Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 06:57:27, 25.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ПРЕЗИДЕНТ: МУСА ЕРНИЯЗОВ ҚАҲАРМАН ХАЛЫҚТЫҢ ҚАҲАРМАН БАСШЫСЫ ЕДИ

Пандемия келтирген сынаўлы күнлерде халқымыз аўыр жоғалтыўға ушырады, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы — Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Баслығының орынбасары, Өзбекстан Қаҳарманы Муса Ерниязов 2020-жыл 31-июль күни қайтыс болды. Марҳум Нөкис қаласындағы «Шорша баба» қойымшылығына жерленди.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 1-август күни бул жерге келип, Муса Ерниязовтың қәбирин зыяратлады. Марҳумның атына Қуръан оқылды.

— Марҳум Муса аға елин жақсы көрген, ҳадал, пәк, ар-намыслы инсан еди. Ол инсанға оғада исенетуғын едим, Қарақалпақстаннан кеўилим тоқ еди. Тили, дини, тәғдири, тәшўишлери бир болған өзбек ҳәм қарақалпақ халықларының аўызбиршилигин қәдирлейтуғын еди. Қарақалпақстанды раўажландырыў, адамлардың биреўин еки етиў бойынша көплеген жумысларды баслаған едик. Енди бул жумысларды, режелеримизди дослары менен бирге, әлбетте, даўам еттиремиз, - деди мәмлекетимиз басшысы.

Шавкат Мирзиёев Муса Ерния­зов жерленген қойымшылық абат етилетуғынын атап өтти.

— Бул жерди Қарақалпақстан­ға келгенлер ҳүрмет пенен зыярат ететуғын орайға айландырамыз. Усындай Ўатанды сүйетуғын инсанлардың ҳүрметин орнына қойсақ, халқымызға, жаслары­мызға үлги болады, - деди Президент.

Нөкис қаласында Өзбекстан Қаҳарманы Муса Ерниязовтың қайтыс болыўы мүнәсибети менен кеўил билдириў мәресими болып өтти.

Онда Президент Шавкат Мирзиёев қатнасып, марҳумның шаңарақ ағзаларына, халқымызға терең кеўил билдирди.

Шавкат Мирзиёев Муса Ерния­зов дерлик 50 жыллық жумысы даўамында үлкен басшылық қәбилети, инсаныйлық пазыйлетлери менен ҳүрметке ерискени, Қарақалпақстанның экономикалық потенциалын арттырыў, қала ҳәм аўылларын абаданластырыў, халықтың турмысын жақсылаў ушын өзин аямай мийнет еткенин атап өтти.

— Қарақалпақ жеринде, Арал апатшылығы жүз берген үлкеде жасап мийнет етиў — бул ҳақыйқый ерлик. Муса Ерниязов әне усындай қаҳарман халықтың қаҳарман басшысы еди. Ол 18 жыл даўамында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы деп аталатуғын оғада жуўапкершиликли ҳәм абырайлы ўазыйпада нәтийжели жумыс алып барғаны буны айқын дәлиллейди, - деди мәмлекетимиз басшысы.

Муса Ерниязов Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Баслығының орынбасары сыпатында мәмлекетимиздиң барлық аймақларын раўажландырыў ушын әҳмийетли нызамларды ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыўға үлкен үлес қосқаны ядқа алынды.

— Алла таала Муса ағаны әне усындай мүбәрек Қурбан ҳайыты ҳәм жума күнлеринде өз раҳметине алғанында да бир мәни бар, деп айтыўға болады. Ҳәммемиз ушын қәдирли бул инсан өмирде өзинен жақсы ат, жақсы из ҳәм естеликлер қалдырды. «Ел ушын пидә болыў — өлим емес, негизинде қайта туўылыў», дейди даналар. Муса Ерниязовтың аты ҳәм жар­қын естелиги де бүгин қайта туўылмақта, тарийх бетлерине мәңгиликке мөрленбекте, - деп атап өтти Шавкат Мирзиёев.

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң баслығы Қаҳраман Сариев, «Нураный» қоры Қарақалпақстан Республикасы бөлиминиң баслығы, Олий Мажлис Сенатының ағзасы Шарап Уснатдинов, «Қарақалпақ әдебияты» газетасының бас редакторы, Олий Мажлис Сенатының ағзасы Гүлистан Аннақлычева, Хорезм ўәлаятының ҳәкими Фарҳад Эрманов, Өзбекстан жаслар ислери агентлигиниң Қарақалпақстан бөлиминиң баслығы, Олий Мажлис Сенатының ағзасы Абатбай Данияров Муса Ерниязовтың ел-журт мәпи жолындағы көп қырлы жумысы, адамларға ислеген жақсылықларын еске алды.

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының ағзалары, Нызамшылық палатасының депутатлары, Президент Администра­циясы және Министрлер Кабинетиниң ўәкиллери, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутатлары, Министрлер Кеңесиниң ағзалары ҳәм кең жәми­йетшилик марҳумға ҳүрмет көрсетип, сүўрети жанына гүллер қойды.

Өзбекстан Қаҳарманы, атақлы мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткер, пәк ҳәм пидайы инсан Муса Тажетдинович Ерниязовтың естелиги халқымыздың жүрегинде мәңги сақланып қалады.

ӨзА.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF