«ҚАҲАРМАН ХАЛҚЫМНЫҢ ҚАҲАРМАН БАСШЫСЫ» БОЛДЫҢ
ЕЛЕ ТОПЫРАҒЫ КЕППЕГЕН ҚӘБИР БАСЫНДА ЕСЛЕЎ
Жуўмақланбай қалған он тоғызыншы... басланбаған жигирмаланшы жыл. Муса Тажетдинович Ерниязов Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы болып сайланған 2002-жылдың 2-майынан берги, оның өмириндеги тарийхый ўақыт усы жылдың отыз биринши июлы, мүбәрек Ҳайт байрамы, ҳәптениң жума күни усылайынша тоқтады.
Бул өткен дәўир, халқы сайлаған ел басшысының туўылып өскен ана-Ўатанына, тәрбиялап, билим берген халқына пүткил өмирин арнап, жан-тәни менен хызмет етиўдей азаматлық жолы болып қалды.
Тарийх ана «Уллы» деген баҳаны арадан узақ ўақыт өтиўи менен береди. Мен, Муса Ерниязов уллы инсан болып өтти деп, оның қәбир топырағы кеппей атырып айтпақшыман.
Суверенли Қарақалпақстан Республикасына ол басшылық еткен жыллар бүгинги ҳәм келешек әўлад айта жүргендей, атқарған уллы ислерин, топланған бай тәжирийбелерин жалғастырып, халқымыздың пәраўан турмысы, елдиң жарқын келешеги жолындағы қутлы қәдемлеринде даўам ететуғыны сөзсиз.
Бүгин Қарақалпақстан Республикасы, Жаңаланған Өзбекстан қурамында дүнья цивилизациясына қарысып, раўажланыў жолына түскен болса, оған Ерниязов басшылық еткен дәўир локомотив болып қала береди.
Муса Тажетдинович басшылыққа кирискен ўақытта Қарақалпақстанда мәмлекетке пахта, ғәлле тапсырыў соңғы он жыллар даўамында орынланбай келген болса, биринши мәрте 2004-жылдың 26-октябринде бежерилип, ал 2005-жылы 26 жумыс күнинде Өзбекстанда биринши болып орынланғанын еслесек, соннан бүгинги күнге дейин тек алдынғы қатар, дәслепки үш орынның биреўинен төмен түскен емес.
Биринши Президентимиз Ислам Кәримов 1997-жылы Тимур Камаловты Жоқарғы Кеңес Баслығы етип сайлаўға келген сапары жасаған баянатында, Қарақалпақстан Өзбекстан қазнасынан 9 миллиард сумнан артық дотация алады, бул оның бюджетиниң 75 процентин қурайды, деди. Бул, Ерниязов жумыс баслаған ўақытта да онша азайған жоқ еди. Арадан үш жыл өткерип, үлкен санаат кәрханаларының иске түсиўи, қурылыс ҳәм аўыл хожалығы өнимлери, жеке исбилерменлик үш есеге өсип, 60тан аслам жер асты қазылма байлықларын өндириў мәкемелери, 30 мыңға шамалас жаңа жумыс орны ашылып, салық өндириўдеги үлкен кемшиликлерди сапластырыў, улыўма халық хожалығының барлық тараўларының комплексли раўажланыўын тәмийинлеў арқалы Қарақалпақстан Республикасы ислеп тапқан табысы менен өзин-өзи тәмийинлейтуғын, биринши рет 2007-жылдан баслап дотация алмайтуғын елге айланды.
Бүгинги күни республикада жалпы ишки өнимниң 30 процентке жақынын санаат кәрханалары, 60 процентин киши ҳәм орта бизнес беретуғын, кирип келген инвестициясы 1,5 трл. сумға, экспорты 100 миллион АҚШ долларына қәдем қойған, экономикасы бәлентлеп баратырған елге айланды. Барлық қала ҳәм районларда, әсиресе, пайтахт Нөкис қаласында заманагөй архитектура тийкарында бой тиклеген сулыў, зәўлим имаратлар Муса Ерниязовқа арналған естеликлер тымсалында көз тартатуғыны сөзсиз.
Әдалатлы, бир сөзли, ҳеш қандай көтермелеўсиз, күни-түни тек халық ғамы менен жасап өткен, ҳәммеге теңдей басшы болды. Көзиниң тирисинде оның халық ушын еткен хызметлерине жүрегимиздеги жақсы сөзлеримизди, халқымыздың бәлент ҳүрмети менен ықласын айта алмадық. Мүбәрек 70 жасқа толған күни айтармыз деп таярланып жүргенимизде, «мени қутлықлаўшыларға селектор мәжилисинен бурын бес минут ғана ўақыт ажыратылады», деп бәрин шегирип таслады, юбилей берилмеди. Өзбекстан Қаҳарманы атағын алғаннан кейин тек бир рет ғана, ол да болса Президентимиздиң мәсләҳәтшиси Турсынхан Ҳайдарович Худайбергеновтың досларша қатаң талап етиўи менен Мойнақ қаласында өткерилген республика жасларының үлкен әнжуманында ғана тағып шықты. Муса Ерниязовтың халық ийгилиги ушын хызмет етиўден басқа жеке өмири ушын жасағанын көрмедик. Той-мерекелерде арқайын көсилип отырғанын, байрамларда салтанатлы, салқын сарайларда сайранлап келгенин, республиканың өзинен кейинги үлкен басшылары, ҳәкимлер, министрлердиң айырымларын бөлеклеп, ағайин яки аўыллас көрип айырған адам емес. Өзбекстан Қаҳарманы болған күнлерден кейинги жыйналысларда, еле оны көрмеген басшылар: «Бул, пүткил халқымыздың мақтанышы, атағыңыз қутлы болсын!» деген сайын жас баладай қысынып, «қояғойыңыз да, енди» деп турғанларыңыз есимизде узақ сақланып қалады.
Өткен жылдың жазында, Елликқала районынан 200 км алыстағы, барлығы болып 70-80 хожалық жасайтуғын «Шуқырқақ» аўылына вертолђт пенен барып түстик. Тийкарғы мәселелердиң бири, түслик районлардың изей суўын Тахтакөпир тәрепке әкетип турған бас изейкеш жығып кетип, аўыл халқы ата-бабасының «Сары хожа» мазарстанын суў басып кеткен. Соны қалай тиклеў бойынша «Өзбекстанға хызмет көрсеткен қурылысшы» екенин дәлиллеп, жаңа усыл тапқаны, аўылға барып, үйме-үй кирип, район орайындағы бир қатар мәкемелердиң усы аўылдағы бөлимшелерин аштырып, ҳаял-қызларды жумыслы еткени, жер астынан суў шығаратуғын насос станциясының тек азанғы ўақытта 2-3 саат ғана ислеў мүмкиншилигин еки еселеп, анық, қолға услатқандай етип шешиўлери, арадан еки күн өткерип Тахтакөпирдиң узақ аўылларына барып, 40-50 бала ушын жоқ жерден бақша ашып, районнан азық-аўқат тасыйтуғын транспорт қатнасын, байланыс ҳәм суўсызлық мәселелери шешилмегенше кешке дейин отырғанымыз, 2019-жылдың 1-январында жаңа жылды Арал теңизиниң ултанында, 20 градуслық суўықта ҳәр ўәлаяттан келген көмекшилерди қутлықлап, самарқандлылар өзлери менен әкелип қурған шырша әтирапында ойнағанларыңыз, Нөкистен 450 километрдеги «Қарақалпақстан» посёлкасына ҳәптесине, Мойнаққа күн ара қатнағаныңыз, гейде жас министрлердиң де ерип жүре алмай қалғанларын, Сизиң дуғыжым келбетиңиз, шаршап яки ашыў үстинде турғаныңызда да өзгермейтуғын, бир қәлипте еситилетуғын өлпең даўысыңыз, гейде жасы кишилерге де «қәне жора, бери кел» деп шақырып алыўларыңыз ҳәр биримиздиң, халқымыздың есинде узақ сақланып қалады.
Сиз, ҳеш ўақытта өнбейтуғын нәрсени, питпейтуғын исти тапсырмағансыз. Айырым ўақытлары қысынғанынан ямаса сизиң кеўлиңиз ушын: «Ақсақал, бул жумысты питкеремен» дегенлерге күлипF «қолыңнан келмейтуғын, улыўма бир өзиң питкере алмайтуғын нәрсени айтпа», дегенлериңиз көп ғана басшыларға тәрбия еди.
Сиз, уллы басшы, ҳақыйқый тәрбияшы, ҳәр тәреплеме өрнекли инсан едиңиз. Ҳүрметли Президентимиз Шавкат Мирзиёев сизиң қәбириңиз басында турып, Қарақалпақстан халқы Арал бойларында усындай шыдамлылық, беккем аўызбиршилик пенен қаҳарманларша мийнет етип атыр. Муса Тажетдинович усындай қаҳарман халықтың қаҳарман басшысы еди. Мен Сиз арқалы Қарақалпақстан халқынан қәтержам, кеўлим жай еди. Дүньяға бир келген уллы инсан болып өттиңиз, деди. Пүткил елимиз халықларының кеўлиндеги тилеклери де усы еди.
Жатқан ана топырағың торқа, мурадың ҳасыл болсын. Шарапатың буннан былай да халқыңа тийе берсин. Хош, халқымның әдиўли перзенти!
Шарап УСНАТДИНОВ,
Қарақалпақстан халық жазыўшысы, Олий Мажлис сенаты ағзасы.