ЕЛИМИЗ ҲАҚЫЙҚЫЙ ЖЕТЕКШИСИН ҲЕШ ҚАШАН УМЫТПАЙДЫ
Усы жыл 31-июль күни халқымыз үлкен жоғалтыўға ушырады. Атақлы мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткер, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Баслығының орынбасары, Өзбекстан Қаҳарманы Муса Тажетдинович Ерниязов 73 жасында аўыр кеселлениўден кейин қайтыс болды.
1-август күни республикамыз басшысы соңғы мәнзилге узатып салынып, Нөкис қаласындағы «Шорша баба» қойымшылығына жерленди. Елимизде карантин илажлары өткерилиўине қарамастан он мыңлаған қаламыз турғынлары орайлық көше бойларында турып, сүйикли басшысы менен хошласты.
Ҳақыйқатында, М.Ерниязов дерлик ярым әсирлик мийнет жолы даўамында өзиниң үлкен басшылық потенциалын, бай билим ҳәм тәжирийбесин республикамыздың гүллеп раўажланыўына жумсады. Барлық тараўларда кең көлемли реформалар әмелге асырылды.
Муса Тажетдиновичтиң тиккелей басшылығында республикамызды социаллық-экономикалық раўажландырыў, Арал бойында экологиялық жағдайды жақсылаў, халықтың турмыс шараятын арттырыў бағдарында айтарлықтай дөретиўшилик ҳәм абаданластырыў жумыслары алып барылды. Президентимиздиң атап өткениндей, қаҳарман халықтың қаҳарман басшысы еди.
Мине үш күннен берли қала ҳәм район ҳәкимликлери, министрликлер, кәрхана, мәкемелер, оқыў орынлары, жәмийетлик шөлкемлер, ҳуқық қорғаў уйымлары менен кең жәмийетшилик ўәкиллери Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси алдындағы майданға келип, өзиниң ҳақыйқый жетекшисиниң естелигине ҳүрмет көрсетпекте. Оның республикамыздың раўажланыўындағы, халқымыздың абадан турмысын тәмийинлеўдеги мийнетлери ушын тәжим етип, сүўрети жанына гүлшеңберлерин қоймақта. Усы мүнәсибет пенен елимиздиң барлық жерлеринен кеўил билдириўлер келип түспекте.
— Пүткил дүнья жүзинде коронавирус пандемиясы ҳүким сүрип турған бир пайытта Қарақалпақстан халқы аўыр мүсийбетти бастан кеширмекте,-дейди «Нураный» қоры Қарақалпақстан бөлиминиң баслығы, Қарақалпақстан халық жазыўшысы Ш.Уснатдинов. — Қарақалпақстанға 18 жыл даўамында басшылық еткен, аграр республиканы елимиздеги санааты раўажланған үлкеге айландырған Муса Тажетдинович Ерниязов қайтыс болды. Халқымыздың басына аўыр мүсийбет түскенде Президентимиз Шавкат Мирзиёев республикамызға келип, оның елимизди, экологиялық аймақты раўажландырыўдағы мийнетлерине жоқары баҳа берди. Әлбетте, халқымыз оның хызметлерин ҳеш қашан умытпайды. Ол баслап кеткен кең көлемли реформаларды халқымыз жәмлескенлик пенен даўам еттиреди.
Соңғы жыллары Мойнақ районында әмелге асырылған ислерде Муса Тажетдиновичтиң мийнетлери көп. Буны пүткил халқымыз, соның ишинде, мойнақшылар жүдә жақсы биледи.
— Президентимиз тәрепинен қабыл етилген қарарлардың орынланыўын тәмийинлеўге республикамыз басшысы тиккелей басшылық етти,-дейди Мойнақ районы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў бөлими баслығының орынбасары Жаңабай Жүсипов. — Сонлықтан да, ол районымызға тез-тез келип, әмелге асырылып атырған жумысларды көрип, баҳалы мәсләҳәтлерин берип турды. Нәтийжеде, қысқа ўақыттың ишинде район орайында, шетки аўылларда көп жумыслар алып барылды.
— Муса Тажетдиновичтиң республикамыз жасларына деген меҳир-муҳаббаты, исеними шексиз еди,-дейди Өзбекстан жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан бөлими баслығының орынбасары Бийбижан Аралбаева. — Республикамыз басшысының жасларды қоллап-қуўатлаў бойынша басламасы пүткил елимиз бойынша ен жайдырылмақта.
Барлық тараўда жасларды ҳәмийше қоллап-қуўатлап, оларға жетерли имканиятларды жаратып берди. Жаслар да оның менен ушырасыўды асығыслық пенен күтер еди. Қаҳарман басшымыздың пидәкерлик мийнетин жасларымыз умытпайды.
Белгили мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткер, елимиздиң ҳақыйқый жетекшиси, пидайы инсан Муса Тажетдинович Ерниязовты пүткил халқымыз ҳәмийше жүрек төринде сақлайды. Оның баслап кеткен уллы ислерин даўам еттиреди.
Д.АБИБУЛЛАЕВ
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.