Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 04:32:44, 25.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

МАҚСЕТИМИЗ — ЕЛИМИЗДИ РАЎАЖЛАНДЫРЫЎ ЖОЛЫНДА БИРЛЕСИЎ

Мәмлекетимиздеги сиясий жаңаланыўларда «Юксалиш» улыўма миллий ҳәрекетиниң дүзилгенине оншелли көп ўақыт болмағанына қарамастан өзиниң ыла­йықлы орнына ийе болды.

Газетамыз хабаршысы, Ҳәрекеттиң Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлиминиң баслығы, Жоқарғы Кеңес депутаты Тажибай Романов пенен әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында сәўбетлести.

­ Тажибай аға, көпшилик пуқараларымыз «Юксалиш» улыўма миллий ҳәрекетиниң қандай шөлкем, ол не хызмет атқаратуғынлығын  толық биле бермейди, бул бойынша кеңирек түсиник берсеңиз?

­ Президентимиз тәрепинен мәмлекетлик уйымлар қатарында елимизде ҳәрекет етип атырған жәмийетлик шөлкемлерге де үлкен итибар қаратылып, өз гезегинде олар да басқалар қатары республикамыздың социал-экономикалық жақтан раўажланыўы, миллетлераралық татыўлық, руўхый-ағартыўшылық жумыслары, миллий-мәдений мийрасларымызды қәстерлеп-сақлаўда өз үлеслерин қосып келмекте. Мәмлекетимизде жүргизилип атырған реформалар барысы, нызамлар, Президент пәрманлары, қарарлары ҳәм де ең соңғы жаңалықларды халқымыз арасында үгит-нәсиятлаўда сиясий партиялар менен бир қатарда «Юксалиш» улыўма миллий ҳәрекети тәрепинен де бир қатар жумыслар әмелге асырылып келинбекте. Ҳақыйқатында да, халқымыз жәмийетлик шөлкемлерден бес партияның бар екенин жақсы биледи, лекин, «Юксалиш» улыўма миллий ҳәрекети бойынша еле де кең мәнистеги түсиникке ийе емес деп ойлайман.

Енди, Ҳәрекетке келетуғын болсақ, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 17-январьдағы «2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкар­ғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясының «Жедел инвестициялар хәм социаллық раўажланыў жылы»нда әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарламасы ҳаққында»ғы ПП-5635-санлы Пәрманы тийкарында, мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған реформаларға бийпәрўа болмаған барлық пуқаралар, шет елде жасап атырған ўатанласларымыз, исбилерменлер жәмийети ҳәм мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң ўәкиллери ҳәм де жасларды усы идея әтирапында ықтыярлы түрде бирлестириў мақсетинде Республика «Юксалиш» улыўма миллий ҳәрекети ҳәм оның аймақлық бөлимлери шөлкемлестирилди.

«Юксалиш» улыўма миллий ҳәрекети Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими 2019-жыл апрель айынан баслап өз жумысын алып бармақта.

Пәрман тийкарында «Юксалиш» улыўма миллий ҳәрекети Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими баслығы, жергиликли кеңес депутатлары арасынан сайланған, бир ўақыттың өзинде Министрлер Кеңеси Баслығының мәсләҳәтшиси болып есапланады.

­ «Юксалиш»  ҳәрекетиниң ең тийкарғы мақсети нелерден ибарат?

­ Ең тийкарғы мақсетимиз ­ әмелге асырылып атырған реформалардан, нызамлар, қарарлар, дүньяда ҳәм елимизде болып атырған ең соңғы жаңалықлардан өз ўақтында ҳәммени бирдей хабардар етиў. Әсиресе, оларды кешиктирместен ең шетки алыс аўыллардағы халыққа жеткериў, оларда қызығыўшылық оятыў ҳәм алға қарай умтылыў бойынша ҳәрекетке келтириў. Соның менен бирге, олардың пикир-усынысларын, күнделикли турмыста орын алып атырған машқалаларын еситетуғын ҳәм талқылайтуғын майданды жаратып бериў ҳәм сол арқалы мәмлекетке деген исенимин беккемлеўден ибарат. Ҳәрекеттиң Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими өз жумысын Өзбекстан Республикасы Конститу­циясы, Нызамлары, Олий Мажлис палаталарының қарарлары, Президент пәрманлары, қарарлары, бийликлери, Министрлер Кабинетиниң қарарлары, бийликлери, Жоқарғы Кеңес ҳәм Министрлер Кеңеси қарарлары, баянламалары, басқа да нызам ҳәм нызам асты ҳүжжетлери, Режелер, сондай-ақ, «Юксалиш» улыўма миллий ҳәрекети баслығының буйрық ҳәм көрсетпелери тийкарында алып барады. Ҳәрекет мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкем есапланып, өз атамасына, мөр ҳәм штампларына ийе болып, өз жумысын аймақта жәриялылық, коллегиаллық, өз-ара ҳүрмет, тең ҳуқықлылық, ықтыярыйлық принциплери тийкарында әмелге асырады.

­ Сиз жоқарыда ҳәрекетти мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкем есапланады деп атап өттиңиз. Ал, сонда мәмлекетлик уйымлар менен жумыслар қалай әмелге асырылып атыр?

­ Негизинде, Ҳәрекет өз ўазыйпалары ҳәм функцияларын әмелге асырыўда мәмлекетлик уйымлар ҳәм басқа да шөлкемлер менен өз-ара тығыз бай­ланыс­та болады. Аймақ шеңберинде жергиликли мәмлекетлик мәкемелер, шөлкемлер, мәмлекетлик емес шөлкемлер менен бирге ислесиўди жолға қояды, Ҳәрекетке жүклетилген ўазыйпаларды әмелге асырыў мақсетинде сораўнамалар жибереди, олардан тийисли мағлыўматлар алады. Сондай-ақ, режелестирилген реформалардың, соннан, Мәмлекетлик бағдарламада нәзерде тутылған реформалардың әмелге асырылыўы бойынша топланған мағлыўматлар тийкарында мәлимлемелер, пикир ҳәм усыныслар таярлайды ҳәм де Ҳәрекет басшысын хабардар еткен ҳалда тийислисинше жергиликли кеңеслердиң сес­сия­ларына ҳәм жергиликли мәмлекетлик ҳәкимиятқа киргизеди.

­ Ҳәрекеттиң баслы ўазыйпаларына да тоқтап өтсеңиз?

­ Ҳәрекеттиң баслы ўазыйпасы биринши гезекте, халық ҳәм исбилерменлик жәмийетшилиги менен ашық пикирлесиўди жолға қойыў, жәмийетшилик қадағалаўдың нәтийжели системасын жетилис­тириў, мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары,  пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтлары, сондай-ақ, пуқаралар, әсиресе, жаслардың ис-ҳәрекетлери ҳәм күшлерин бирлестириўден ибарат болып есапланады.

Соның менен бирге, реже­лестирилген, Мәмлекетлик бағдарламада нәзерде тутылған реформаларды әмелге асырыў процесинде Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси палаталары ҳәм Халық депутатлары жергиликли Кеңеслеринде додалаўда белсене қатнасыў ҳуқықына да ийе. Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси палаталары, Өзбекстан Республикасы Президенти Администрацияси ҳәм Өзбекстан Республикасы Минис­трлер Кабинетине тал­қыланған мәлимлемелер менен усыныслар киргизип, мәмлекетимиз, халқымыз ушын ең әҳми­йетли болған басламаларды қоллап-қуўатлап барады.

­ Нызам бойынша, сиясий партиялар өзлерине ағзаларды қабыл етеди, ал, Ҳәрекетте де ағзалар қабыл етиле ме?

­ Орынлы сораў. Ҳәрекет барлық түрдеги пуқараларды ҳәм де мәмлекетлик емес коммер­циялық емес шөлкемлерди ықтыярлы, ҳеш қандай төлемсиз ағзалыққа қабыл етиў ҳәм олар­ға тастыйықланған үлгидеги арнаўлы сертификатларды бериў ҳуқықына ийе. Бүгинги күнде республика бойынша «Юксалиш» улыўма миллий ҳәрекетиниң www.yumh.uz веб-сайты иске қосылған болып, республикамыздың барлық пуқараларын жақыннан бирге ислесиў, жақсы пикир-усынысларын алыў, елимиздиң социал-экономикалық жақтан раўажланыўына өзиниң үлесин қосыўды мақсет еткен болса, олар ықтыярлы түрде қәлеген ўақытта бийпул ағза болыўы мүмкин екенлигин есапқа алып, бәршени ағза болыўға шақырамыз.

­ Ҳәрекет тәрепинен алдағы ўақытлары қандай жумысларды әмелге асырыў режелестирилген?

­ Бүгинги күнде Бирлескен Миллетлер Шөлкеми дүзилгенлигиниң 75 жыллығын жоқары көтериңки руўхта өткериў бо­йынша «БМШ-75» глобал кампаниясына старт берилди ҳәм оның шеңберинде бүгинги күн ҳәм жақын келешек ушын ең әҳмийетли жөнелислерди анықлаў мақсетинде глобал анкета сораўы өткерилмекте. Сораў өткериўдиң тийкарғы мақсети ­ имканияты болғанша көбирек пуқараларды қамтып алыў, инсаният дус келип атырған ҳәзиргидей қыйыншылықларды жеңип өтиў, дүньяны жақсырақ қурыў бағдарында әмелге асырылыўы керек болған биринши нәўбеттеги ўазыйпаларды белгилеў, пүткил дүньядағы инсанлардың пикир ҳәм усынысларын улыўмаластырыў мақсетинде онлайн сораўнамасы жәрияланып, сораўнаманы кең жәмийетшиликке үгит-нәсиятлаў ҳәм социаллық тармақларда тарқатыў, белсене қатнасыў бойынша жумыслар алып барылмақта. Олар билдирген пикирлер жүдә керекли, барлық нәтийжелер улыўмаластырылып, усы жылы болып өтетуғын БМШ Бас Ассамблеясының 75-сессиясында Бас хаткер Антонину Гутерриш тәрепинен мәмлекет басшыларына усыныс етиледи. Сораўнама бойынша Ҳәрекет аймақлық бөлимимиз тәрепинен май айынан баслап тийисли министрликлер, мәкемелер, оқыў орынларының телеграмм каналлары, топарлары, айырым жеке пуқаралардың да телеграмм каналларына қойылды, лекин, олар тәрепинен жүдә әҳмийетке ийе сораўнамаға қатнасыў дәрежеси еле де төмен бол­ғанлықтан республикамыз рейтинг көрсеткиш бойынша кейинги орынларға түсип қалмақта. Усы жыл август айында «Юксалиш» улыўма миллий ҳәрекети тәрепинен «Men uchun qadrli» флешмобы өткерилиўи режелестирилген, оған барлық қатнасыўшылар социаллық тармақлардағы бетлери арқалы өзлериниң ҳәзирги күндеги алып барып атырған дөретиўшилик жумыслары, тәсирлери, баҳалы пикир-усыныслары менен қатнасыў мүмкиншилигине ийе. Ол қандай көринислер болыўы мүмкин? Атап айтқанда, республикамыз аймағындағы тарийхый орынлар, архитектуралық мәдений мийрас объектлери, имаратлар, қызықлы ўақыялар, ерисилген унамлы нәтийжелер, сондай-ақ, шаңарақ ағзалары ямаса дослары менен биргеликте түскен фото сүўретлерин атап өтсек болады. Флешмобтың әҳмийетли тәрепи сонда, бәрше жастағы пуқаралар, министрликлер, кәрханалар, шөлкемлер, оқыў орынлары, пуқаралар жыйынлары, шет елли мийманлар, елимизде жумыс алып барып атырған халықаралық шөлкемлердиң ўәкиллери қатнасыўы мүмкин. Сондай-ақ, мәмлекетимиздеги өзгерислер процесине өз үлесин қосып атырған пуқаралар, әпиўайы адамлар ҳаққында телевидение ҳәм де социаллық тармақлар ушын репортаж ҳәм сюжетлер таярлаў арқалы оларды жәмийетшиликке таныстырыў мақсетинде, «Арамыздағы қаҳарманлар» медиа жойбарын әмелге асырыў режелестирилген.

­ Ҳәрекеттиң аймақлық бөлиминиң баслығы, депутат сыпатында бирге ислесиўши шөлкемлерге қандай пикир билдиресиз?

­ Елимизде әмелге асырылып атырған реформаларға бийпәрўа болмаған барлық пуқараларды, бирге ислесиўши шөлкемлерди ҳәзирги техниканың раўажланған дәўиринде ҳәр қандай мағлыўматтың сол ўақыттың өзинде дүньяның қәлеген жерине тез жетип барыўын есапқа алып, шет еллерде жасап атыр­ған ўатанласларымызды, экономикамыздың раўажланыўына өз үлеслерин қосып атырған исбилерменлер жәмийетлери ҳәм мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң ўәкиллерин ҳәм де келешегимиз қурыўшылары болған жасларымыздың пикир-усыныслары тийкарында мәмлекетимизде бүгинги күнде әмелге асырылып атыр­ған реформалар әтирапында ықтыярлы түрде жәмлесип, биргеликте жумыс алып барыўға шақырып қаламан.

­ Мазмунлы сәўбетиңиз ушын рахмет!

Сәўбетлескен:

Қонысбай РЕЙМОВ,

өз хабаршымыз.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF