Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 04:22:13, 25.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

БАСЫНДА «ЖАЗЫЛЫЎ МӘЖБҮРИЙ ЕМЕС», АҚЫРЫНДА «ҮСТЕМЕ УШЫН МАҚАЛА КЕРЕК» ЯКИ МУҒАЛЛИМГЕ ГАЗЕТАҒА ЖАЗЫЛЫЎ «АПАТ» Па?

Муғаллим дегенде ҳәр биримиздиң көз алдымызда уллы бир тулға, қолымыздан услап, жазыўды, оқыўды үйреткен пидайы инсан сәўлеленеди. Аўа, ҳақыйқатында да устаз уллы, устаз муқаддес.

Лекин, айырым жағдайлар инсан қәлбин шөктирип, руўхыңды түсирип жибереди. Ҳәр бир шөлкем жаңаша реформалар бағдарындағы өз жумысларын ғалаба хабар қуралларында сәўлелендирип барады. Сонлықтан, халқымыз жаңа мәлимлемелерди газетадан оқып, тереңирек оқып мағлыўматқа ийе болады. Телевидениеден тамашалайды, радиодан еситеди, социаллық тармақларды бақлап барады. Булардың бәри жыйналып, ғалаба хабар қуралларының негизин қурайды.

Ҳәрдайым жыл ақыры ҳәм жаңа жыл басында ра­йонлық, республикалық газеталар ушын жазылыў мапазының басланыўы сыр емес. «Газетаға жазылыўды умытпаң!». Бул сөзлер газетаның биринши бетинен, ҳәммениң дыққатын тартарлық дәрежеде орын ийелейди. Ҳәкимликтен баслап мәкеме-шөлкемлер, оқыў орынлары жазылыўды баслайды. Лекин, айырым оқытыўшылардың «жазылыў» мәселесинде наразылықларын көрип атырмыз. Хош, қәне айтың, республика көлеминде дабыл қағылып, ғалаба хабар қураллары төртинши ҳәкимият деп тән алынып атырған бир ўақытта газетаға бол­ған бул «ҳүрметсизлик»ти қалай түсиниў мүмкин? Жазылыў муғаллим ушын соншелли «апат» болып қалды ма? Жыл басында айы­рым оқытыўшылардың «Биз газетаға жазылмаймыз, мәжбүрий емес» сыяқлы қыйғырық сөзлерин еситемиз. Лекин, усы жар салып жүрген оқытыўшылардың жылдың екинши ярымына келгенде: «Мен мақала шығарыўым керек, «үстеме» ушын», - деп редакция есигин қағып, жазып келген «шала» мақаласынан бир неше орфографиялық қәте­ниң табылыўы ҳайран қалдырады. Яки «мениң мақала жазыўға ўақтым жоқ, лекин, мақала шығыўы шәрт» деп аўзында саққыз шайнап, қолындағы желпигиши менен келистирип турады. Хош, бул оқытыўшының баспасөзге «ҳүрметсизлиги» ме яки муғаллим деген атына...

Әлбетте, заман тез пәтлер менен раўажланбақта. Өзи финанслық жақтан қыйналып атырған редакциялар газетаны өз ўақтында шығарып, жазылыўшыларға жеткериўиниң өзи қуўанарлы жағдай. Мақалалар таярлаў, мәлимлеме топлаў, баспаханаларда газета басыўға кеткен ўақыт, редакциядағы макет ислеў, қәтелерин дүзетиў процесслерине қәнигелердиң көз нуры ҳәм машақатлы мийнет талап етиледи. Газета баспахана тәрепинен бийпул басып берилмейди. Басылымның ҳәр бир санына қаншадан-қанша қаржы талап етиледи. Тарийхқа мөрленип атырған заманымыз жаңалықлары, мәлимлемелер усы газеталардан оқылып атыр. Лекин, жоқарыдағы «оқы­тыўшылар»дың «ерке»ликлерин қаржы мәселесине барып тақалатуғын газета көтермейди. Ҳәр бир оқыўшыға «пәраўан оқыўды, шығарма жазыўды үйреткен» деп қосық қатарларында, дөретиўшилик мийнетлерде мақталып атырған айы­рым оқытыўшылардың онлайн сабақларды, өткерген әдебий кеше ҳәм дөгереклерин қағазға мөрлей алмағанлығын қалай түси­немиз? Бәлким, Халық билимлендириў министрлиги муғаллимлер арасында ўақты-ўақты «Шығармалар таңлаўы»н өткерип турса, нур үстине нур болар ма еди!

Тек газета емес, барлық ғалаба хабар қураллары менен биргеликте жумыс алып барып атырған мектеплер менен мақтансақ арзыйды. Лекин, айырым оқытыўшылардың ҒХҚна болған бундай қатты ҳәрекетлери газета редакцияларында да түрли кеўилсизликлерге себеп болмақта. Мейли, муғаллим жумыстағы жетискенликлерин ақ қағазға түсирсин, электрон байланысқа шықсын, лекин, ҳеш нәрсе жазбастан яки боялған бир неше орфографиялық қәтеси бар еки бет «жазба иси» менен халықты редакциядағылар сиз себеп алдай алмайды. Халық билимлендириўи системасындағы ашшы ҳақыйқатлықлар анық сер салсаңыз, айнаға қарағандай тынық көринеди.

Устаз атына мүнәсип болмаған бир муғаллим пүткил мектепти билимсизлик батпағына батырыўы мүмкин. Бүгин Президентимиз қойған талап тийкарында муғаллим өз жумысларына ойшаң көз бенен өзи баҳа бериўи, қәте-кемшиликлерин айнада көрип тур­ғандай ўақтында дүзетиўи керек. Өйткени, муғаллим келешек ийелери ушын үлги болыўы, ул-қызларымыз олардан ибрат алыўы керек. Бир бет қағазды дурыслап қаралай алмайтуғын руўхый жарлы, ҳәмме нәрсени пул менен қарыслайтуғын адам ҳеш қашан ҳақыйқый муғаллим дәрежесине көтериле алмайды.

Ҳақыйқатында муғаллимниң газета менен ислесиўди үйрениўи шәрт бол­ған дәўир әйне, бүгинги күн. Өйткени, газетада әйне сизиң хызметиңиз тек бүгинги күнге емес, тарийх­қа мөрленеди. Буған (жазылыўға) «апат» деп қарайтуғын «оқытыўшы» бәлким, ҳәр қандай шөлкем қәнигеси, қулласы, ҳәр бир инсан бир нешше жылдан кейин бүгинги елге еткен хызметлерин ҳеш бир ҒХҚнан, халқымыз қәлбинен таба алмайды. Себеби, жеке өзим отыз жыллар алдын шыққан газетаны көзим менен көрип, сол жыллары өз мәкемесиндеги жумысларды жарытқан қәнигениң мақаласын оқып, тири тарийхқа гүўа болғанымда ҳайранлар қалдым.

Жазылыўды көз-көз маңлайға баса бергеннен көре қәтелерсиз жазыўды, жумысыңызды өз мақалаларыңызда жарытыўды үйренсеңиз жақсы болар еди. Бул муғаллимшилик атыңызға ылайық болыўыңызда пайдасы көп. Ақылға сыймас, устаз абырайына туўры келмейтуғын «еркелик»лериңизди, және бир мәрте тәкирарлайман, газета көтермейди. Көтериўге мәжбүр де емес!

Лобархан БАЗАРБАЕВА,

журналист.   

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF