УЛЛЫ ИНСАН ЕДИ
Қарақалпақ ели аўыр жоғалтыўға ушырады. Муса Ерниязовтың Қарақалпақстан Республикасының экономикасы, қурылысы, нызамшылығы, мәмлекетшилиги, мәденияты ҳәм әдебиятының, миллий қәдириятларының раўажланыўы жолында ислеген хызметлерин пүткил халық, мәмлекет мойынламақта. Кишкене мәп ушын бир қап гүриш ишинен бир дана шигин қыдырған намәртлер де Муса Тажетдинович пүткил өмирин халық мәпи жолында сарп еткенин тән алыўға мәжбүр болады.
2002-жылды жасы үлкен әўлад ўәкиллери умытқан жоқ. Апрель айы ишинде еле жапларға суў келмеген, еки жыл даўам еткен саў тамтарыслығы Қарақалпақстан Республикасының экономикасын төменлеткен, аўыл хожалығы отырып қалған, аўыллар менен шәҳәр көшелериндеги дарақлар суўсызлықтан жапырағын төгип атырған пайытта, анығырағы 2-май күни Муса Тажетдинович Ерниязов Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине баслық болып сайланған еди.
Узын сөздиң қысқасы, соннан берли өткен 18 жыл ишинде Қарақалпақстан Республикасында әмелге асырылған дөретиўшилик ислерди баян етиў ушын газета бетлери кемлик етеди. Муса Ерниязовтың халық ушын ислеген ислери ҳаққында Өзбекстан Президенти елимиз азаматын жерлеў мәресиминде былай айтты:
« — Раҳметли Муса аға елди жақсы көрген, ҳадал, пәк, ар-намыслы инсан еди. Ол кисиге жүдә исенер едим, Қарақалпақстаннан кеўлим тоқ еди. Тили, дини, тәшўишлери бир болған өзбек ҳәм қарақалпақ халықларының аўызбиршилигин қәдирлер еди. Қарақалпақстанды раўажландырыў, адамлардың бирин екеў етиў бойынша көп ислерди баслаған едик. Енди бул ислерди дослары менен бирге, әлбетте, даўам еттиремиз».
Ҳақыйқатында Муса Ерниязов ел ушын жүдә үлкен көлемдеги ислер ислегенине қарамай, алға қойған мақсетлери оннан да уллы еди. Ол аз өмир сүрди, деп айтпаймыз, бирақ, күн-түн бир саат ҳәм арқайын, тәшўишсиз отырмай, өмир бойы еткен хызметлериниң нәтийжесин көрип, Қәллибек ағаға уқсап, яшы үлкенлик дәўранын сүре алмағанлығы өкинишли. Бендешилик, инсандики әрман екендағы.
Муса Ерниязовтың «Шорша» қойымшылығындағы қәбирин зыяратлаған Президентимиз: — Бул жерди Қарақалпақстанға келгенлер ҳүрмет пенен зыяратлайтуғын мәсканға айландырамыз. Ўатанды сүйиўши инсанлардың ҳүрметин орнына қойыў — халқымызға, жасларымызға үлги болады деп, атап көрсетти. Әлбетте, сондай болады. Баўыры кең халқымыз Муса Ерниязовтай пидәкер азаматын мәңгиге умытпайды.
Кеңесбай КАРИМОВ,
Қарақалпақстан халық шайыры.