳалаўдың ең алдынғы өлшемлерин енгизиў.
- Инновациялық раўажланыў министрлиги Халық билимлендириў министрлиги, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Илимлер академиясы менен биргеликте ең алдынғы сырт ел тәжирийбеси тийкарында билимлендириў мәкемелери ушын химия ҳәм биология пәнлеринен оқыў ҳәм илимий әдебиятларды жаратыў бойынша миллий таңлаў шөлкемлестирсин.
Миллий таңлаўдың нәтийжеси бойынша жеңимпаз деп табылған авторлар Инновациялық раўажланыў ҳәм новаторлық идеяларды қоллап-қуўатлаў қоры қаржылары есабынан 100 миллион сумнан бир мәртелик хошаметлеў ақшалары менен сыйлықланатуғыны белгиленсин.
- Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги және Илимлер академиясының 2021-жылдан баслап ҳәр еки жылда бир мәрте жоқары билимлендириў мәкемелери студентлери арасында химия ҳәм биология пәнлери бойынша Әбу Райхан Беруний атындағы халықаралық пән олимпиадаларын (кейинги орынларда — халықаралық олимпиадалар) өткериў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.
Халықаралық олимпиадалардың жеңимпазларын бир мәртелик хошаметлеў ҳәм тийисли қәнигеликлер бойынша жоқары билимлендириў мәкемелери магистратурасына мәмлекетлик грант тийкарында имтихансыз оқыўға қабыл етиў системасы енгизилетуғыны белгиленсин.
- Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Илимлер академиясы, Халық билимлендириў министрлиги ҳәм Қаржы министрлигиниң:
жоқары билимлендириў мәкемелериниң химия ҳәи биология тәлим бағдарлары студентлери арасында өткерилетуғын республикалық пән олимпиадасы жеңимпазлары және химия ҳәм биология пәнлери бойынша абырайлы халықаралық олимпиадалардың жеңимпазлары магистратураға тийисли қәнигеликлер бойынша оқыўға ажыратылған квота шеңберинде мәмлекетлик грантлар тийкарында имтихансыз қабыл етиў:
2021-2022-оқыў жылынан баслап химия ҳәм биология бағдарларында кадрлар таярлап атырған барлық жоқары оқыў орынлары, улыўма билим бериў мектеплериниң питкериўши класслары оқыўшылары арасында көп басқышлы (район (қала) — ўәлаят —жоқары билимлендириў мәкемелери) химия ҳәм биология пәни бойынша өзиниң олимпиадасын өткериў ҳәм 1-3-орынларды ийелеген оқыўшыларды жоқары оқыў орынларының қаржылары есабынан имтихансыз оқыўға қабыл етиў ҳаққындағы усынысларына келисим берилсин.
- Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Қаржы министрлиги 2021-жылдан баслап химия ҳәм биология пәнлери бойынша халықаралық ҳәм республикалық олимпиада жеңимпазларын таярлаған профессор-оқытыўшылар бир мәрте айлық мийнет ҳақысының 100 проценти муғдарында, химия ҳәм биология пәнлери бойынша студентлер ушын дөгереклер алып барып атырған профессор-оқытыўшыларға оқыў жылы даўамында жоқары билимлендириў мәкемелериниң бюджеттен тысқары қаржылары есабынан айлық мийнет ҳақыларына 25 процент муғдарында үстеме ҳақы белгилеў тәртиби енгизилсин.
- Жоқары билимлендириў мәкемелериниң химия ҳәм биология тәлим бағдарлары бойынша жеңиллетилген дипломға ийе болған питкериўшилер усы жоқары билимлендириў мәкемелериниң магистратура қәнигелигине қосымша имтиханларсыз контракт төлеми тийкарында қабыл етилетуғыны:
жоқары билимлендириў мәкемелериниң химия ҳәм биология қәнигеликлерин жақсы баҳалар менен тамамлаған магистрлерди таяныш докторантураға жоқары билимлендириў мәкемелериниң кеңеси қарары тийкарында имтиханларсыз тиккелей квота шеңберинде қабыл етиў тәртиби енгизилетуғыны белгиленсин.
- Химия ҳәм биология тараўындағы илимий шөлкемлердиң тармақ кәрханалары менен бирге ислесиўин тәмийинлеўдиң мәнзилли бағларламасы (кейинги орынларда — Мәнзилли бағдарлама) 6-қосымшаға муўапық тастыйықласын.
Төмендегилер:
Илимий шөлкемлерге бириктирилген тармақ кәрханалары — Мәнзилли бағдарламаға киргизилген ҳәр бир илимий шөлкем тәрепинен әмелге асырылатуғын илажлар ушын нәзерде тутылған қаржылардың өз мүддетлеринде ҳәм толық ажыратылыўын:
Илимлер академиясы Инновациялық раўажланыў министрлиги менен биргеликте — Мәнзилли бағдарлама шеңберинде илимий шөлкемлердиң қолланбаларын тармақ кәрханаларының талапларына муўапық, белгиленген тәртипте усынылыўын және ҳәр шеректе есап бериў айынан кейинги айдың 10-сәнесине шекем Министрлер Кабинетине әмелге асырылған жумыслардың нәтийжелери ҳаққында талланған мағлыўмат киргизилип барылыўын тәмийинлесин.
- Химия ҳәм биология бағдарларындағы илимий шөлкемлердиң перспективалы илимий қолланбаларын коммерцияластырыўды шөлкемлестириў бағдарламасы (кейинги орынларда — Коммерцияластырыў бағдарламасы) 7-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
Төмендегилер:
Илимий қолланбаларды коммерцияластырыўға жуўапкер хожалық басқарыў уйымлары -коммерцияластырыў бағдарламасына киргизилген ҳәр бир қолланбаны терең үйренип шығып, келешекте өз алдына ислеп шығылған бизнес-реже ҳәм қәрежетлер сметасына тийкарланып қаржыландырылыўын ҳәм сол тийкарда өнимлер ислеп шығарыўдың жолға қойылыўын:
Инновациялық раўажланыў министрлиги, илимий қолланбаларды коммерцияластырыўды шөлкемлестириўге жуўапкер министрликлер ҳәм шөлкемлер — Коммерцияластырыў бағдарламасында белгиленген илажлардың өз ўақтында сапалы орынланыўын муўапықластырыўды тәмийинлесин.
- Коммерцияластырыў бағдарламасына киргизилген қолланбаларды қаржыландырыў дәреклери етип төмендегилер белгиленсин:
илимий қолланбаларды коммерцияластырыўға жуўапкер хожалық басқарыў уйымлары ҳәм кәрханалардың қаржылары:
Инновациялық раўажланыў министрлиги жанындағы Илимий ҳәм илимий — техникалық жумыс нәтийжелерин коммерцияластырыў Президент қоры қаржылары:
жаслардың инновациялық, әмелий ҳәм перспективалы стартап жойбарлары ушын Өзбекстан Республикасы Жаслар ислери агентлигине ажыратылған грант қаржылары:
нызам ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да қаржылар.
- Инновациялық раўажланыў министрлиги:
Илимлер академиясының илимпаз ҳәм қәнигелерин турақлы түрде пән бағдарлары бойынша тийисли илимий-техникалық кеңеслер қурамына ҳәм тараўға байланыслы эксперт топарларына тартыў:
Илимий жумысқа байланыслы мәмлекетлик бағдарламалар шеңберинде жуўмақланған әмелий ҳәм инновациялық жойбарлардың нәтийжелерин экономика тармақлары ҳәм социаллық тараўдың талапларына муўапық коммерцияластырыўда жәрдем бериў илажларын көрсин.
- Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери Илимлер академиясы және Инновациялық раўажланыў министрлиги менен биргеликте усы қарардың 1-қосымшасына муўапық, дизимде белгиленген муўапықластырыўшы илимий шөлкемлердиң усыныслары тийкарында химия ҳәм биология бағдарындағы илимий-техникалық машқалалардың шешимине қаратылған илимий жумысқа байланыслы аймақлық бағдарламаларды ислеп шығып, 2021-жылдан баслап ҳәр жылы 10-январьға шекем тастыйықлаў ушын Илим ҳәм технологиялар бойынша республикалық кеңеске киргизсин.
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 27-сентябрьдеги «Өзбекстан Республикасының «Мәмлекетлик сатып алыўлар ҳаққында»ғы Нызамын әмелге асырыў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-3953 санлы қарары менен тастыйықланған Мәмлекетлик буйыртпашылар тәрепинен тиккелей шәртнамалар бойынша сатып алынатуғын товарлар (жумыслар, хызметлер) дизими төмендеги мазмундағы бәнт пенен толықтырылсын:
«38. Илимий жумысқа байланыслы мәмлекетлик бағдарламалар жойбарларын орынлаўға қатнасыўшы бюджет шөлкемлери тәрепинен изертлеўлер өткериў мақсетинде реактивлер ҳәм реагентлер сатып алыў».
- Қаржы министрлиги усы қарарды әмелге асырыўға байланыслы қаржыларды 2021-жылда тастыйықланған бюджет параметрлери шеңберинде ажыратсын. 2022-жылдан баслап болса Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети параметрлеринде нәзерде тутсын.
- Мақсетли бағдарламада белгиленген тапсырмалардың сапалы ҳәм өз ўақтында орынланыўын муўапықластырыў және системалы түрде мониторинг етиў жуўапкер министрликлер ҳәм шөлкемлердиң басшылары тәрепинен әмелге асырылатуғыны ҳәм ҳәр шеректе есап бериў айынан кейинги айдың 10 — сәнесине шекем Министрлер Кабинетине улыўмаластырылып талланған мағлыўматлар усынып барылыўы тәмийинленетуғыны белгилеп қойылсын.
Онда:
Халық билимлендириў министрлиги, Агентлик — улыўма орта билим бериў мәкемелеринде химия ҳәм биология пәнлерин оқытыў, сапасын арттырыў, аймақларда бул пәнлерге қәнигелестирилген мектеплердиң жумысын раўажландырыў және жаңа таяныш қәнигелестирилген мектеплер ҳәм қәнигелестирилген мектеплерди шөлкемлестириў:
Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, тийисли жоқары билимлендириў мәкемелериниң ректорлары — орта арнаўлы, профессионал билимлендириў мәкемелеринде, жумыс ислеп атырған ҳәм жаңадан шөлкемлестирилетуғын химия ҳәм биология пәнлерине қәнигелестирилген мәмлекетлик улыўма билим бериў мәкемелерине оқыў-методикалық жәрдем көрсетилиўин ҳәм оларда химия ҳәм биология пәнлерин нәтийжели оқытыўды муўапықластырыў:
Илимлер академиясы, тийисли илимий шөлкемлердиң басшылары — химия ҳәм биология бағдарларына қәнигелестирилген факультетлер, кафедралар ҳәм лабораторияларда нәтийжели оқыў процесин тәмийинлеўге илимий жәрдем көрсетиў:
Инновациялық раўажланыў министрлиги, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Илимлер академиясы, тийисли илимий ҳәм жоқары билимлендириў мәкемелериниң басшылары — өндирис тармақларындағы бар машқалалардың илимий шешимине қаратылған илимий көлемли өнимлер жаратылыўын, усы структуралардың илимий-кадрлар потенциалын арттырыўға жәрдем бериў бойынша турақлы түрде тийисли шөлкемлестириў илажларын әмелге асырсын.
- Әдиллик министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм шөлкемлер менен биргеликте еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи А.А.Абдувахитовқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Б.А.Мусаевқа жүкленсин. Усы қарардың нәтийжелери ҳаққында 2021-жыл 1-январь ҳәм 1-июльде Өзбекстан Республикасы Президентине мәлимлеме берилсин.
Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ.
Ташкент қаласы, 2020-жыл 12-август.