ОЙЛАНДЫРАРЛЫҚ МӘСЕЛЕЛЕР
Ҳақыйқатын айтыўымыз керек, жыл басында жәрияланған журналист Ө.Өтеўлиевтиң «Репетитор «билим», мектеп «аттестат» береди» («Еркин Қарақалпақстан», 2020-жыл, 9-январь) атлы мақаласына бир айға шекем ҳеш ким, соның ишинде халық билимлендириўи хызметкерлери де пикир билдирмеди.
Ал, 2020-жылдың 8-февралы күни усы газетада академик Ж.Базарбаевтың «Ойнап айтсаң да, ойыңдағыны айтасаң» атлы мақаласы жәрияланғаннан кейин, газета бетлеринде бир қатар пикирлер менен танысыў бахтына миясар болдық.
Деген менен »Еркин Қарақалпақстан» газетасында жәрияланған Ә.Еримбетов, А.Худайбергенов, К.Палымбетов, З.Исмайлова, М.Сайыпназарованың, «Устаз жолы» газетасындағы Т.Дәўлетмуратов пенен О.Сапарова ҳәм басқалардың мақалалары академик Ж.Базарбаевтың мақаласының Халық билимлендириў министрлиги хызметкерлерине «тийип» кеткенинен соң жазылғаны анық. Себеби, Ж.Базарбаевтың мақаласы жәрияланғаннан соң мобиль телефонлардың телеграмында 9-февраль күни еки мақала да пайда болды ҳәм пикир билдириў кереклиги еслетип өтилген еди.
Билдирилген пикирлердиң ишинде Ә.Еримбетовтың мақаласындағы пикирлердиң оғада қонымлылығына, айтқан пикирлериниң салдамлылығына қарап отырып, оның билимлендириў тараўындағы ой-өрисиниң кеңлигин байқап, сүйсинип те кеттик.
Ал, биз оқыған пикирлердиң гейпараларында (Т.Дәўлетмуратов, О.Сапарова) Ж.Базарбаевтың пикирлериниң өзлериниң пикирлерине үнлес екенлиги, лекин, «Еркин Қарақалпақстан» газетасына берилген пикирлериниң жәрияланбағанлығына наразылықлар ушырасты. Мақала авторларының гәпиниң рәмәўзине қарағанда, Ж.Базарбаев олардың газетаға берген пикирлерин өзлестирип алғандай сезилип тур. Олай болатуғын болса не ушын қайсы пикирин Ж.Базарбаевтың сөзбе-сөз көширип алғанлығы ҳаққында мағлыўмат берилмеген! Бул пикирди оқыў арқалы, мақала авторлары халқымыздың «жети өлшеп, бир кес» деген даналықларын ядтан шығарды ма екен деген де ойға барыўымызға туўра келди.
Және де бизди ҳайран қалдырған пикирлердиң бири, олардың институт питкериўшисиниң жумысқа кириў ушын арзаны алты мәрте жазғанлығын көрсетип өткенлиги болды (А.Худайбергенов). Бизди, усы орында еки нәрсе қызықтырады. Оның бириншиси «институтты жаңа питкерген питкериўши қалайынша бирден министрликке жумысқа алынады» деген ҳәм екиншиси «институт питкериўшиси мектепке жумысқа орналаспақшы болса, оның жанында министрликтиң хызметкери не қылып жүр, ямаса қәтереге барған ба!» деген сораў туўылады.
Бизиң пикиримизше, халық билимлендириўи тараўында ислеўши бул лаўазымлы шахслар арза, түсиник хат ҳәм тағы басқа да ис қағаз үлгилериниң жақынға шекем улыўма билим беретуғын мектеплердиң 9-класында ҳәм академиялық лицейлерде оқыўшыларға үйретилетуғынлығынан хабары жоқтай түйиледи. Институтта болса абитуриентлер ҳүжжет тапсырғанында оларға қолайлылықлар жаратыў ушын арзаның үлгилери жазыў столының алдында турады. Усы үлгиге қарап та арза жаза алмайтуғынлар ата-анасының ямаса «талап ислеп жүргенлердиң» көмеклеринен пайдаланып арзаны жазған болады. Арзаны жазған өзи болмаса да, «өзим жаздым» дегендей етип, арзаның астына қолын қояды. Соның ушын жас питкериўшиниң жумысқа кириў ушын алты мәрте арза жазғанлығына халық билимлендириўи тараўы хызметкерлериниң таңланыўы орынсыздай сезиледи.
Ал, педагогикалық институтлар ушын Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги тәрепинен тастыйықланған оқыў жобасы бойынша ана (қарақалпақ, өзбек, рус...) тили предмети тек ғана филология бағдарлары менен баслаўыш тәлим факультетинде өтиледи. Басқа факультетлерде ана тили пәни улыўма өтилмейди. Соның ушын да институт питкериўшиси арза жазыў мәселесинде улыўма билим беретуғын мектеплерде ҳәм академиялық лицейлерде алған билимлери менен шекленип қалады.
Институт питкериўшилери Халық билимлендириў министрлиги менен келисилип, районлық ҳәм қалалық халық билимлендириў бөлимлерине қараслы мектеплерге жумыс ислеў ушын жолланады. Институт питкериўшисине, жетерли дәрежеде педагогикалық стажға ийе болмағанлығы себепли министрликте жумыс ислеўи ушын жоллама берилмейди. Питкериўшиниң мектепке жумысқа кириўи ушын жанына министрликтиң лаўазымлы хызметкерлеринен бирин алып жүриўи де талап етилмейди. Егер де, питкериўши жетерли дәрежеде педагогикалық стажға ийе болып, алдынғы муғаллимлердиң қатарынан орын алып, министрликке жумысқа шақырылғанында, ол арзаны министрликтиң басқа хызметкерлериниң атына емес, министрдиң атына жазады.
Пикир билдирилип атырған еки мақала ҳаққында айтатуғын болсақ, республикамыз мектеплеринде оқыўшыларға тыянақлы билим бериў бойынша айтарлықтай жумыслардың исленгенлиги көзге тасланады. Билимли, өз кәсибиниң маманлары болған пидайы муғаллимлеримиз көпшиликти қурайды. Президент мектеби, инталы балалар ушын қәнигелестирилген мектеплер ашылып, жаңадан вариатив оқыў режелерине, халықаралық баҳалаў системаларына басқышпа-басқыш өтиў ислери қолға алынып атыр.
Деген менен, айырым ўақытлары билимлендириў тараўына болған итибарсызлық, тараўға дурыс басшылықтың болмаўы, кадрларды таңлаў ҳәм орны-орнына қойыў ислеринде жәриялылықтың жеткиликсизлиги жәмийетимизде тәлим системасына болған көзқарастың төменлеп кетиўине алып келди. Муғаллимлер ҳәм оқыўшылар аўыл хожалығы жумысларынан баслап көше сыпырыўға шекем тартылды, халықтан коммуналлық төлемлерди жыйнаў менен бирге қаладағы киши районлардың подъездлерин оңлаўға шекемги жумысларға жегилди. Оқытыўшының абырайы аяқ асты етилди, ол ҳәтте, фермерден де ғәрезли болып қалды. Пахта терип атырған студентлердиң басында жүргенимизде пенсионерлердиң үйлерине барып, «пенсияңды пластик карточка арқалы алыўға өте қойса ата, айлығымызды бермей атыр» деп жалынып келип турған муғаллимди де өз көзимиз бенен көргенбиз. Мектеп директорлары тәлим-тәрбия жумысларына басшылық етиўге қолы тиймей, басшылардың тапсырмаларын орынлаў менен бәнт болды. Айырым ўақытларда муғаллим мийнетиниң жемиси, бәркамал әўлад дәрежесинде тәлим ҳәм тәрбия алған оқыўшылары екенлиги де умытыла жазлап қалды.
Бизиң пикиримизше, репетиторлар нызамлы түрде ислеп атырған болса, оларды қоллап-қуўатлаў керектей сезиледи. Бирақ, репетитордың оқыўшыға қосымша билим беретуғынлығын ҳәм оқыўшының мектепте алған билимлерин тек ғана еки-үш предмет көлеминде тереңлестириўи мүмкин екенлигин ядтан шығармаўымыз керек. Сонлықтан да репетиторлық хызметин оқыўшыны ҳәр тәреплеме камалға келтириўди мақсет еткен улыўма билим бериўши мектеп пенен салыстырыў үлкен қәтешилик есапланады дегимиз келеди.
Арзы ПАЗЫЛОВ,
педагогика илимлериниң кандидаты, доцент, Қарақалпақстан Республикасы халық муғаллими,
Қалбай СЕЙТМУРАТОВ,
педагогика илимлериниң кандидаты, доцент.