БИР БИРИМИЗДИ ҲҮРМЕТ ҚЫЛАЙЫҚ
Елге келген көринбес жаў кем кемнен ҳәўиж алып халықтың сабырын, шыдамын қатты сынамақта.
Сонғы күнлердеги интернетте сайтларда, жәмийетлик тармақларда жаңлап атырған түрли пикирлер, нарийзалықлар буны дәлиллейди. Көринбес душпанның бир нешше ел таныған азаматларды, пуқараларымызды арамыздан алып кетип атырғаны бизди еле де қырағылыққа, бул бәлеге бийпарўа қарамаўға шақырады. Жәмийетлик тармақларда ел хызмети жолында садық болып, хызмет бабында кеткен заманласларымызға неге Ҳүкимет тәрепинен кеўил билдирилмей атыр деген мәселе пайда болып, бул пикирлерди окыўшыларда орынлы сораўлар туўдырып атыр. Бурыннан мәлим, ғалаба хабар қуралларында елге хызмети сиңген азаматларды Ҳүкимет яки бир мәкеме тәрепинен кеўил айтыў, некрологлар берилип келди. Буның бир неше түри бар екенлигин көпшилик жақсы биледи. Бүгинги күни пандемияға байланыслы газеталар ўақтынша шықпай турғанлығы мәлим. Бул ушын бир биреўди айыплаў зәрүрлиги жоқ.
Усы жерде пандемияның қурбанларын еслеп, оларға жақын жуўықлары, кәсиплеслериниң кеўил билдириўлерин оқып отырып мына ойға келемиз. Мениң бул пикиримди биразлар хошлар, биразлар жоқарыдағыларға жағыныў деп түсинер, бирақ " Ер басына күн туўса етиги менен суў кешер" дегендей, ҳәзир ҳеш кимгеде аңсат емеслигин түсинемиз. Бирақ, ең ашынарлысы, усындай жағдайларда социаллық тармақларда айырым пуқаралар тәрепинен қаза болған адамлар ҳаққындағы мағлыўматлар үзликсиз тарқатылмақта.
Бундай материаллардан кимге пайда? Тек аудиторияның кеўли қабарғаны қалады.
Усы жерде және бир нәрсени еслетип өтейик, нызамшылықта мәлимлеме саласындағы ҳуқық ҳәм жуўапкершилик анық белгиленген ҳәм буны, әсиресе, үлкен аудиторияға ийе, жәмийетте өз мийнетиниң арқасында тәсир күшине ийе бола алған блогерлер, социаллық тармақлардағы топар және каналлардың шөлкемлестириўшилери жақсы билиўи лазым. Себеби, жәмийетте олар тарқатып атырған ҳәр қандай мәлимлемени ҳақыйқат сыпатында қабыл ететуғынлар баршылық.
Тилекке қарсы, қурбан болып атырған азаматлар аз емес, олардың саны күн сайын көбейип атыр. Олардың барлығына Ҳүкимет басшылары атынан кеўил билдириў, онысыз да ғәўесетте турған халыққа қалай тәсир етеди. Шыпакерлердиң дәлиллеўинше бул аўырыўдан қанша қорықсаң ол сениң денеңе соншелли жабысады екен. Сонлықтан " әлиптиң изине бағайық". Бир биреўдиң жағасына асылмай, бирликли ел болып, бир биримизди қоллап-қуўатлап, бир биреўге ҳүрметимизди сақлап сынақлы дәўирден аман-есен шығысайық. Ҳәр бириниздин шаңарағыңызда аманлық болсын.
К.Реймов,
Өзбекстан журналистлери дөретиўшилик
Аўқамы Қарақалпақстан бөлими баслығы