Гүлистан ДӘЎЛЕТОВА
ЕЛДИҢ АҒАСЫ МЕНЕН ХОШЛАСЫЎ
Жемисли ағаштың шақасы аўыр, Жүги тайлы нардың арқасы жаўыр, Ҳәмме перзентине жүрек ҳәм баўыр, Халқым! Бүгин ағаң қайтып баратыр...
Өмирге келиў де, қайтыў да қыйын, Қәдирли қайтыў ҳәм алар бир сыйың! Хошласыў ҳүрметиңе қайысқан жыйын, Нәзерин төменге салып баратыр.
Минген шоққылары бәрҳа асқар шың, Қарақалпақты он сегиз жыл басқардың, Арысланы ҳүўлеп қалған жапсардың, Ашық көзин изге таслап баратыр...
Басшы болдың омыраўлы, айбатлы, Билегин сыбанған, иске ғайратлы, Қолға алған исин гүл-гүл жайнатты, Халқым! Бас перзентиң қайтып баратыр...
Қарақалпақ халқын сүйди жанындай, Тамырдағы ағып турған қанындай, Көп еди әрманы аппақ сағымдай, Қолы арзыўларға жетпей баратыр...
Қарап турсақ аз болмады табысы, Жан айбатта Байшубардың шабысы, Қырманға қуўыспай еккен тарысы... Халқына әлўидағ айтып баратыр...
Мийўалы дараққа кесек атылар, Санмың мийнетиниң тилде таты бар, Елим деген ерлер дәртке шатылар... Хош халқым, деп ағаң қайтып баратыр.
Жайың жайлы, руўхларың шад болсын, Сизге жазған соңғы сәлем хат болсын, Халқымызға исмиң мәңги яд болсын, Ыразы бол, халайық! Ағаң баратыр...
Шүкир етиң, қапа болмаң, халайық!!! Ел ағасын бир гүзетип салайық, Усындайда мүриўбетли болайық, Халқым! Жақсылар сийрексип баратыр...
Халқым! Қаҳарманың қайтып баратыр...
l-август 2020-жыл. |